Атап өтилиўинше, реже бойынша улыўма есапта 300 дана техника алып келиниўи белгиленген болып, бүгинги күнге шекем олардың 80 и толық жыйнап таяр ҳалға келтирилген. Ферғана ўәлаятының өзинде болса жәми 130 техниканы жыйнаў режелестирилген.
Жыйналып атырған бул заманагөй техникалар бир қатар абзаллықлары менен ажыралып турады. Бәринен бурын, пахтаны таза, сапалы ҳәм зыян жеткермей терип алады. Ең итибарлы тәрепи - бул техникалар бир ўақыттың өзинде 500 жумысшының жумысын орынлай алады. Бул болса пахта жыйын-терими мәўсиминде мийнет ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, инсан ресурсларына түсететуғын басымды азайтыў ҳәм соның менен бирге өним жыйын-териминиң жеделлигин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.
Сондай-ақ, бул техникалардың жанылғы жумсалыўы да әдеттеги техникаларға қарағанда әдеўир үнемли есапланады. Бул болса әмелиятта қәрежетлердиң сезилерли дәрежеде азайыўына алып келеди, дегени. Бул үнемлилик элементи экологиялық жақтан да әҳмийетли болып, аўыл хожалығы техникасының жасыл технологиялар принципине сәйкес түрде жетилистирилип атырғанынан дәрек береди.
Бул баслама тек ғана технологиялық жаңаланыў емес, ал кадрлар потенциалын арттырыў ҳәм илимий-әмелий интеграцияны тәмийинлеў көзқарасынан да оғада үлкен әҳмийетке ийе. Бундай қатнаслар арқалы аўыл хожалығында алдыңғы технологиялар енгизилип, тараў және де бәсекиге шыдамлы ҳәм экспортқа жарамлы өнимлер жетистириўге қаратылған күшли платформаға ийе болады.