Мәмлекетимиз басшысы фармацевтика тармағы адамлардың саламатлығына, халықтың турмыс сапасына, мәмлекеттиң экономикалық қәўипсизлигине тиккелей тәсир ететуғыны менен стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Кейинги жыллары тараўдың раўажланыўы ушын кең имканиятлар жаратылғаны атап өтилди. Атап айтқанда, өткен тоғыз жылда тараўға 1,8 миллиард доллар инвестиция киргизилип, 140 жаңа қуўатлық иске қосылған. Бүгинги күнде елимизде 300 ден аслам фармацевтика кәрханасы жумыс алып барып, олардың 58 и тиккелей дәри-дәрмақ ислеп шығарыў менен шуғылланады.
Нәтийжеде фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 3,5 есеге көбейип, 7 триллион 300 миллиард сумнан артты. Елимизде дәри-дәрмақ ислеп шығарыў 2 есеге артты. Өзбекстанда ислеп шығарылған фармацевтика өнимлери 55 мәмлекет базарына жеткерип берилмекте. Тараўдағы жумыс орынлары саны 40 мыңнан асты.
Улыўма, мәмлекетимизде дәри-дәрмақ ҳәм медициналық буйымлар базарының көлеми дерлик 2,5 миллиард долларға жетти.
Жуўапкерлер алдында фармацевтика тармағына усы жылы кеминде 1 миллиард доллар инвестиция тартыў, сырт елли компаниялар менен биргеликте сапа ҳәм жаңа қуўатлықларды иске қосыў арқалы 2030-жылға шекем ишки дәри-дәрмақлардың үлесин 70 процентке жеткериў, келеси бес жылда экспортты 1 миллиард долларға жеткериў ўазыйпалары турғаны атап өтилди.
Республикамызда 136 гектар майданда 5 фармацевтика санаат зонасы шөлкемлестирилип, олар ушын барлық инфраструктура жаратылған. Бирақ айырым аймақларда бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланылмай атыр.
Мәселен, 25 гектар майданды ийелеген Жиззақ фарма зонасында өткен жылы бирде-бир партия өним ислеп шығарылмаған. Бостанлық фарма зонасындағы 14 гектар жер майданы 2017-жылдан берли пайдаланылмай атыр. Сондай-ақ, өткен жылы Жиззақ ҳәм Самарқанд фармазоналарында бирде-бир кәрхана иске қосылмағаны, Бухара ҳәм Хорезм фармазоналарында инвестициялық жойбарлар жүдә аз әмелге асырылғаны атап өтилди.
Мәжилисте фармацевтика тармағындағы исбилерменлердиң усыныслары да көрип шығылды. Атап айтқанда, фармацевтика зоналары ушын белгиленген салық жеңилликлерин фармацевтика зоналары болмаған аймақларда жайласқан кәрханаларға да қолланыў мәселеси көтерилди.
Президентимиз бул усынысты қоллап-қуўатлап, фармацевтика тармақлары ушын бир қатар жаңа имканиятлар бар екенлигин мәлим етти.
Соның ишинде, усы жылы 1-апрельден баслап, қай жерде болыўына қарамастан, фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў, дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў бойынша жаңа жойбарлар үш жыл мүддетке жер салығынан азат етиледи. Жойбар басланғанынан кейин үш жыл даўамында пайда ҳәм мүлк салықлары да өндирилмейди.
Сондай-ақ, биологиялық актив қосымшалар ҳәм косметика ислеп шығарыўшылар ушын шийки зат, үскене ҳәм комплектлеўши бөлеклерди импорт етиў бажыдан азат етиледи. Фармацевтика кәрханаларына биологиялық актив қосымшаларды өз өндирис линияларында ислеп шығарыўға рухсат бериледи.
Енди 1-июльге шекем исбилерменлер ушын локализациялаў ушын усыныс етилген дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар дизими жәрияланады. Бул дизимдеги өнимлерди ислеп шығарыў жойбарлары ушын исбилерменлерге сырт ел валютасында 7 процентлик кредитлер ажыратылады.
Бар өнимлерди локализациялаўды тереңлестириўди режелестирген кәрханаларға Санаат кооперациясы қорынан 10 жылға шекем сырт ел валютасында 6 процент, миллий валютада 12 процент ставкада кредит бериледи.
Мәжилисте фармацевтика тараўындағы сырт ел компанияларын мәмлекетимизге тартыў ҳәм олар менен технологиялар трансферин жолға қойыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, импорт етилип атырған дәри-дәрмақлардың дерлик ярымы 34 сырт ел компаниясы тәрепинен ислеп шығарылмақта. Усы мүнәсибет пенен оларды Өзбекстанда ислеп шығарыўды шөлкемлестириўди хошаметлеў керек. Импорт пенен шуғылланып атырған ири кәрханаларға да социаллық жуўапкершиликти арттырыў ҳәм мәмлекетимизде бренд дәри-дәрмақларды ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша баслама көрсетиў усыныс етилди.
Бул процессти хошаметлеў мақсетинде кәрханалар тәрепинен сырт ел брендлеринен пайдаланғаны ушын төленетуғын роялти салығы 20 проценттен 5 процентке азайтылады.
Оригинал препарат жаратылғаннан соң 20-25 жыл өткеннен кейин басқа да фармацевтика компаниялары оны ислеп шығарыў ҳуқықына ийе болады. Бундай дәри-дәрмақларды өзлестириў ишки базарда баҳаны бир неше есеге арзанлатыў имканиятын береди.
Сол себепли жыл даўамында өтимли дәри-дәрмақ ислеп шығарыўды өзлестирген кәрханаларға Технологиялар трансфери қәрежетлериниң ярымы Фармацевтика тармағын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў қорынан қаплап бериледи.
Буннан тысқары, ең көп импорт етилетуғын 100 атамадағы дәри-дәрмақларды ислеп шығарыўды кеңейтиў мақсетинде «Tashkent Pharma Park» фармацевтика кластериниң майданы және 100 гектарға кеңейтиледи.
Мәжилисте фармацевтика өнимлерин экспорт етиў мәселелери де көрип шығылды. Тараў экспорты 220 миллион долларға жеткен болса да, оның тек ғана 14 миллион доллары дәри-дәрмаққа туўра келеди.
Бул бағдарда кәрханалардың жумысын халықаралық стандартлар тийкарында шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Бүгинги күнде 58 фармацевтика кәрханасының барлығы GMP миллий сертификатына ийе.
Енди олардың жумысын Европа GMP стандартларына муўапықластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
1-июньнен жергиликли кәрханалардың Euro GMP сертификатын алыў қәрежетлериниң 50 проценти Саўдаға көмеклесиў қоры есабынан қаплап бериледи.
Мәжилисте мәмлекетлик сатып алыўлар системасында жергиликли ислеп шығарыўшылардың қатнасын кеңейтиў мәселелери де көрип шығылды. Айырым кәрханалардың локализациялаў дәрежеси 30 процентке де жетпегенлиги себепли мәмлекетлик шөлкемлерге өним жеткерип бериў имканияты жоқ екенлиги атап өтилди.
Соның ушын локализация дәрежесине қарамастан, жергиликли ислеп шығарыўшы сертификатына ийе исбилерменлерге 1-сентябрьге шекем мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыўға рухсат бериледи.
Атап өтилгениндей, өткен жылы мәмлекетимизде 57 мыңнан аслам дизимнен өтпеген ҳәм контрафакт дәри қураллары анықланған.
Усы мүнәсибет пенен дәри-дәрмақ қуралларының нызамсыз саўдасы ҳәм сапасы гүманлы өнимлердиң айланысы ушын жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылған нызам жойбарын ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте орынларда илим ҳәм өндирис арасындағы айырмашылықты сапластырыў мәселеси де көтерилди.
Бүгинги күнде 6 тармақ илимий-изертлеў институтында 300 ден аслам илимпаз жумыс алып бармақта, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәр жылы 1 мыңға шамалас қәниге таярлайды. Бирақ илимий қолланбаларды әмелиятқа енгизиў жетерли дәрежеде жолға қойылмаған.
Бул бағдарда Химия ҳәм фармацевтика, вакцина ҳәм сывороткалар және Шығыс медицинасы институтлары негизинде Биофармацевтика миллий илимий-изертлеў институты шөлкемлестириледи. Ол «Tashkent Pharma Park» кластери аймағында жайласып, илимий изертлеўлерди тиккелей өндирис пенен байланыстырыў имканиятын береди.
Бағда клиникаға шекемги изертлеўлер лабораториясы, биологиялық ҳәм химиялық изертлеўлер орайлары, 250 орынлық халықаралық клиникалық изертлеўлер орайы шөлкемлестириледи.
Буннан тысқары, фармацевтика парки аймағында Ташкент фармацевтика институты ҳәм Фармацевтика техника университетиниң профессор-оқытыўшылары илимий жумыс алып барады. Студентлер дуаль билимлендириў тийкарында кәрханаларда оқыў ҳәм жумыс ислеў имканиятына ийе болады.
Кәрханалардың тартылған илимпазлардың қатнасыўында жаңа дәри қуралларын ислеп шығарыў жойбарлары ушын 100 мың долларға шекемги қәрежетлери қаплап бериледи. Жергиликли илимпазлар тәрепинен жаратылған жаңа препаратларды ислеп шығарыўды жолға қойған кәрханаларға оларды дизимнен өткериў ҳәм клиникалық сынақтан өткериў қәрежетлери ушын 100 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады.
Мәжилисте фармацевтика кәрханалары ўәкиллериниң усыныс ҳәм басламалары, жуўапкерлердиң мәлимлемелери тыңланды ҳәм белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.