Жумыс орынларында күш көрсетиў ҳәм зорлықларды анықлаў, оларды ислеген шахсларға тийисли илажлар қолланыў, жәбирленген шахсларды социаллық ҳәм ҳуқықый қорғаў бойынша ҳуқықый тийкарлар жоқ екенлиги, тәбийий түрде, бул нәзерде тутылған унамсыз жағдайлардың алдын алыўға да тосқынлық етеди.
Соннан келип шығып, Олий Мажлис Нызамшылық палатасында "Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам жойбары додаланды.
Атап өтилгениндей, енди пуқараларды қорғаўға қаратылған "мийнет ҳуқықларының теңлиги, мийнет ҳәм шынығыўлар тараўында кемситиў, басым ҳәм зорлық ислеўди қадаған етиў" принципи өзгертилиўи усыныс етилмекте. Сондай-ақ, кемситиў сыпатында баҳаланатуғын жағдайлар дизимине "тери реңи, шаңарақлық жағдайы, сиясий көзқараслары" менен байланыслы жағдайлар да киргизилмекте.
Мийнет процесинде басқа хызметкерге басым ҳәм зорлық ислеген ямаса қәўип салған хызметкерди жумыс бериўшиниң басламасы менен басқа жумысқа өткериў ҳәм мийнет шәртнамасын бийкарлаў әмелияты қолланылатуғыны белгиленбекте.
Сондай-ақ, жойбарда ислеп атырған ер адамлар перзентли болғанда, өмирлик жолдасына жәрдем бериў ҳәм басқа перзентлерине қарап турыўы ушын қысқа мүддетли дем алысқа шығыўына байланыслы нормалар усыныс етилмекте.
Усы күнге шекем миллий нызамшылығымызда бундай дем алыс нәзерде тутылмаған еди. Сол себепли еркеклер кәсиплик ҳәм шаңарақлық миннетлемелерин үйлесимли түрде әмелге асырыўға қыйынласқан ямаса өз есабынан дем алыўға мәжбүр болған. Бул болса шаңарақтың экономикалық жағдайына унамсыз тәсир етеди.
Жойбарға бола, жаңа перзент туўған аталардың өмирлик жолдасына жәрдем бериўи оның экономикалық жағдайына тәсир етпейди. Яғный, ата ықтыярлы түрде өзиниң арзасы менен белгиленген мүддетлерге дем алыўы ҳәм мийнет ҳақысын орташа айлық муғдарда сақлап қалыўы мүмкин.