Кеңес бағдарламасына түрли тараўларда Өзбекстан - Россия бирге ислесиўин раўажландырыўға қаратылған бир қатар илажлар киргизилген. Мәжилисте Ферғана ўәлаятының делегациясы да қатнаспақта.
Делегацияға ўәлаят ҳәкиминиң орынбасарлары Мирзоҳид Убайдуллаев ҳәм Нуриддин Мамажонов басшылық етип, мәжилис шеңберинде еки мәмлекет Саўда-санаат палаталары тәрепинен шөлкемлестирилген "Бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм раўажландырыў жоллары" темасындағы ушырасыўда қатнасты.
Илаж даўамында Ферғана ўәлаятының экономикалық ҳәм инвестициялық потенциалының презентациясы өткерилип, онда ўәлаят ўәкиллери өз-ара бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары, инвестициялық жойбарлар ҳәм россиялы шериклер менен өз-ара пайдалы байланысларды беккемлеў ушын имканиятларды таныстырды.











