Парижге рәсмий сапары ўақтында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Франция Президенти Эммануэль Макрон саўға еткен, белгили фотограф Пол Надар тәрепинен XIX әсир ақырында исленген сүўретти қабыл етип, мақтаныш пенен "Бул мениң Ўатаным!" деди.
Телевизор экранларында, интернет бетлери арқалы бул ўақыяны бақлағанлардың көпшилигин Президентимиз мақтаныш пенен "Бул мениң Ўатаным!" деп қабыл еткен сүўретте елимиздиң қайсы мәнзили сәўлелендирилгени, Пол Надардың ким екенлиги қызықтырыўы тәбийий.
Президент саўғасы Жиззақ ўәлаяты аймағындағы Нурата ҳәм Моргузар таў дизбеклерин бир-биринен ажыратып туратуғын Жылан өтти қыснағының ең тар жериндеги "Темир дәрўаза" деп аталатуғын тәбият естелигиниң фотосүўрети еди. Бул сүўретти Пол Надар буннан 135 жыл алдын - 1890-жылы Түркстанға саяхатшы сыпатында келген ўақтында түсирген.
Жәҳән фотографиясы тарийхында өлмес шығармалары менен из қалдырған уллы француз фотографы Пол Надар аты Орайлық Азия, атап айтқанда, Өзбекстан ушын оғада бийтаныс емес.
Фотография Пол Надардың ата мийрас кәсиби еди. Ол XIX әсирдиң уллы жазыўшылары, шайырлары, сиясий ғайраткерлери, философлары ҳәм данышпанларының фотопортретлерин жаратып, Надар лақабы менен дүньяға танылған француз фотографы Гаспар Феликс Турнашон шаңарағында 1856-жылы Парижде туўылған.
Пол Надар 1874-жилдан әкесиниң студиясында ислей баслайды. Ол 1890-жылиы Ташкентте өткерилген жәҳән фотокөргизбесине өз дөретпелерин қойыў мақсетинде Түркстанға сапар етеди.
Ол 18-августта Париждан шығып, Стамбул, Баку, Батуми ҳәм Тбилиси қалаларынан, Каспий теңизи арқалы өтип, "Шығыс экспресс" поездында ҳәм кейин ат арбаларда сол ўақытта Түркстан губерниясы аймағы болған Өзбекстанға жетип келеди. Еки ай даўамында Самарқанд, Бухара, Ташкент, Жиззақ ҳәм басқа да көплеген қалаларда болып, үлкениң күнделикли турмысы, естеликлери, тәбияты, темир жол қурылысы ҳаққында 1200 ге жақын сүўрет ҳәм портрет ислеген. Бул саяхаты себепли фотография тарийхында бириншилерден болып "Үлкен репортажлар" топламын жаратқан ҳәм Ташкентте өткерилген фотокөргизбеде қатнасқан еди.
Надар сол дәўир көриниси - мешитлер, базарлар, көшпелилер турмысы, ойнап жүрген балалар, саўдагерлер, жергиликли ҳәмелдарларды сүўретке алған, атап айтқанда, топламында Бухара әмириниң портрети бар. Сүўретлерде сәўлеленген орынлардың бүгинги көриниси пүткиллей өзгерген.
Бул өзгеристи "Темир дәрўаза"ның буннан бир жүз отыз бес жыл бурынғы сүўрети менен оның ҳәзирги көринисиндеги айырмашылық та анық сәўлелендирип тур. Надар сүўретке алған дәўирде дараның "дәрўазасы" әдеўир тегис болған, автомобиль тас жолы ҳәм темир жоллар ол ўақытта қурылмаған, Сангзар дәрьясы аңғары бир тегис бойлап созылған екен.
Және бир әҳмийетли өзгерис - тәбияттың мәңги жағдайы. Буннан жүз жыллар алдын жасағанлардың ҳеш бири жартасқа атын жазып, тәбияттың гөззаллығына зыян жеткермеген. Пол Надар усы сүўрети арқалы бизге соны да жеткерди.
Уллылардың уллылығы сонда, өзи өтип кеткеннен кейин де мийрасы әўладларға хызмет етеди. Пол Надардың фото репортажлары, фото портретлери, фото көринислери дәўирлер, әўладлар сүўретин дәўирден дәўирге, әўладтан әўладқа жеткерип келмекте.
Тарийх уллы фотографтың хызметлерин умытпайды. 2010-жылы Ташкентте Франция мәденият ҳәм мәлимлеме министрлиги ҳәм Өзбекстан Көркем өнер академиясы менен биргеликте "Пол Надар: Туркиядан Түркстанға 1890" көргизбеси ашылып, онда уллы фото сүўретшиниң Франция фото архивинде сақланып атырған негативлериниң түп нусқаларынан исленген, Орайлық Азия, атап айтқанда, Өзбекстанның бай әййемги мәдениятын сәўлелендиретуғын 70 фото сүўрети көрсетилген еди. Сол көргизбе себепли уллы француз фото сүўретшиси өзиниң шығармалары арқалы елимизге екинши мәрте келген еди.
Өзбекстан делегациясының Францияға рәсмий сапары даўамында еки мәмлекет басшылары өз-ара саўғалар алмасыўда өз халықларының тарийхына, мәдениятына үлкен ҳүрмет пенен уллы шахслардың бийбаҳа шығармаларын таңлаўы себепли елимиздиң бийбаҳа тәбияты сәўлеленген сүўрет елимизге келди. Президентимиз "Бул мениң Ўатаным!" деп мақтанғанындай, сүўретте сәўлеленген мәнзил елимиздиң тымсалларынан бири.
Усы жерде усы фото сүўретте сәўлелендирилген орын атамасы менен байланыслы бир анықсызлықты айтып өтиў керек. Бул тарийхый сүўретте сәўлелендирилген сийрек ушырасатуғын тәбийий естелик белгили Саҳыпқыран бабамыз Әмир Темурға ҳеш байланысы болмаса да, оны "Әмир Темур дәрўазасы", "Темурлан дәрўаза" деп атаў дәстүрге айланған. Президентимиздиң Парижге рәсмий сапарын сәўлелендирген сырт елдеги, ҳәттеки республикамыздағы айырым ғалаба хабар қураллары, әсиресе, социаллық тармақлар бул сүўрет түсирилген орын атамасын келтириўде усындай қәтеликке жол қойды.
Шығыс пенен Батысты байланыстырыўшы Уллы жипек жолында тәбият жаратқан бул дәрўазаның тарийхы барлық өткен уллы тулғалардың тарийхынан әдеўир ески болып, ол Әмир Темурды ҳәм оған шекем қанша басқыншыларды ҳәм уллы тулғаларды күтип алып, шығарып салған. Тарийхый шығармаларда, әййемги түркий жазыўларда бул жер "Темир қапқа", яғный "Темир дәрўаза" түринде жазып қалдырылған. Солай екен, оны "Әмир Темур дәрўазасы" түринде қолланыў надурыс. Керисинше, бул географиялық орынды өзиниң тарийхый аты менен атаў уллы бабамызға ҳүрметимизди ҳеш азайтпайды.
Кейинги ўақытларда бул қәте тарийхымыздан бийхабар сырт ел ғалаба хабар қуралларынан тысқары, өзбек тилиндеги айырым социаллық тармақ каналларында, коммерциялық рекламаларда ушырасып атырғаны оғада ашынарлы. Бундай жағдайларға бийпәрўа болмаўымыз, дүзетиўимиз керек.
Ташқул БЕКНАЗАРОВ,
ветеран журналист.