Мүрәжатта келтирилиўинше, Израиль аймағында қәўипсизлик мәселелери бойынша Фронт арты буйрығы тәрепинен арнаўлы ескертиўлер бериледи. Пуқаралардан усы белгиленген рәсмий көрсетпелерге қатаң әмел етиў соралды.

  • Қызыл реңдеги ескертиў - бул қәўипли жағдайды аңлатады. Бундай ўақытта сиз:
  • Жақындағы қорғалған жер (бомбоубежище/мамат) жанында болыўыңыз керек;
  • Ҳәрекетти шеклеўиңиз зәрүр;
  • Сирена еситилгенде, дәрҳал қорғалған жерге кириң ҳәм жаңа ескертиў берилгенге шекем усы жерде қалың.
  • Көк реңдеги ескертиў - қәўип өткенин ҳәм қорғалған орынды таслап кетиў мүмкинлигин билдириў ушын бериледи. Баспаналардың қасында қалыў шәрт емес.

Әҳмийетли: Ҳәр қандай жағдайда да, рәсмий уйымлардың көрсетпелерине әмел етиң ҳәм жақын әтираптағы баспана орынлары ҳаққында алдыннан мағлыўматқа ийе болың, - делинеди хабарда.