Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстан-Россия қатнасықларының өткен жылдағы жуўмақлары ҳәм 2026-жылға мөлшерленген бирге ислесиў режелерин додалады.
Бирге ислесиў бир қатар бағдарларда, соның ишинде, саўда-экономикалық тараўда унамлы пәтте раўажланып атырғаны атап өтилди: өткен жылдың жуўмақларына бола, мәмлекетлеримиз арасындағы товар алмасыў 11 процентке өсти.
Сондай-ақ, тәреплер быйылғы жыл ушын еки тәреплеме бирге ислесиўдиң күн тәртиби бай екенин ҳәм бир қатар еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме илажларды өткериўди нәзерде тутатуғынын атап өтти, деп Сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.
.