Ата-бабаларымыз әсирлер даўамында умтылып, гүрескен, керек болса жанын пидә еткен бийбаҳа байлықты халқымыз көздиң қарашығындай қәстерлеп-сақлап келмекте. Бул жолда қаншадан-қанша сынақларға дус келгенимиз де рас. Халқымыз ақыл-парасат, аўызбиршилик пенен асырымларды асып, дүньяда өз абырай-мәртебесин беккемлемекте. Сонлықтан да ғәрезсизлик байрамы биз ушын әзиз ҳәм қәдирли болып есапланады.
1991-жил 31-август. Бул биз ушын тек ғана сан емес - абырай, мақтаныш ҳәм еркинлик тымсалы. Усы сәнеде халқымыз әсирлик әрманы - Ғәрезсизликке еристи.
Бүгин бир ҳақыйқат ҳәммеге белгили, Өзбекстан суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет, халықаралық ҳуқықтың тең ҳуқықлы субъекти, миллионлаған инсанлардың сүйикли Ўатаны. Жақсы қоңсы, ҳадал ҳәм исенимли бирге ислесиўши, инвестициялық тартымлы, тез раўажланып атырған мәмлекет.
Азат ҳәм абат елимиз миллий ғәрезсизлигимиздиң отыз төрт жыллық даңқлы сәнесин күтип алмақта. Бул байрамды Жаңа Өзбекстанның раўажланыў дәрежесине, жәҳән майданындағы абырайына мүнәсип тәризде, жоқары дәрежеде белгилеў мақсетинде Президентимиздиң "Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.
- Бүгин ҳеш бир гүмансыз айтыўымыз мүмкин, дүнья қәўетерли. Онда болып атырған процесслерди көрип, ғәрезсизлигимизди қәстерлеп сақлаў, оның қәдирине жетиў ҳәр қашанғыдан да машақатлы болып атырғанын сезип атырмыз, - дейди Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының басшысы Отабек Ҳасанов. - Кейинги сегиз жылда жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды бақлар екенбиз, барлық тараўларда түпкиликли өзгерислердиң гүўасы боламыз. Соның ишинде, 8 жыл алдын басланған кең көлемли реформалар себепли жәмийетимиздиң жәмийетлик-сиясий көриниси пүткиллей өзгерип бармақта. Қысқа мүддетте мәмлекетимиз экономикасы жедел өсип, жалпы ишки өним көлеми тарийхта биринши мәрте 110 миллиард АҚШ долларынан артты, "жасыл" ҳәм инновациялық экономикаға өтиў, альтернатив энергия дәреклерин жаратыў бойынша үлкен бағдарлама ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта.
2017-жылы мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 27 процентти қураған болса, бүгин 77 процент, жоқары билимлендириўге қамтып алыў болса 49 процентти қурамақта.
Тан алыў керек, алдын ғәрезсизлик ҳаққында байрам алдында сөйлесетуғын едик. Бүгин жыл бойы - 365 күн сөйлесип атырмыз. Себеби, ғәрезсизлик миллети, дини, исенимине қарамастан ҳәммени бирлестиретуғын байрам. Себеби, инсан өзлигин көрсетиўи, өмирде өз орнын табыўы, өзи умтылып атырғанындай турмыс кешириўиниң биринши шәрти ғәрезсиз болыў болып табылады. Ғәрезсиз инсан сыяқлы ғәрезсиз мәмлекет те өз тәғдирин өзи шешеди. Раўажланыў жолын өзи белгилейди.
Қарарда елимизде әмелге асырылып атырған избе-из реформалардың мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў, байрам илажларын көтериңки руўхта өткериў бойынша барлық илажлар белгиленди.
Егер есап-санақ ететуғын болсақ, өткен қысқа ўақыт ишинде мәмлекетимизде үлкен нәтийжелер атап өтилди. Өзбекстанның дүньяға ашылғаны, жақын қоңсылар менен тарийхый байланыслардың тикленгени, халықаралық көлемде үлкен басламаларды исенимли алға қойып атырғаны, көп миллетли халық Президент әтирапында бирлесип, исенимли қәдем таслап атырғаны усылардың қатарына киреди.
Быйылғы байрам салтанатлары "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" деген бас идеяны өзинде жәмлегени де үлкен мәни-мазмунға ийе. Қарарға муўапық, бул байрамды мүнәсип белгилеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Бас министри басшылығында республикалық комиссия дүзилди ҳәм оның қурамы тастыйықланды.
Байрам алдынан орынларда ғәрезсизликтиң елимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў бағдарындағы әҳмийетине бағышланған руўхый-ағартыўшылық әнжуманлар, ашық пикирлесиў ҳәм сәўбетлер, әдебий-көркем кешелер, миллий кино күнлери, улыўмахалықлық сейиллер, мәденият ҳәм спорт илажлары шөлкемлестириледи.
- Салтанатлы илажларда әдебиятымыз, көркем өнеримиздиң барлық бағдарлары қатарында кино тараўының ўәкиллери де мүнәсип қатнасады, - дейди Кинематография агентлиги директоры ўазыйпасын атқарыўшы Шуҳрат Ризаев. - Биз кейинги жыллары заман талабына жуўап беретуғын онлаған көркем, ҳүжжетли, анимациялық фильмлер жараттық. Усы күнге шекем тараўда таңлаўлар жәрияланса, тек ғана 40-50 адам талабан болатуғын еди. Быйыл болса олардың саны 400 ге жетти. Әне усы таңлаўлар нәтийжесинде 50 ден аслам жойбар таңлап алынды. Қуўанышлы тәрепи, булардың барлығы елимизде алып барылып атырған реформаларды өзинде жәмлеген сценарийлер болып есапланады. Мәселен, социаллық қорғаў, спорт, билимлендириў, исбилерменлик, инвестиция, "жасыл экономика" сыяқлы онлаған мәселелер бул фильмлеримиздиң темасына айланбақта.
Өзбекстан барған сайын инсан қәдири, оның ҳуқықлары менен мәплери улығланатуғын социаллық мәмлекетке айланып атырғаны, кәмбағаллықты қысқартыў, жәрдемге мүтәж категорияларды қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў, заманагөй жумыс орынларын көбейтиў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар үлкен унамлы нәтийжелер берип атырғанын ҳәр биримиз турмысымыз мысалында көрип, сезинип турмыз. Халқымыздың санасындағы өзгерислер, жаңаланыў процесслери шөлкемлестирилетуғын байрам бағдарламаларында өз көринисин табады.
Аўа, ғәрезсизлик бизге өз күшине, билимине сүйениўди, үлкен шеклерди гөзлеп ҳәрекет етиўди, аўызбиршиликте уллы ислерди әмелге асырыўды үйретти. Реформалар инсан ушын деген шақырық сиясаттың өзегине айланды. Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәлимлеме технологиялары, спорт тараўларында усы ўақытқа шекем атап өтилмеген нәтийжелерге ерисилмекте.
Бир ғана Париж Олимпиадасы ҳәм Паралимпиадасында спортшыларымыз биринши мәрте күшли он бесликтен орын алғаны, футбол бойынша миллий сайланды командамыз Өзбекстан тарийхында биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизгени мине усы пикирлеримиздиң дәлийли болып есапланады.
Сонлықтан, байрамға байланыслы шөлкемлестириў процесслеринде ул-қызларымыздың түрли тараўлардағы жетискенликлери, қала ҳәм аўылларымыз жедел пәтлер менен абат болып атырғаны, көп миллетли ҳәм конфессиялы жәмийетимиздеги тынышлық, өз-ара дослық ҳәм аўызбиршилик, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырыў бағдарындағы реформалар айқын мысаллар менен сәўлелендириледи.
Дөретиўши ушын миллеттиң раўажланып атырғаны, халықтың арзыў-нийетлери әмелге асып атырғанын көриў, оны жырлаў шынында да үлкен бахыт. Дөретиўшилер ушын ең әзиз тема - Ўатан, ең әзиз сөз - еркинлик ҳәм Ғәрезсизлик! Быйылғы байрам салтанатлары да дөретиўшилерге жаңаша мақтаныш ҳәм қуўаныш бағышлайды. Себеби, олар арасында "Ана дияр - реңлер жилўасында", "Ўатан ушын жасайық!", "Ең уллы, ең әзиз" сыяқлы дәстүрий, сондай-ақ, елимиз ғәрезсизлигин жырлаўшы ең жақсы қосық ҳәм музыка шығармалары таңлаўларының жуўмақлаўшы басқышы өткериледи.
Бул таңлаўлардың жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери ғәрезсизлик байрамы алдынан жәрияланып, салтанатлы түрде сыйлықланады.
Ғәрезсизлик - бийбаҳа байлық. Бул - ата-бабалардың әрманы, келешек әўладлардың мақтанышы, миллет менталитетиндеги қәдирият.
Сонлықтан, жылдан-жылға бул байрамның мәнис-мазмуны, қәдири де артып бармақта. Себеби оны беккемлеўде, ғәрезсиз мәмлекетимизди және де раўажландырыўда усы елде жасап атырған ҳәр бир инсанның мүнәсип үлеси бар.
Аўа, өткен ҳәр бир күн бизди ең уллы, ең әзиз байрамымызға жақынластырмақта. Өткен жылларда мәмлекетимиз басып өткен табыслы жылларға нәзер таслаў ҳәр биримизге мақтаныш бағышлайды.
Жуўмақлап айтқанда, бул қарар ҳәр биримизди 34 жыл алдынғы тарийхқа бир мәрте терең нәзер таслаўға, ғәрезсизлик жуўапкершилигин тереңирек аңлаўға, елимиздиң раўажланыўына және де көбирек үлес қосыўға шақырады. Бул имканият ҳәр биримизде бар.
Лутфулла СУВОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы