"Қаҳарманлар ҳәр қыйлы болады: биреўи қутқарыўшылар формасында, биреўи шыпакерлер халатында, биреўи арнаўлы кийимде. Бүгин Хайрулло Ибадуллаев пенен ушырастым. Бул иси ушын оған рахмет айтпақшыман - ол ҳақыйқатында да еркек жигит. Оның қаҳарманлық тарийхын пүткил қаламыз биледи. Ол өз жанын қәўипке қойып, терезеден түсип кеткен 7 жасар баланы услап алған. Жарақат алған, бирақ баланы аман алып қалған. Оған бийпәрўа емеслиги, жәрдемге таярлығы ҳәм адамгершилиги ушын айрықша итибар белгисин тапсырдым", - деп атап өтти Александр Беглов.

Ўақыя 22-февраль күни жүз берген. Көп қабатлы турақ жайдың ҳәўлисинде жумыс ислеп атырған Хайрулло ашық айнаның алдында ойнап атырған баланы өз ўақтында көрип қалды. Бала жулқынып кетти, көше тазалаўшы оны услап алып, жығылыўын жумсартты. Хайрулланың жедел ҳәм пидайы ҳәрекети себепли бала тири қалған ҳәм тез ўақыт ишинде емлеўханаға алып келинген.

Хайрулло Ибадуллаев тазалаў компаниясында 2025-жылдың декабрь айынан берли жумыс алып бармақта. Ол Оренбургтан Петербургқа көшип келип, көшелерди тазалаў менен де шуғылланады. Оның шаңарағы - өмирлик жолдасы ҳәм 4 перзенти Өзбекстанда жасайды.

Ер адамның пидайылығы Ўатанында да тән алынды Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев оны "Жасорат" медалы менен сыйлықлады. Буннан тысқары, Хайрулло Тигран Кеосаян атындағы сыйлықтың лауреаты болып, оған бир миллион рубль муғдарында ақшалай сыйлық тапсырылды.