Егер инженерлик кәсиби болмағанда, турмысымызды жеңиллестириўши қурылмалар, техникалық қураллар да жаратылмаған болар еди. Инженерлер усы мәнисте де дөретиўшилер, адамлардың турмысын жеңиллестириўши кәсип ийелери сыпатында қәдирленеди. Соның ушын елимизде экономика тармақларының ҳәзирги ҳәм келешектеги талабына сәйкес түрде техника ҳәм инженерлик бағдарларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Жоқары билимлендириўге қосымша квоталар берилмекте.

Усылардан келип шыққан ҳалда енди алдынғы инженерлерди таярлаў бағдарындағы жумыслар және де жетилистириледи. Соның ишинде, Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасында 14 аймақта инженерлик мектеплери шөлкемлестириледи. Усы жылдың 9-сентябрь күни Президентимиздиң басшылығында мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўи тараўындағы реформалардың орынланыўы ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул ҳаққында айтып өтилди. Буннан кейин "Жаңа әўлад инженерлерин таярлаў ҳәм инженерлик билимлендириўин раўажландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы қарарға да қол қойылды.

Ҳүжжетте бул мектеплерге оқыўшылар таңлап алыныўы ҳәм мәмлекетлик бюджет есабынан оқытылыўы көрсетилип, оларда "Жаңа Өзбекстан" университети ҳәм Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мектеп тәжирийбеси тийкарында инженерлик билимлендириў бағдарламасы енгизилетуғыны көрсетилген. Не ушын?

- Себеби бул мектеплерге кадрларға талап жоқары тараўларға маман қәнигелер таярлаўдың басланғыш буўыны сыпатында қаралады, - дейди Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги басқарма баслығы Саид Аширов. - Солай екен, бул мектеплерде балалар айрықша билимлендириў шараятында оқытылыўы керек. Инженерлик мектеплерине улыўма орта билим бериў мәкемелериниң математика, логикалық пикирлеў, информатика ҳәм инженерлик бағдарлары бойынша қәбилети бар 6-класс питкериўшилери таңлап алынады. Олардың техника тараўындағы қәбилетин раўажландырыўымыз, әмелиятта көзин жетилистириўимиз, билимлерин арттырыўымыз зәрүр. 1 ҳәптеде 12 саатлық жүклеме бойынша оқыўшылар сабақтан кейин "Жаңа Өзбекстан" университети профессор-оқытыўшылары тәрепинен оқытылмақта. Сондай-ақ, олар заманагөй лабораториядан пайдаланады, ҳәр қыйлы жойбарларда қатнасады. Соның ишинде, 2025-2026-оқыў жылынан баслап Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мектепте тәжирийбе-сынақ тәризинде "Жаңа Өзбекстан" университети менен өз-ара интеграцияласқан оқыўшыларды инженерлик тийкарларына үйретиў бойынша билимлендириў бағдарламалары енгизилди. Қәнигелестирилген мектептиң оқыў процеси 5 жыллық бағдарламалар тийкарында SТЕМ модели бойынша шөлкемлестириледи. Дәслепки 3 жылда үстинлик оқыўшыларда физика, математика, информатика ҳәм инглис тили бойынша фундаментал билимлерди қәлиплестириўге, кейинги 2 жылда болса инженерликке басланғыш таярлықты тәмийинлеўге қаратылады. Инженерлик билимлендириў бағдарламалары "Жаңа Өзбекстан" университети бакалавриат билимлендириў бағдарламалары менен өз-ара интеграцияланып, сабақлар инглис тилинде алып барылады. "Жаңа Өзбекстан" университети тәрепинен қәнигелестирилген инженерликке басланғыш таярлық пәнлерин муўапықластырыў ушын академиялық директор бириктириледи.

Бундай имканиятлар тараўға қызығыўшылығы болған ҳәр қандай жасты оқып-үйрениўге, излениўге ийтермелейди. Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мектеп директоры Шерзод Худойқулов пенен сәўбетте болса бул системаның қаншелли әҳмийетли екени ҳаққында пикирлестик:

- Инженерлик мектеплери, бәринен бурын, жас әўладты ерте басқыштан-ақ физика, математика, информатика ҳәм инглис тили пәнлерине терең қызығыўшылық пенен қатнас жасаўға, инженерлик пикирлеўди қәлиплестириўге бағдарлайды. Бул арқалы оқыўшыларымыз тек теориялық билимлер емес, ал әмелий көнликпелерди де ийелеп, инновациялық пикирлейтуғын, технологиялық жаңалықларды жаратыўға уқыплы қәнигелер сыпатында камалға келеди. Нәтийжеде заманагөй билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе жергиликли инженерлер жетисип шығады. Бул болса сырт ел қәнигелерине байланыслылықты азайтады. Инновация ҳәм илимий изертлеўлер раўажланады - оқыўшылар жаслығынан инженерлик пикирлеў, жойбар ислеп шығыў сыяқлы көнликпелерди ийелейди. Бул келешекте стартаплар ҳәм инновациялық кәрханалардың көбейиўине себеп болады. Ең әҳмийетлиси, экономиканың реал секторы ушын қәнигелер резерви жаратылады. Яғный, энергетика, IТ, машина қурылысы, қурылыс ҳәм телекоммуникация тараўларында жергиликли кадрлардың саны артып, мәмлекеттиң ишки потенциалы беккемленеди. Қалаберди, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясы күшейеди. Университет ҳәм мектеп арасындағы байланыс болса жаслар билимлендириўи менен өндирис талаплары арасындағы үзилисти сапластырады.

Инженерлик мектеплери тараўда қәнигелердиң жетиспеўшилигин сапластырады. Әмелий бағдарланған билимлендириў системасы себепли оқыўшылар теориялық билимди турмыста қолланыўды үйренеди. Өзимизде жоқары сапалы инженерлик билимлендириўи болса, көплеген қәбилетли жаслар мәмлекетте қалады. Жаңа әўлад инженерлери санлы экономика ҳәм "жасыл" технологияларды раўажландырады. Усы мәнисте де бул баслама Өзбекстанды жаңа индустриаллық басқышқа алып шығатуғын тийкар болып есапланады.

Егер мектеплерде билимлендириўдиң сапасы жоқары дәрежеде жолға қойылса, педагоглар ҳәм университет арасындағы бирге ислесиў беккем болса, бул система тек ғана билимлендириў тараўы емес, ал пүткил миллий экономика ушын стратегиялық бурылыс ноқатына айланады. Бул дәргайлар жаңа Өзбекстан инженерлери әўладын қәлиплестиретуғын тәжирийбе мектеби болады. Жуўмақлап айтқанда, инженерликке қәнигелестирилген мектеплердиң шөлкемлестирилиўи билимлендириў тараўындағы әпиўайы жаңалық емес, ал Өзбекстанның келешектеги раўажланыўына қаратылған стратегиялық инвестиция болып есапланады. Себеби, бүгинги оқыўшылар ертеңги инженерлер, ойлап табыўшылар ҳәм илимий жаңалықлар жаратыўшылары болып табылады. Солай екен, биз муғаллимлер, ата-аналар ҳәм жәмийет сыпатында оларды қоллап-қуўатлап, илимге, мийнетке ҳәм жаңалыққа хошаметлеўимиз зәрүр.

Инженерлик мектеплеринде мәжбүрий әмелият жолға қойылады. Питкериўшилер қай жерде жумыс ислеўи мүмкин болса, сол шөлкемлерде әмелият шөлкемлестирилиўи мақсетке муўапық. Себеби, оқыўшы - болажақ инженер реал жумыс орталығын көрип өседи, нелерди терең үйрениўи керек екенлигине қарап қарар қабыл етеди. Себеби өзине исеними болмаса, тараўда ислей алмайды. Бирақ, инженерлик мектебин питкерди, дегени усы тараўда ислеўи керек, дегени емес. Әмелият ўақтында өзин усы тараўда көре алмаса, қызығыўшылығын ояндыра алмаса, оқыўшы басқа жоқары оқыў орынларын таңлаўы мүмкин. Себеби, бағдар таңлаў ҳәр кимниң өз ҳуқықы. Бирақ инженерлик мектеплери оқыўшылары жоқары оқыў орнының 1-басқышында оқыўы керек болған билимлерди 10-11-класта оқып болады. Яғный керекли болған кредит балын топлай алады. Соның ушын да олар жоқары оқыў орнына 2-курстан қабыл етиледи. Бул болса билимлендириў системасындағы жаңалықлардан бири болып тур.

Жуўапкерлердиң атап өтиўинше, ўәлаятларда да тап усындай тәртипте исленеди. Ҳәр бир аймақтағы техника жоқары оқыў орынларына жаңа түрдеги билимлендириў мәкемелери бириктирилген. Келеси оқыў жылынан барлық аймақларда инженерлик мектеплери жумыс баслайды. Оған шекем қурылыс, оңлаў, үскенелеў, оқытыўшыларды сайлап алыў жумыслары алып барылады. Қалаберди, жоқары билимлендириўде сабақ беретуғын профессорлардың мектеп жасындағы бала менен ислей алыў шеберлиги үйренилип, талланыўы керек. Әлбетте, жаңа система, жаңа механизмди жолға қойыўда өзине тән қыйыншылықлар болады. Жоқары оқыў орынларының бағдарынан келип шығып оқыў бағдарламасы, оқыў режеси ислеп шығылыўы керек.

Айтпақшы, енди улыўма билим бериў мектеплеринде "Алдынғы инженерлик мектеби" миллий таңлаўы өткериледи. Итибар берсеңиз, ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орнына сертификат жеңиллиги бойынша кириў бойынша ең жоқары көрсеткиш филология, тиллер бағдарлары болып турыпты. Инженерлик бойынша болса бул көрсеткиш жүдә төмен. Усы көзқарастан, математика, химия, биология бағдарында таңлаўлар шөлкемлестирилип, жеңимпаз болған мектеп жәмәәтин сырт елге билимлендириў сапарына жибериў нәзерде тутылмақта. "Ең жақсы шет тили муғаллими" таңлаўы жолға қойылғаннан соң, жаслар арасында шет тилин үйрениўге қызығыўшылық артқанынан келип шықсақ, жаңа таңлаў да жүзлеген болажақ инженерлерди ашыўы тәәжип емес. Жеңимпаз мектеплер ушын 1 миллиард қаржы ажыратылып, инновациялық минитехнопарк қурыў нәзерде тутылып атырғанынан да мине усындай жасларды дөретиўшиликке үйретиў мақсет етилген. Себеби, олар өз үстинде көбирек ислеўи, идеясын әмелде сынап көриўи ушын дөретиўшилик орталық, жетерли шараят керек болады. Бул болса тараўды раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Мағлыўматларға қарағанда, дүньяның алдынғы мәмлекетлеринде, атап айтқанда, Германия, Франция, Швеция сыяқлы мәмлекетлерде инженер болыўды қәлеген студентлер заманагөй технологиялар тийкарында оқытылады, олардың әмелий таярлығы өндирис пенен үйлестирилген болады. Европадағы көплеген жоқары оқыў орынларында студентлер оқыў менен бир ўақытта реал өндирис кәрханаларында әмелият өтеп, заманагөй қурылыс усыллары, әҳмийетли бағдарлар менен жақыннан танысып барады.

Улыўма алғанда, ҳәр бир сабақта әмелиятқа үлкен итибар қаратылады. Несип етсе, кейинги жылдан өзимизде де усындай система жаратылады ҳәм келешегимиз келешеги ушын хызмет етеди. Бүгин қурамында 201 қәнигелестирилген, 14 Президент, 9 дөретиўшилик, 2 спорт, 1 Ал-Беруний мектеби және 3 жоқары билимлендириў мәкемеси болған Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасы 2028-жылға шекем 13 инженерлик, 7 Ибн Сино, 4 Ал-Хорезмий мектеби менен және де кеңейеди.

Муножат МУМИНОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы