Инвестициялық жумыс заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылады

    23 тамыз 2025 1206

    "Заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылатуғын инвестициялық жумысты тәртипке салыў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-255-санлы, 21.08.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, 2025-жыл 1-октябрьден 2026-жыл 1-октябрьге шекем инвестиция платформаларынан "Ретлестириў қумханасы" арнаўлы ҳуқықый режиминде төмендеги бағдарларда пайдаланыўға рухсат бериледи:

    баҳалы қағазларды жайластырыў ҳәм сатып алыўда;

    венчур ҳәм пай фондларын қаржыландырыўда;

    коммандит ширкетлерге үлес киргизиўде.

    Инвестиция платформалары операторы ушын төмендеги талаплар белгиленди:

    резидент юридикалық шахс статусына ийе болыўы;

    ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен жүргизилетуғын арнаўлы электрон реестрге киргизилген болыўы;

    өз жумысын ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен белгиленетуғын қағыйдаларға муўапық әмелге асырыўы;

    инвестиция платформасы арқалы рәсмийлестирилген шәртнамалар реестрин жүргизиўи.

    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates