Қарарға бола, 2025-жыл 1-октябрьден 2026-жыл 1-октябрьге шекем инвестиция платформаларынан "Ретлестириў қумханасы" арнаўлы ҳуқықый режиминде төмендеги бағдарларда пайдаланыўға рухсат бериледи:

баҳалы қағазларды жайластырыў ҳәм сатып алыўда;

венчур ҳәм пай фондларын қаржыландырыўда;

коммандит ширкетлерге үлес киргизиўде.

Инвестиция платформалары операторы ушын төмендеги талаплар белгиленди:

резидент юридикалық шахс статусына ийе болыўы;

ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен жүргизилетуғын арнаўлы электрон реестрге киргизилген болыўы;

өз жумысын ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен белгиленетуғын қағыйдаларға муўапық әмелге асырыўы;

инвестиция платформасы арқалы рәсмийлестирилген шәртнамалар реестрин жүргизиўи.