Самарқанд қаласындағы Конгресс орайында сырт ел базарлары ушын халықаралық стандартларға жуўап беретуғын кең түрдеги жоқары сапалы өнимлер көргизбеге қойылған.
Жоқары мәртебели мийманға таў-кән, фармацевтика, химия, тоқымашылық, зергерлик санааты, аўыл хожалығы ҳәм мәлимлеме технологиялары сыяқлы тараўлардағы технологиялық басқышлар, өндирис қуўатлықлары, инновациялар ҳәм қолланылып атырған ең алдынғы үскенелер ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Экспозициядан жоқары қосымша қунға ийе таяр санаат өнимлериниң үлгилери: дәри қураллары, медициналық әсбап-үскенелер, минерал төгинлер, тоқымашылық, трикотаж ҳәм зергерлик буйымлары, өнерментшилик өнимлери, IТ шешимлери ҳәм басқалар орын алған.
Иордания жетекшиси Өзбекстан өнимлери ҳәм санаат потенциалын жоқары баҳалады. Мәмлекет басшылары жетекши кәрханалар кооперациясын кеңейтиў, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм технологиялар трансферин әмелге асырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.