Және бир қаҳарманымыз болса Кегейли районында жасайтуғын Убайдулла Алламуратов. Ол 40 жылдан берли үйиниң ҳүжжети болмағаны ушын қаншадан-қанша сергизданлықты басынан өткерди. Әмиўдәрьялы Зияда Бабажанова да салып алған турақ жайы менен байланыслы мәселеде машқалаларға дус келип атырған еди.

Жыллар даўамында аўыр ноқатымыз болып келген бундай мәселелерге нызамшылық тийкарында шешим табылғаны ўатанласларымызды қуўандырмақта.

Ҳәзирги ўақытта "Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы нызамның орынланыўы бойынша Мәмлекетлик кадастрлар палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның районлық, қалалық филиаллары тәрепинен кең көлемли хатлаў жумыслары өткерилмекте.

- Қанлыкөл районы "Алтынкөл" аўыл пуқаралар жыйынында 24 жылдан берли жасайман. Турақ жайымыздың кадастр ҳүжжети болмаған, - дейди Тамара Жумамуратова. - Артықша әўерегершилик, қағазпазлықлар себепли машқалаға дус келгенбиз. Үйимизди ҳәм қыйтақ жеримизди нызамластырыўда қыйналдық. Кадастр хызметкерлери келип үйренди. Ҳәзир үйимиз кадастр дизиминен өткерилмекте. Буннан шексиз миннетдармыз.

Нызамның орынланыўын тәмийинлеў ушын аймақларда жәми 175 хызметкер тартылған. Буннан тысқары, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында жумысшы топар дүзилген. Олардың жәрдеминде 2025-жылы 166 мәҳәлледе хатлаў өткериледи. Орынлаў болса әллеқашан басланып, нәтийжели көрсеткишлерге ерисилмекте. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытқа шекем 48 мың 498 көшпес мүлк объекти хатлаўдан өткерилди. 34 мың 277 объект ҳаққындағы мағлыўмат UZKAD мәлимлеме системасына жүкленди. Және 18 мың 640 объект мағлыўматлары “E’tirof” автоматластырылған системасына өткерилди. Додалаў процесинде болса 14 мың 992 объект турыпты. Кадастр агентлигиниң рәсмий kadastr.uz сайтында ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында 2401 объект ҳаққында мағлыўмат жәрияланған. 561 объект Әдиллик уйымлары тәрепинен үйренилип атырған болса, 23 и бойынша комиссия мүлк ҳуқықын тән алыўдан бас тартқан.

Сондай-ақ, 142 көшпес мүлк дүзетиў процесинде, 176 объект ийелериниң нызамда көрсетилген бир мәртелик төлемлерди төлеўи күтилмекте, 54 көшпес мүлк бойынша ҳуқықларды тән алыў мәселеси депутатлар кеңесиниң қарарларына киргизилген.

- Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармаларының қәнигелери 2025-жылы Нөкис қаласының өзинде 28 мәҳәлледе хатлаў өткериўи белгиленген. Усы жылдың август айы жағдайына бола, 6105 көшпес мүлк объекти хатлаўдан өткерилген. Процессте 1584 объект “E’tirof” мәлимлеме системасына киргизилди ҳәм 3786 объект ҳаққындағы мағлыўмат UZKAD мәлимлеме системасына жүкленди. Соның менен бирге, додалаў процесиндеги объектлер де көп, - дейди Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Сардор Орынбаев. - Әҳмийетлиси сонда, хатлаў, ҳүжжетлестириў процесинде халқымыздың көзинде қуўанышты көрип атырмыз. Олар мине усындай үлкен унамлы өзгеристен қуўанышлы.

Президентимиздиң 2023-жыл 28-июльдеги "Қарақалпақстан Республикасы халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы пәрманы тийкарында қала ҳәм районларда кадастр ҳүжжетлери жоқ жәми 27 мың 590 турақ жайға ийелик етиў ҳуқықы берилди. Оларға кадастр паспортлары таярланып, мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Бул баслама халықтың жыллар даўамында шешимин күтип атырған машқаласын шешти. Ийгиликли жумыслар избе-из даўам еттирилип, 2024-жыл 5-август күни "Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы нызам қабыл етилген еди. Усы нызам тийкарында Қарақалпақстан Республикасында 291 шаңарақ мүлк ҳуқықын алды.

Бул өзгерислер халықтың мәпин, мүлк ҳуқықын нызамлы тийкарда тән алыў арқалы инсан қәдирин улығлаўға қаратылған. Турақ жайға нызамлы ийелик етиў имканияты ҳәр бир пуқараға тыныш ҳәм парахат турмыс кешириўге тийкар жаратпақта. Бул болса ертеңги күнге, мәмлекеттеги үлкен реформаларға болған беккем исеним дегени.

Минажатдин Қутлымуратов,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы