Усы жағынан, Президентимиздиң басшылығында 15-январь күни Сыртқы ислер министрлиги ҳәм сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалардың жумысына бағышланған видеоселектор мәжилиси тек ғана тараўда исленген жумысларға қалыс баҳа бериў емес, ал келеси дәўир ушын анық ҳәм әмелий ўазыйпаларды белгилеп алыў көзқарасынан да үлкен әҳмийетке ийе болды. Мәмлекетимиз басшысы сыртқы сиясатта сын көзқарастан таллаў ҳәм жаңаша қатнаслар зәрүр екенлигин атап өтип, дипломатиялық хызметтиң алдына анық нәтийжеге қаратылған талапларды қойды.
Өткен жыллардағы жумыс жуўмақланып, ҳақылы түрде тән алынғанындай, 2025-жыл Өзбекстан сыртқы сиясаты ушын жемисли болды. Жоқары дәрежедеги сапар етиўлер географиясы кеңейди, "Орайлық Азия плюс" форматы шеңбериндеги сөйлесиўлер регионаллық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шықты. Стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының кеңейиўи мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы орны беккемленип атырғанынан дәрек береди. Президентимиздиң атап өткениндей, ашық, прагматикалық ҳәм интакер сыртқы сиясат себепли Өзбекстан барған сайын глобаллық тынышлық ҳәм дипломатия орайларынан бирине айланып бармақта.
Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы имканиятлардан толық пайдаланыў мәселесин қатаң қойды. Елшиниң жумысына қатнас түп-тийкарынан өзгериўи зәрүр екенлиги атап өтилди. Бүгинги елши тек ғана сиясий қарым-қатнас жүргизиўши емес, ал инвестиция ҳәм технологияларды тартыўшы, экспорт базарларын ашыўшы, транспорт-логистика коридорларын раўажландырыўшы, туризм ҳәм нызамлы мийнет миграциясын кеңейтиўши ҳәм пуқаралардың ҳуқықларын қорғаўшы мәмлекет ўәкили сыпатында баҳаланыўы белгиленди. Усы мүнәсибет пенен елшилер жумысының нәтийжелилиги анық экономикалық көрсеткишлер - экспорт көлеми, инвестициялық жойбарлар, туристлер ағымы ҳәм мийнет миграциясы нәтийжелери менен өлшенетуғыны атап өтилди.
Экономикалық дипломатияны күшейтиў мәжилистеги орайлық мәселелерден бири болды. 2025-жылы қол қойылған 160 миллиард долларлық инвестиция ҳәм саўда келисимлери, сыртқы саўда айланысының биринши мәрте 80 миллиард доллардан артқаны сыртқы сиясат пенен экономикалық реформалардың үнлеслигиниң әмелий нәтийжеси болып есапланады. Бирақ айырым базарларда миллий өнимлеримиз жетерли дәрежеде танытылмай атырғаны, логистика қәрежетлериниң артыўы бәсекиге шыдамлылыққа унамсыз тәсир көрсетип атырғаны сынға алынды. Сол себепли, Европа, Жақын Шығыс, Азия ҳәм Африка базарларына шығыўда экспорт географиясын кеңейтиў, транзит жөнелислерин диверсификациялаў ҳәм логистика шынжырларын қысқартыў бойынша анық усыныслар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Айрықша итибар аўыл хожалығы, химия санааты, тоқымашылық ҳәм хызметлер тараўларында экспортқа қолайлы жойбарларға қаратылды. Инновациялық ыссыханалар, үнемли технологиялар тәжирийбесин үйрениў ҳәм енгизиў, стандарт ҳәм талаплар менен ислесиў, халықаралық көргизбелер арқалы миллий өнимлерди алға қойыў елшилердиң тийкарғы ўазыйпалары сыпатында белгиленди. Жаңа экспорт бағдары сыпатында Африка материги менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилип, бул бағдарда анық "жол картасы"н ислеп шығыў тапсырылды.
Мәжилисте халықаралық грантлар мәселеси де сын көзқарастан додаланды. Бар потенциалдан толық пайдаланылмағаны, елшилер ҳәм тармақ басшылары арасында бирге ислесиў жетерли дәрежеде жолға қойылмағаны себепли жүзлеген миллион доллар қаржы тартылмай қалғаны атап өтилди. Сонлықтан, грантлар менен ислесиўде бирден-бир ҳәм системалы қатнасты енгизиў ўазыйпасы қойылды. Жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелерин Өзбекстан жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўге тартыў арқалы инсан капиталы потенциалын арттырыў әҳмийетли бағдар сыпатында белгиленди.
Пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, нызамлы ҳәм жоқары дәраматлы мийнет миграциясын кеңейтиў де мәжилисте тийкарғы ўазыйпалар қатарында атап өтилди. Президентимиз "кабинет дипломатиясы"нан ўаз кешип, орынларда белсене ислеў, ўатанласлар менен тиккелей сөйлесиў зәрүр екенлигин атап өтти. Туризм ҳәм сыртқы мәлимлеме сиясатында да елшиханалардың белсендилигин арттырыў, мәмлекеттиң имиджин халықаралық майданда системалы түрде алға қойыў талап етилди.
Сыртқы сиясий жумыс концепциясын жаңалаў ең әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгилеп берилди. Жаңа концепция мәмлекеттиң узақ мүддетли стратегиялық мақсетлери, экономикалық дипломатия, қәўипсизлик, инвестиция, экспорт, транспорт-логистика ҳәм суў ҳәм климат мәселелериндеги миллий мәплерди бир пүтин қамтып алыўы нәзерде тутылған. Сондай-ақ, дипломатлардың мийнетин мүнәсип баҳалаў мақсетинде "Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен дипломат" ҳүрметли атағын шөлкемлестириў усынысы алға қойылды.
Бул видеоселектор мәжилиси Өзбекстан сыртқы сиясатында жаңа талапшаңлық, анық нәтийже ҳәм жуўапкершилик принциплерин беккемлейди. Президентимиз белгилеп берген ўазыйпалар дипломатиялық хызметти жедел, интакер ҳәм экономикалық мәплерге хызмет ететуғын нәтийжели институтқа айландырыўға қаратылған. Енди тийкарғы мәселе усы тапсырмаларды әмелий нәтийжелер менен тәмийинлеў, сыртқы сиясатты мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығына хызмет ететуғын күшли қуралға айландырыўдан ибарат.
Актам ҲАЙИТОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы фракция басшысы