Бул өз-өзинен мәмлекет алдына социаллық әдилликти тәмийинлеўдей әҳмийетли ўазыйпаны қояды. Буны жақсы түсинген уллы ата-бабаларымыз әзелден социаллық мәмлекет идеясын алға қойған. Атап айтқанда, уллы бабамыз Абу Насыр Фарабий "Пәк адамлар қаласы" шығармасы арқалы ағартыўшы жәмийетти улығлаған. Инсан капиталына айрықша итибар қаратқан.

Буны және көплеген басқа да ата-бабаларымыздың илимий мийрасында да көриўимиз мүмкин. Мәселен, Әлийшер Наўайы өзиниң дөретиўшилигинде адамлардың бахытлы жасаўы ушын мүнәсип социаллық орталық жаратыў, абадан жәмийет қурыў, ағартыўшылық мәмлекет басқарыўы, әдалатлы ҳәм әдил ҳүкимдар, адамлар өз-ара мийрим-шәпәәтли ҳәм оғада әдеп-икрамлы болыўы сыяқлы көзқарасларды алға қойған.

Жаңа редакциядағы тийкарғы нызамымызда "Жаңа Өзбекстан - социаллық мәмлекет" деген принцип қатаң белгилеп берилди. Усы арқалы ата-бабаларымыз арзыўына сәйкес ҳәрекет етиў, оны әмелге асырыўға қаратылған ҳәрекетлер әмелий түс алды. Бизге белгили, "социаллық мәмлекет" тийкарында "инсан қәдирин улығлаў" идеясы жатады. Бул ҳәр бир пуқараның ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин кепиллеў, сапалы билимлендириў ҳәм медициналық хызмет, балалар, ҳаял-қызлар, кекселер, майыплығы болған шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, мүтәжлердиң бәнтлиги, турақ жай менен тәмийинлениўи, қәўипсиз мийнет шараятларын кепиллеў дегени. Конституцияда мәмлекет қурылысының жаңа стратегиялық мақсети социаллық мәмлекет қурыў екенлигин белгилеп қойыў арқалы бул бағдардағы жумыслар артқа қайтпайтуғын түс алды. Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы реформалар жаңа басқышқа шықты. Социаллық әдиллик, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың пүткиллей жаңа механизмин нәзерде тутатуғын конституциялық тийкарлар беккемленди. Усы тәризде тарийхта биринши мәрте Өзбекстан социаллық мәмлекет сыпатында белгиленди. Яғный, инсанға итибар ҳәм ғамхорлық мәмлекет ҳәм жәмийеттиң ең тийкарғы миннети екени беккемленди.

Соның менен бирге, Конституцияда кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, жумыссызлықтан қорғаў бойынша мәмлекет өзине бир қатар жаңа миннетлемелер алыўы белгиленген. Улыўма, мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелери менен байланыслы нормалар саны 3 есеге көбейди. Соның менен бирге, бул жуўапкершиликти толық орынлаў бағдарындағы реформалар жеделлести. Бүгин "Өзбекстан - социаллық мәмлекет" принципи тийкарында халықты қоллап-қуўатлаў, бул тараўдағы хызметлерди кеңейтиў ҳәм сапа көрсеткишин буннан былай да жақсылаў бағдарында избе-из жумыслар орынланбақта.

Әҳмийетлиси, барлық реформалар ҳәм әмелге асырылып атырған илажлар - "Инсан қәдири ушын", "Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек", "Мәмлекет - инсан ушын", "Инсан - жәмийет - мәмлекет" деген халықшыл принциплер тийкарында алып барылмақта. Буны кейинги жыллары бул бағдарда өзине тән жаңа система жаратылғанында да көриў мүмкин. Соның ишинде, "Темир дәптер", "Ҳаял-қызлар дәптери", "Жаслар дәптери", "мәҳәлле кесиминде" ҳәм "хана кесиминде" ислеў усыллары әйне усы мақсетлер ушын енгизилди. Усы арқалы ҳаял-қызлар, жаслар, улыўма, социаллық жәрдемге мүтәжлердиң машқала ҳәм кемшиликлери мәнзилли үйренилип, өз ўақтында ҳәм нәтийжели шешиў илажлары көрилмекте.

Мәмлекетимизде халықты социаллық қорғаўға айрықша итибар қаратылып, социаллық хызметлердиң түрлери ҳәм көлеми кеңейтилмекте. 2023-жыл 1-июньде мәмлекетимиз басшысының "Халыққа сапалы социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў және оның нәтийжели қадағалаў системасын жолға қойыў бойынша комплексли илажлар ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилди. Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилди. Сол арқалы бул бағдардағы жумысларды бир жерде орайластырып, нәтийжели әмелге асырыў имканияты жаратылды. Агентлик халықты социаллық қорғаўшы, усы түрдеги хызметлерди көрсететуғын, бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығып, әмелге асырыўшы ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып есапланады. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы халқын социаллық қорғаў стратегиясы да тастыйықланды. Буннан мақсет мийнетке жарамлы халықты социаллық тәмийинлеў менен қамтып алыў, социаллық қамсызландырыў системасын басқышпа-басқыш енгизиў, социаллық жәрдем бағдарламаларын беккемлеў, атап айтқанда, социаллық жәрдем тайынлаў нормаларын турақлы жетилистирип барыўдан ибарат.

Өткен дәўирде агентлик тәрепинен социаллық қорғаў системасының нәтийжелилиги ҳәм мәнзиллилиги орынларға шығып үйренилди. Бул процессте системаны мәҳәлле дәрежесинде әдил шөлкемлестириў, дурыс қаржыландырыў, аўыр жағдайға түсип қалған адамлардың социалласыўына жәрдемлесиў бағдарында бир қатар жумыслар орынланбақта.

- Жақын дәўирге шекем мүтәж халық түрли социаллық хызмет ҳәм жәрдемлерди алыў ушын жергиликли ҳәкимликлер ямаса мәҳәлле баслықларының алдына барыўы, ҳүжжетлерди жыйнаў ҳәм бир неше жерге мүрәжат етиўи керек еди, - дейди Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры Мансурбек Оллоёров. - Бүгин барлық социаллық хызметти агентлик қарамағындағы "Инсан" социаллық хызметлер орайлары ҳәм социаллық хызметкерлер арқалы көрсетиў әмелияты жолға қойылды. Халыққа социаллық хызмет ҳәм жәрдемди бир жерде көрсетиў арқалы артықша сергизданлық ҳәм қағазпазлыққа шек қойылды.

Биринши мәрте 208 район (қала) да социаллық хызметкерлердиң жумысы жолға қойылып, социаллық хызметлерди шөлкемлестириў мәҳәллеге түсирилди. Социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетиў және социаллық жумысты (кейс менеджменти) шөлкемлестириў мақсетинде "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" АК қурамында "Инсан" АК ҳәм E-case электрон модуллери ислеп шығылды.

Өткен жылы 49 түрдеги социаллық хызмет ҳәм жәрдем саны 103 ге (2 есеге) жеткерилди ҳәм санластырылды және электрон модуллер министрликлер ҳәм уйымлардың 55 мағлыўматлар базасы менен интеграцияластырылды. Социаллық хызмет ҳәм жәрдем алыў ушын 4 миллионға шамалас арза келип түскен. Буннан тысқары, социаллық хызметлер пуқаралар менен ислесиў системасы жедел даўам етпекте. Бундай үлкен көлемде ҳәммеге теңдей жәрдем бериў, әдилликти тәмийинлеў аңсат емес. Соның ушын мүтәж халық белгили бир стандартлар тийкарында 12 категорияға бөлинген. Бул пуқаралар менен индивидуал ислеў имканиятын береди. Бул система нәтийжесинде усы жылдың өзинде 3,6 миллион шахс социаллық хызметлер орайлары тәрепинен қамтып алынды. Оларға 1,9 миллион социаллық хызмет көрсетилди.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги басым ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, ҳуқықларын қорғаў, кәсипке бағдарлаў ҳәм қәўипсиз баспанаға жайластырыў бағдарында да бир қатар жумысларды әмелге асырмақта. Атап айтқанда, 2024-жылдан баслап мәмлекеттиң барлық аймағындағы район (қала) лық орайлық емлеўханаларының қыстаўлы қабыллаў бөлиминде бирлемши жәрдем ханалары шөлкемлестирилди. Қыйыншылыққа ушыраған ҳаял-қызларға "Инсан" социаллық хызметлер орайлары тәрепинен қорғаў ордери талап етилмеген ҳалда комплексли социаллық хызметлерден пайдаланыў имканияты жаратылды. "Инсан" социаллық хызметлер орайларында қатнаў түринде психологиялық ҳәм ҳуқықый жәрдем көрсетиў әмелиятының жолға қойылыўы нәтийжесинде бес мыңнан аслам ҳаял-қызға тиккелей мәҳәлледе жәрдем көрсетилди. Бул инсан қәдирин улығлаў, машқалаларды мәҳәллениң өзинде шешиўдеги әмелий жумыслардың бири болды.

Әдетте басым ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаяллар күшли руўхый басым астында болады. Оларды әдеттеги турмыс тәризине үйретиў ушын белгили бир ўақыт талап етиледи. Қысқа мүддетли тәжирийбе тийкарында реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайларында басым ҳәм зорлықтан жәбирленген шахсларға хызмет көрсетиўдиң ең көп мүддети 2 айдан 6 айға созылды.

Бул ҳәрекетлер ҳәр бир инсанның, соның ишинде, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин ҳүрмет етиў, жәмийеттеги белсендилигин арттырыўға қаратылған. Бул болса мәмлекеттиң улыўма раўажланыўы ҳәм абаданлығына хызмет етеди.

Социаллық қорғаўдың және бир бағдары - кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў системасында инсан факторын азайтыў, ашық-айдынлықты арттырыўға айрықша итибар қаратылды. Онда шаңарақлар санына белгиленген шеклеў бийкар етилди. Бир ўақытлары тек ғана лимит жоқлығы ямаса соның ушын жәрдем бериўди қәлемеген жуўапкерлердиң өзбасымшалық пенен ис тутыўы ақыбетинде шаңарақлар жәбир көретуғын еди.

Системаға инсан факторының араласыўын азайтыў мақсетинде "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" мәлимлеме системасы ислеп шығылды. Ол басқышпа-басқыш мәмлекеттиң барлық аймағында енгизилди. Нәтийжеде "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" мәлимлеме системасына министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системаларынан 56 түрдеги электрон алынған мағлыўматлар тийкарында шаңарақты кем тәмийинленген деп тән алыў ямаса бийкарлаў ҳаққындағы қарар инсан факторысыз қабыл етилмекте.

Социаллық напақалардың мәнзиллилиги ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 10-ноябрьдеги қарары менен напақа алыўшы шаңарақлардың экономикалық жағдайының өзгериўин ҳәр айда автоматикалық тәризде қайта үйрениў ҳәм критерияға сәйкес келмеген шаңарақларды реестрден шығарыў тәртиби енгизилди. Бул өзгерис те әдилликти тәмийинлеў, ажыратылған қаржылар ҳақыйқый ийесине жетип барыўына хызмет етпекте.

Бүгин кем тәмийинленген шаңарақ сыпатында 960,8 мың шаңараққа балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем төленбекте. Бул шаңарақларда 4,2 миллион адам жасаса, соннан 2,4 миллионы 18 жасқа толмағанларды қурайды.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде биринши мәрте сынақ тәризинде Яккасарай ҳәм Юнусабад районларында "Ана үйлери" мәмлекетлик емес шөлкеминиң жумысы жолға қойылды. "Ана үйлери" - балалардың өз шаңарағында қалыўы, социаллық жетимликтиң алдын алыў, аўыр турмыслық жағдайда қалған ҳәмиледар ҳаял-қызлар ҳәм жас балалы ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў институты жаратылды.

Тараўдағы және бир жаңалық "социаллық карта" системасының енгизилиўи болып есапланады. Бул арқалы социаллық төлемлер ҳәм субсидиялар, социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлерди тайынлаў, усыныў, мониторинг етиў ҳәм баҳалаў процеси толық автоматластырылады. "Социаллық карта" бир ўақыттың өзинде ҳәм төлем қуралы, ҳәм жәрдемге мүтәж категорияға тийислилик тастыйығы есапланады.

Бул тәртип дәслеп Ташкент қаласы ҳәм Янгийўл районында, кейинги жылдан басқа аймақларда енгизиледи. Нәтийжеде 72 түрдеги социаллық хызмет, 76 түрдеги жәрдем ҳәм 200 ге шамалас жеңиллик бирден-бир электрон системаға улыўмаластырылады. Қағаз түриндеги ҳүжжетлер бийкар етилип, ўақыт ҳәм қаржы үнемленеди. Тараў толық санластырылыўы арқалы ҳәр бир шаңарақтың мүтәжликлери менен имканиятларын сәўлелендиретуғын "социаллық санлы паспорты" енгизиледи.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм күшли социаллық қорғаўды тәмийинлеў турақлы раўажланыў ҳәм абаданлыққа умтылып атырған ҳәр қандай заманагөй мәмлекет алдында турған тийкарғы ўазыйпалардан.

Әсиресе, социаллық ҳәм экономикалық машқалалар глобалласип баратырған бир ўақытта бул мәселелерге итибар айрықша әҳмийетке ийе. Нәтийжели социаллық қорғаўдың әҳмийетли тәрепи оның инклюзивлиги ҳәм қолайлылығы болып табылады. Бул мәмлекетимизде халықтың барлық қатламына қаратылғаны менен әҳмийетли.

Аўыр турмыслық жағдайларда пуқараларды қоллап-қуўатлаў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыўға жәрдемлесиў жәмийетте социаллық әдилликти орнатыў менен бирге, мәмлекетке, ертеңги күнге исенимди беккемлейди.

Экономикалық турақлылықсыз кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық қорғаў бағдарында нәтийжеге ерисип болмайды. Мәмлекет экономиканы раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм мийнет ҳақының мүнәсип дәрежесин тәмийинлеўдиң барлық илажларын көрмекте.

Мәмлекетимиз басшысы айрықша итибар қаратып атырған бул факторлар, әлбетте, социаллық қорғаў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етпекте. Усы мәниде, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм күшли социаллық қорғаўдың жетик системасын жаратыў жаңа Өзбекстанның социаллық сиясатының тийкарғы бағдарына айланған.

Анық мақсетли комплексли илажлар болса елимизде ҳәр бир инсанның абадан турмыс кешириўи ҳәм кең имканиятлардан пайдаланыўын тәмийинлейтуғын шын мәнисиндеги әдил жәмийетти қурыўға жәрдемлеседи.

Мәмлекетимизде бул бағдарда салмақлы ҳәм нәтийжели жумыслар исленип келинбекте. Себеби, ҳәр бир мәмлекет раўажланыў процесинде кәмбағаллықты қысқартыў басқышынан өтеди. Өзбекстан да 2020-жылы халықтың белгили бир бөлеги кәмбағал екенин тән алып, оларға жәрдем бериўге киристи. Финанслық шөлкемлестириў илажлары көрилип, система енгизилди. Бул өз нәтийжесин берип, узақ жыллар аўыр жағдайда болған 3 миллионнан аслам адамның шараяты жақсыланды. Кәмбағаллық дәрежеси 17 проценттен 11 процентке түсти. Келеси үш жылда кәмбағаллық дәрежесин 11 проценттен 7 процентке қысқартыў мақсет етилген.

Тийкарғы мақсетимизде социаллық қорғаў менен бәнтлик хызметлерин өз-ара интеграция еткен ҳалда шаңарақлар менен ислесип, оларды мәнзилли, анық режелер тийкарында кәмбағаллықтан шығарыўдан ибарат.

Жаңа редакциядағы Конституция социаллық қорғаў системасын жаңа басқышқа көтерип, жәмийеттиң барлық қатламы ушын ҳақыйқый кепилликке айландырды. Бул принцип мәмлекетимизде социаллық әдиллик ҳәм абаданлықты тәмийинлеўге қаратылған реформалардың ҳуқықый тийкары болып хызмет етеди.

Лутфулла СУВОНОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы