Өзбекстанда жол ҳәрекети қағыйдаларын бузған айдаўшыларға жәрийма балы системасы енгизилмекте. Бул президент қол қойған нызамда нәзерде тутылған.
Өзгерислерге бола, қағыйдабузарлық ушын тийкарғы жазаға қосымша, айдаўшыларға жәрийма баллары да бериледи. Бир қағыйдабузарлық ушын максимал балл саны екеўден аспаўы керек.
Жәрийма баллары биринши қағыйдабузарлық исленген күннен баслап бир жыл даўамында топланады. Егер айдаўшы бир жыл ишинде 12 баллдан артық топласа, ол автомат түрде айдаўшылық гүўалығынан айырылады. Шеклеў мүддети 6 айдан кем болыўы мүмкин емес.
Айдаўшылық ҳуқықын тоқтатып турыў мүддети тамам болғаннан соң, оны тек ғана жол ҳәрекети қағыйдалары имтиханын табыслы тапсырғаннан соң ғана қайта алыў мүмкин болады. Буны Өзбекстан ИИМ ЖҲҚБ "Газета.uz"ға тастыйықлады.
Усы тәризде ҳуқықбузарлар және машина басқарыўға рухсат алыўдан алдын өз маманлығын дәлиллеўи керек болады.
Бул ҳәм басқа да өзгерислер Министрлер Кабинетиниң бир ай мүддетте ислеп шығылыўы ҳәм қабыл етилиўи нәзерде тутылған қарарына киргизилиўи режелестирилген. Онда жәрийма балларын есаплаў тәртиби ҳәм муғдары белгиленеди.