Өзбекстан да мине усы үлкен өзгерислер процесинде жаңа раўажланыў басқышына қәдем қойып, жасалма интеллект ҳәм алдынғы технологияларды миллий раўажланыўдың әҳмийетли драйверлеринен бири сыпатында белгилеп атыр.

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында усы жыл ушын белгиленген тийкарғы бағдарлардан бири экономиканы технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў екени бийкарға емес. Себеби турақлы экономикалық өсиўге ерисиў, глобал базарда бәсекиге шыдамлылықты тәмийинлеў ҳәм жаңа қун жаратыў әйне заманагөй технологиялар менен тығыз байланыслы.

Прогнозларға бола, келеси жылы экономикада 6,6 процент өсиўди тәмийинлеп, жалпы ишки өним көлемин 167 миллиард долларға жеткериў режелестирилмекте. Егер мийнет өнимдарлығы, энергия нәтийжелилиги ҳәм өндиристиң өзине түсер баҳасын азайтыў бойынша системалы жумыслар алып барылса, бул көрсеткишти және де арттырыў ушын барлық имканиятлар бар.

Әне усы мақсетте санаат тараўында "Өнимдарлық ҳәм нәтийжелиликти еки есе арттырыў" бағдарламасы иске қосылады. Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен мийнет өнимдарлығы ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған өз алдына жойбар әмелге асырылады. Бул баслама шеңберинде халықаралық финанс институтларынан 200 миллион доллар муғдарында кредит ҳәм грантлар тартылып, санаат кәрханаларына сырт елден жоқары маманлықтағы технолог ҳәм инженерлер алып келинеди. Соның менен бирге, бизнес процесслер санластырылады, энергия ҳәм басқа да қәрежетлерди қысқартыў бойынша аудитлер өткериледи ҳәм алдынғы технологиялар трансфери тәмийинленеди.

Бул реформаларды системалы түрде әмелге асырыў мақсетинде "Төртинши санаат революциясы орайы" шөлкемлестириледи. Орай тийкарында робототехника, интернет буйымлары, "ақыллы" фабрикалар сыяқлы "Индустрия 4.0" шешимлерин санаат кәрханаларына енгизиў ушын арнаўлы тәртипке салыў механизми жаратылады. Бул механизм кәрханаларға жаңа технологияларды өндириске енгизиўден алдын оларды сынақтан өткериў имканиятын береди.

Бүгинги күнде жасалма интеллект тараўында әмелге асырылып атырған реформалар тек ғана технологиялық раўажланыўды емес, ал инсан потенциалын арттырыў, билим ҳәм интеллектуаллық қүдиретти жоқарылатыўды да мақсет етеди. Сонлықтан жедел өзгерислер дәўиринде жасалма интеллект қандай имканиятлар ашып атырғаны, қайсы тараўларда жаңа потенциал жаратып атырғаны ҳәм ең әҳмийетлиси, оның тамыры қайсы факторларға сүйенетуғыны мәселелери айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Жақында ғалаба хабар қуралларында раўажланған мәмлекетлерден биринде жасалма интеллект министр лаўазымында ислей баслағаны ҳаққында хабар тарқалды. Бир еситиўде бул жаңалық адамда гүман оятыўы тәбийғый: инсан ақылы өними болған бағдарлама қалайынша бундай жуўапкершиликли ўазыйпаны атқара алады? Буның таң қаларлық тәрепи жоқ. Бурын тек буйрық орынлайтуғын программалар енди қарар қабыл етиў, системаны басқарыў дәрежесине шекем жетпекте.

Көпшилик бул өзгериске басқаша қатнаста болмақта. Адамлар ушын енди ўазыйпаны ким орынлап атырғаны емес, қалай орынлап атырғаны әҳмийетли. Яғный коррупциясыз, жеке мәплерсиз, қалыс ҳәм нәтийжели басқарыў болып атырған екен, бул ўазыйпаны инсан ямаса жасалма интеллект атқарып атырғаны үлкен әҳмийетке ийе болмай атыр.

Жасалма интеллекттиң бундай дәрежеде раўажланыўы бир қатар мәселелерди күн тәртибине алып шықпақта. Инсан ойлап тапқан жасалма ақыл адамзаттан үстин болып қалмай ма, яғный ийелерин басқара басламай ма? Ямаса инсан ҳәм техника ортасындағы қатнас келешекте қалай қәлиплеседи? Усы сыяқлы сораўларға жуўап табыўдан алдын өтмишке нәзер таслайық.

Жасалма интеллект түсиниги жақында пайда болған жоқ. Әсирлер даўамында адамзат ойлаў қәбилетин арттырыў, ақыл-ойын және де нәтийжели қолланыў мақсетинде түрли ойлап табыўлар жаратып келген. Булардың тийкарында адамзаттың мийнети, ой-пикири ҳәм умтылысы жәмленген. Ҳәр бир жаңалықта инсан ой-пикириниң жемиси сәўлеленеди. Енди болса бул раўажланыў жаңа басқышқа көтерилди, яғный жасалма интеллект инсан ой-пикириниң бир бөлеги сыпатында раўажланбақта. Бирақ қаншелли тез ҳәм анық ислесе де, онда инсанға тән жүрек, сезим ҳәм руўхый кеширмелер жоқ. Бирақ жетик анықлық ҳәм нәтийжелилик пенен ҳәрекетленеди. Мине, усы тәрепи себепли жасалма интеллект көпшиликти таң қалдырмақта.

Технологиялық раўажланыў тарийхына нәзер тасласақ, санаат революциясы процесинде инсан ҳәм машина қатнасықлары избе-из өзгерип барғанын көремиз. Биринши санаат революциясы қол мийнетинен машина мийнетине өтиўге тийкар жаратып, мануфактура санааты орнына ири индустрия қәлиплесиўине алып келди. Бул процесс мийнет өнимдарлығының артыўы, урбанизация көлеминиң кеңейиўи (урбанизация), экономикалық өсиў ҳәм халықтың турмыс дәрежесиниң жақсыланыўы сыяқлы унамлы өзгерислерде сәўлеленди.

Екинши санаат революциясы болса темир жол қурылысы, электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм химия санаатының раўажланыўы менен характерленеди. Бул дәўирде конвейер усылында массалық ислеп шығарыў жолға қойылды. Бул жаңалық өндирис тезлиги ҳәм нәтийжелилигин арттырды.

Үшинши санаат революциясы дәўиринде автоматластырыў, атом электр станциялары искерлиги, байланыс қураллары ҳәм компьютерлер пайда болды. Бул басқышта инсанның көплеген ақылый ўазыйпалары технологиялардың мойнына жүкленди, яғный инсан ҳәм машина арасындағы қатнас және де тереңлести.

Бундай үлкен өзгерислер адамларды тоқтап қалыўға емес, керисинше, және де алға илгерилеўге ийтермеледи. Интеллектуал мәселелер, илимий машқалалар ҳәм фантастикалық түсиниклер ҳаққындағы додалаўлар жаңа басқышқа көтерилди. Бурын тек фантастикалық шығармаларда ушырасатуғын ҳәдийселер енди турмысқа енгизилмекте. Бүгин додалаў орайында турған жасалма интеллектке көпшилик илимпаз ҳәм қәнигелер төртинши санаат революциясының тийкарғы белгиси сыпатында қарамақта.

Интеллект - информацияны аңлаў, қабыл етиў, қайта ислеў, сақлап қалыў ҳәм тийкарлы қарарлар қабыл етиў қәбилети. Ол адамлар, ҳайўанлар ҳәм ҳәтте айырым машиналарда да түрли дәрежеде бар болыўы мүмкин. Бирақ интеллект бар екенлиги ҳәр дайым сананың бар екенлигин аңлатпайды. Интеллект есап-санақ етиў, мағлыўматты таллаў ҳәм машқалаларды шешиў имканиятын береди. Сан болса сезимге ийе, жоқары психикалық искерлик формасы болып, тек инсанға тән.

Жасалма интеллект ҳәм нейрон тармақлар мине усы интеллектуал қәбилетке ийе программалар ҳәм қурылмаларды жаратыўға қаратылған технологиялар комплекси болып есапланады. Олар инсанның ақылый имканиятларын моделлестириў ҳәм әмелий искерликке енгизиўге уқыплы.

Ҳәзирги ўақытта мағлыўматлар ағымы барған сайын артып атырғаны себепли қыйын машқалаларды шешиў процеси инсан ушын белгили бир қолайсызлықлар туўдырмақта. Соның ушын да жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша дүнья көлеминде избе-из жумыслар орынланбақта. Бул технология инсанның аўырын жеңил етиў, нәтийжелиликти арттырыў, алжасыў итималын азайтыў имканиятын бермекте.

Әсиресе, медицина тараўында жасалма интеллекттиң орны барған сайын беккемленип бармақта. Ең қурамалы хирургиялық операциялар жасалма интеллект жәрдеминде орынланбақта. Бул болса қәўип дәрежесин азайтып, нәтийжелиликти арттырмақта. Соның менен бирге, жасалма интеллект тийкарында ири жойбарларды режелестириў, ўақыт ҳәм ресурсларды үнемлеў имканияты туўылмақта.

Технологияның бундай имканиятлары кеңнен қоллап-қуўатланбақта. Айырым мәмлекетлерде ҳәттеки жасалма интеллектке қәнигелескен университетлер шөлкемлестирилмекте. Бул билимлендириў мәкемелери келешек қәнигелерин таярлаў, тараўға байланыслы изертлеўлерди тереңлестириў ҳәм инновациялық идеяларды турмысқа енгизиўде әҳмийетли орын ийелемекте.

Миллиардларға туратуғын жойбарлар

Бүгин дүньяда жасалма интеллект технологиялары экономика, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, қәўипсизлик ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда тийкарғы қураллардан бирине айланып үлгерген екен, олар мәмлекетлик басқарыўда нәтийжелиликти арттырыў, ресурслардан үнемли пайдаланыў, халыққа көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын жақсылаўға хызмет етеди.

Өзбекстанда да бул бағдардағы ҳәрекетлер барған сайын избе-из ҳәм мақсетке бағдарланған түрге енбекте. Мәмлекетимиз басшысы 2025-жыл 6-октябрь күни елимизде жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў және оларды экономика ҳәм социаллық тараўларға кеңнен енгизиў мәселелерине бағышланған презентация менен танысты.

Презентацияда мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, жасалма интеллект тек ғана экономикалық раўажланыў емес, ал нәтийжели басқарыў, қәўипсизлик, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаўда да әҳмийетли қуралға айланбақта. Кейинги жыллары Өзбекстанда да бул тараўда системалы реформалар әмелге асырылып, мәмлекетимиз жасалма интеллектти енгизиў бойынша халықаралық рейтингте 17 текше жоқарылады. Ҳәзир Өзбекстан 188 мәмлекет арасында 70-орынды, Орайлық Азия бойынша болса 1-орынды ийелеп тур.

Экономика ҳәм социаллық тараўларда жасалма интеллект жойбарларын енгизиў мақсетинде 50 миллион доллар ажыратылған. Денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, аўыл хожалығы, энергетика, транспорт, экология ҳәм қаржы тараўларын қамтып алған 86 жойбар қәлиплестирилди. Ҳәзир жасалма интеллектти қолланыў ушын зәрүр есаплаў имканиятларын жаратыў мақсетинде "суперкомпьютер кластери"н шөлкемлестириў жумыслары жедел даўам еттирилмекте.

Тараўда кадрлар таярлаў пәтин арттырыў мақсетинде көплеген бағдарламалар әмелге асырылмақта. "Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери" миллий бағдарламасы шеңберинде жаслар ушын aistudy.uz ҳәм omp.aistudy.uz платформалары иске қосылды. Оларда жасалма интеллект бойынша 5 бийпул онлайн оқыў бағдарламасы жолға қойылған. Бағдарлама шеңберинде 2027-жылға шекем 1 миллион жигит-қыз жасалма интеллект тараўына байланыслы билим ҳәм көнликпелерге ийе болады.

Жаслар - бүгинги раўажланыўдың тийкарғы ҳәрекетлендириўши күши. Сол себепли, олар ушын жасалма интеллект ҳакатонлары шөлкемлестирилмекте. Жақында Нөкис қаласында денсаўлықты сақлаў тараўы бойынша “HealthTech AI Hackathon” жарысы табыслы өткерилди. Бундай басламалар басқа да тараўларда да кеңнен жолға қойылыўы режелестирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы бул реформалар менен жойбарларды қоллап-қуўатлап, оларды буннан былай да жеделлестириў, алдыңғы тәжирийбелерди әмелиятқа енгизиў ҳәм тараўға инвестицияларды тартыў бойынша анық тапсырмалар берди. Мәлимлеме қәўипсизлиги талапларына әмел еткен ҳалда "үлкен мағлыўматлар" базасын жаратыў, мағлыўматларды қайта ислеў ушын заманагөй инфраструктураны жолға қойыў да белгиленди. Бул болса тек ғана технологиялық раўажланыў емес, ал жаңа раўажланыў басқышының басланыўы болып есапланады.

Өзбекстан бүгин өз раўажланыў жолында әҳмийетли басқышқа жетти. Бул бағдарда илим, пикирлеў, жаңа идеялар ҳәм заманагөй шешимлерге тийкарғы тийкарғы фактор сыпатында қаралмақта. Жасалма интеллектти кеңнен енгизиўге байланыслы ҳәрекетлер елимиз тек ғана технологиялық раўажланыўды емес, ал инсан потенциалын раўажландырыў, ҳәр бир пуқараның билим ҳәм имканиятларын жоқарылатыўды мақсет етип алғанын көрсетеди. Инсан ҳәм жасалма интеллекттиң бирге ислесиўи бүгин биз ушын жаңа имканиятлар есигин ашпақта. Бул имканиятлардан үнемли пайдаланыў болса ертеңги күнимизди қалай қура алыўымызға байланыслы.

Имканият саясындағы қәўиплер

Жасалма интеллект турмысымызға қолайлық алып кириў менен бирге пүткил жәмийет ҳәм глобал экономикалық системаны өзгертиў қәбилетине де ийе. Бурын тек фантастикалық шығармаларда ушырасатуғын роботлар, интеллектуал бағдарламалар ҳәм машиналар енди турмысымыздың ажыралмас бөлеги сыпатында көринбекте. Бир қатар илимпазлар жасалма интеллектке тек пайда келтиретуғын тараў емес, ал шексиз қүдиретке ийе болып атырған система сыпатында қарап атыр. Оның ақыбетлери ҳаққында түрли болжаўларды алға қоймақта.

- Жасалма интеллект математика, программаластырыў, биология сыяқлы бағдарлар бойынша философия докторы талаплары дәрежесинде жақсы нәтийже көрсетпекте. Мениңше, 2026-2027-жылларға барып, дерлик барлық бағдарды ҳәммеден жақсы билетуғын жасалма интеллект системаларына ийе боламыз, - дейди ANTHROPIS компаниясының тийкарын салыўшысы Дарио Амодеи. - Жасалма интеллект жәрдеминде дүньядағы барлық машқаланы бир заматта шешиў мүмкин бе? Мениңше, жоқ. Мәселен, өз бетинше ҳәрекетленетуғын автомобиллер ислеп шығарыў машқаласы елеге шекем әҳмийетли. Соның ушын жасалма ақыл имканиятлары физикалық әлемниң өзгешеликлери ҳәм нызамлықлары менен шекленген. Фармацевтика тараўын алайық: жасалма интеллект бизге клиникалық сынақларды тезлестириў имканиятын береди, бирақ оларды бәрибир адамлар өткериўине туўра келеди. Себеби, физика ҳәм биологиядағы нызамлылықлар менен есапласыў керек. Егер жасалма интеллект имканиятларынан дурыс пайдаланылса, биология сыяқлы бағдарларда 5-10 жылда 100 жыллық раўажланыўға ерисиў мүмкин.

Жасалма интеллектти раўажландырыў процесинде тек ғана технология ҳәм экономика емес, ал әдеп-икрамлылық, ҳуқық ҳәм инсан қәдири көзқарасынан қатнас жасаў талап етиледи. Нызамшылық, қадағалаў системалары ҳәм халықаралық стандартлар усы технологиялардан қәўипсиз ҳәм жуўапкершиликли пайдаланыўды кепиллеўи керек.

- Универсал жасалма интеллектти үйрениў ушын көбирек инвестиция ажыратылыўы керек. Оны ислеп шығыў қолымыздан келмекте. Бул бағдарда анықластырылыўы зәрүр болған оғада көп мәселелер бар. Жеке мен бул процесстиң орайында болсам да жасалма интеллекттиң раўажланыўы әстерек болыўын қәлеймен. Бирақ процесс барған сайын тезлесип бармақта, - дейди Стенфорд университетиниң профессоры Ечин Чой. - Мениңше, жасалма интеллектти өзин-өзи жетилистириўге емес, инсан турмысын жақсылаўға көбирек бағдарлаў керек. Бул арқалы инсаният алдындағы ең қыйын сораўларға жуўап табыў имканияты кеңейеди. Мәселен, тәбийий апатлар, тогай өртлери сыяқлы ҳәдийселерди қалай басқарыў мүмкин? Оларды алдыннан болжаў ямаса моделлестириў мүмкин бе? Сондай-ақ, жасалма интеллектти тек ғана раўажландырыў орнына оған инсан қәдириятлары ҳәм әдеп-икрамлылық нормаларын үйретиўге айрықша итибар қаратыў керек, деп билемен.

Жасалма интеллект инсанияттың ең үлкен ойлап табылыўы болыўы мүмкин. Бирақ ол анық мақсет, жуўапкершилик ҳәм инсан мәплерине хызмет етиўи шәрт.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы