Онда биотехнология ҳәм молекуляр биология, ген инженерлиги ҳәм гибрид туқымгершилик, "ақыллы" аўыл хожалығы, космослық ҳәм дрон технологиялары, жерлердиң деградациясы ҳәм саламат топырақ, органикалық аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги, ветеринария, аўыл хожалығын санластырыўға байланыслы усыныслар көрип шығылды.

Қалаберди, фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қатар жаңа жеңилликлер енгизилди. Субсидиялар, салық жеңилликлери ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды хошаметлеў илажлары аграр тараўда нәтийжелиликти арттырыўға қаратылған жаңа басқышты баслап бермекте. Бул болса фермер хожалықларында инновациялық шешимлерди енгизиў мәселесин және де әҳмийетли етип қоймақта.

Кейинги жылларда аўыл хожалығын реформалаў, жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаў және тараўды санластырыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Климат өзгериўи ҳәм суў жетиспеўшилиги шараятында өндирис нәтийжелилигин арттырыў ушын заманагөй технологияларды енгизиў реформалардың әҳмийетли бағдарларынан бирине айланбақта.

Аўыл хожалығында зүрәәтлилик енди тек ғана мийнетке емес, ал технологияға да байланыслы болып бармақта. Климат өзгериўи, суў жетиспеўшилиги ҳәм өндирис қәрежетлериниң өсиўи фермерден жаңа қатнасларды талап етпекте. Усы шараятта жасалма интеллект аўыл хожалығында ресурсларды үнемлейтуғын, зүрәәтти арттыратуғын ҳәм дәраматты көбейтетуғын нәтийжели экономикалық шешим сыпатында алға шықпақта.

Бул бағдарда халықаралық әмелиятта жетекши болған ФАО (Food and Agriculture Organization of the United Nations) түрли мәмлекетлерде санлы фермерлик жойбарларын енгизип, әмелий нәтийжелерге ерисип келмекте. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда да аўыл хожалығын санлы трансформациялаўға қаратылған бир қатар жумыслар басланды.

Бул халықаралық тәжирийбе Өзбекстанда аўыл хожалығы реформалары шеңберинде жасалма интеллект технологияларын енгизиў ушын да әмелий әҳмийетке ийе. Мәселен, жасалма интеллект шешимлерин қолланып атырған Сенегалдың жалпы ишки өними шама менен 30 миллиард, Руанники 14 миллиард АҚШ долларына жетти. Демек, экономикалық потенциалы жоқары болған Өзбекстан ушын да бул бағдарда имканият және де кең екени анық көринеди.

Аўыл хожалығында жасалма интеллект тийкарында қабыл етилген қарарлар ресурсларды үнемлеў ҳәм өнимдарлықты арттырыўға хызмет етеди. Бул қатнас дәстүрий усылларға салыстырғанда анық мағлыўматларға таяныўы менен абзаллыққа ийе. Мәселен, жасалма интеллект қолланылғанда суўдың жумсалыўы орташа 25-35 процентке шекем қысқарады, өнимдарлық болса 15-30 процентке артыўы мүмкин. Кеселликлер ерте анықланады ҳәм артықша қәрежетлер азаяды. Нәтийжеде өндирис нәтийжелилиги сезилерли дәрежеде артады.

Бул болса фермер дәраматын көбейтиў менен бирге, аўыл хожалығын санлы трансформациялаўға қаратылған реформалардың экономикалық нәтийжесин тәмийинлейди.

Халықаралық тәжирийбе ҳәм экономикалық таллаўлар соны көрсетти, жасалма интеллект аўыл хожалығы ушын қымбат тәжирийбе емес, ал тез нәтийже беретуғын экономикалық шешим болып есапланады. Ол суў ресурсларын үнемлейди, өнимдарлықты арттырады ҳәм фермерлердиң дәраматының өсиўине хызмет етеди.

Жасалма интеллект технологияларын енгизиў Өзбекстан аўыл хожалығы ушын тек ғана мүмкин емес, ал турақлы раўажланыў жолында зәрүр қәдем болып есапланады.

Бул басламалар шеңберинде тараўды санластырыў стратегиясы ислеп шығылмақта, агромүрәжат инфраструктурасы қәлиплестирилмекте ҳәм фермерлерге санлы хызметлер көрсетиў системасы басқышпа-басқыш енгизилмекте. Бул болса жасалма интеллектти кеңнен қолланыў ушын мәмлекетимизде зәрүр шөлкемлестириўшилик ҳәм мәлимлеме тийкары жаратылып атырғанын аңлатады.

Жасалма интеллект енгизилген шараятта суў ресурслары үнемли басқарылады, өнимдарлық турақлы өседи ҳәм кеселликлер ерте анықланады. Климат қәўип-қәтерлери алдыннан болжанып, күтилмеген шығынлар азаяды. Болмаса суў жетиспеўшилиги күшейиўи, өним шығынлары артыўы ҳәм бәсекиге шыдамлылық төменлеўи мүмкин. Демек, технологияны енгизбеўдиң өзи де белгили экономикалық қәўиплерди жүзеге келтиреди. Әсиресе, суў ресурслары ҳәм өним жоғалтыўлары менен байланыслы қәўип-қәтерлер жасалма интеллект арқалы сезилерли дәрежеде азайтылыўы мүмкин.

Жасалма интеллектти енгизиў үлкен қаржы талап етеди, деген пикир әмелиятта толық тастыйықланбай атыр. Әпиўайы сенсорлар, санлы мониторинг ҳәм прогноз системалары арқалы орта дәрежедеги фермер хожалықлары ушын да нәтийжели шешимлерди енгизиў имканияты бар.

Есап-санақларға бола, бундай технологиялар суўды үнемлеў арқалы жылына орташа 5-7 миллион сум, төгин ҳәм химиялық қураллардың жумсалыўының азайыўы есабынан 4-6 миллион сум, зүрәәт баҳасының артыўы есабынан болса 15-25 миллион сумға шекем қосымша дәрамат келтириўи мүмкин. Жәми экономикалық нәтийже 24-38 миллион сумды қурайды.

Басланғыш инвестиция орташа 14-22 миллион сум болып, технология көпшилик жағдайларда 6-12 ай ишинде өзин ақлайды. Бул болса жасалма интеллектти қәрежет емес, ал жоқары дәрамат келтиретуғын инвестиция сыпатында баҳалаўға тийкар береди.

Бирақ технологияның нәтийжели ислеўи ушын тек ғана техникалық шешимлер жетерли емес. Бул процесс мәмлекетлик сиясат, инфраструктура ҳәм билим системасы менен үнлес ҳалда өтиўи керек.

Усы мәниде жасалма интеллект аўыл хожалығындағы реформалардың логикалық даўамы сыпатында көринбекте. Мәмлекет тәрепинен жаратылып атырған жаңа жеңилликлер болса фермер хожалықларында бундай технологияларды енгизиў ушын әмелий экономикалық тийкар жаратпақта.

Караматилла ҲАИТБОЕВ, 

техника илимлериниң кандидаты, доцент