Әйне усындай қәўипли бир дәўирде мәмлекетимизде ана тәбиятты қәстерлеп сақлаў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылып атырған жоқары итибар бәршемизде келешекке исенимди беккемлейди.
Экологиялық машқалаларды тек ғана ҳәкимшилик жол, яғный жәриймалар ямаса қадаған етиўлер арқалы шешиўге болмайды. Оған ерисиўдиң бирден-бир ҳәм ең нәтийжели жолы жас әўлад қәлбинде ана тәбиятқа меҳир-муҳаббат ҳәм тийислилик сезимин тәрбиялаў болып есапланады. Усы мәниде экология тараўындағы жумыслардың жағдайын жақсылаў ҳәр бир пуқараның ҳүждан иси ҳәм миннети есапланады.
Усы жерде мәмлекетимизде Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетиниң экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи сыяқлы бағдарлар бойынша жетекши таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси сыпатында белгилениўи тараўда фундаментал өзгерислерге тийкар жарататуғынын атап өтиў зәрүр. Бул дәргайда "циркуляр экономика" билимлендириў бағдары бойынша кадрлар таярлаўдың жолға қойылыўы ресурсларды үнемлеў ҳәм шығындысыз өндирис технологияларын өзлестирген жаңа әўлад қәнигелерин қәлиплестириўге хызмет етеди. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында "жасыл техникумлар"дың шөлкемлестирилиўи болса орта буўын қәнигелеринде де экологиялық көнликпелерди қәлиплестириў имканиятын береди.
Билимлендириў системасындағы бундай реформалар тек ғана жаңа пәнлердиң киргизилиўи менен шекленип қалмайды. Тәбийғый пәнлер, инженерлик-техника, экономика ҳәм қаржы бағдарларындағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлеринде "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл раўажланыў" пәни ҳәм оқыў бағдарламаларының енгизилиўи болажақ инженер, экономист ямаса қаржысыны ҳәр қандай жойбарды әмелге асырыўда экологиялық ақыбетлерди есапқа алыўға ийтермелейди. Мәмлекетлик буйыртпа тийкарында анық ҳәм тәбийғый пәнлер, инженерлик-техника, хызметлер, медицина сыяқлы тараўларда грант орынларының басқышпа-басқыш көбейтилип барылыўы, сондай-ақ, "Эл-юрт умиди" қоры тәрепинен абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларында экология бағдарында билим алыў ушын арнаўлы квоталар ажыратылыўы мәмлекетимиздиң интеллектуаллық потенциалын "жасыл" раўажланыўға бағдарлап атырғанынан дәрек береди.
Әйне усы жерде заманагөй педагогиканың жаңа ҳәм оғада әҳмийетли бағдары - "жасыл" педагогика түсиниги күн тәртибине шығады. Бул тек ғана оқыўшыларға тәбиятты сақлаў кереклигин түсиндириў емес, ал тәлим-тәрбия процесиниң пүткиллей жаңаша философиясы болып есапланады. "Жасыл" педагогика адамлар ҳәм жәмәәтлерге оларды қоршап турған қоршаған орталық ҳаққында терең билим алыўға, алған билимлерин әмелиятта қолланыўға ҳәм ең әҳмийетлиси, тәбият пенен үнлес жасаў мәдениятын қәлиплестириўге жәрдем беретуғын қатнас есапланады. Бул педагогикалық ағым XXI әсирдиң глобал шақырықларына жуўап бере алатуғын, ғәрезсиз ҳәм сын көзқарастан пикирлейтуғын, жуўапкер шахсты тәрбиялаўды өз алдына мақсет етип қояды.
"Жасыл" педагогиканың тарийхы ҳәм раўажланыў басқышларына нәзер тасласақ, оның тамырлары Вена қаласындағы Аграр ҳәм қоршаған орталық педагогикасы университети колледжине барып тақалатуғынын көремиз. Дәслеп аўыл хожалығы, экологиялық ҳәм педагогикалық әмелиятларды өз-ара байланыстырыў усылы сыпатында ислеп шығылған бул система оқыўшыларда тәбиятқа беккем ҳәм қатаң мүнәсибетти қәлиплестириўге қаратылған еди. Дүнья илиминде бул бағдардың тән алыныўы ҳәм кеңнен тарқалыўы аңсат болмаған болса да, бүгинги күнде ол турақлы раўажланыўдың ең әҳмийетли факторларынан бирине айланды. "Жасыл" педагогика конструктивизм, экспериментал билимлендириў ҳәм концептуал өзгерис сыяқлы белгили теорияларға сүйенеди ҳәм оларды жаңа мазмун менен байытады.
Атап айтқанда, конструктивизм теориясы "жасыл" педагогикада оқыўшының бирге ислесиў, талқылаў ҳәм анализ арқалы жаңа билимлерди өз бетинше ашыў процесинде көринеди. Колбтиң экспериментал билим бериў теориясы болса тәжирийбелер арқалы үйрениўди үзликсиз процеске айландырыўды нәзерде тутады. Яғный оқыўшы тек теориялық мағлыўматты еситип қоймайды, ал машқаланы деконструкция, реконструкция ҳәм рефлекция етиў арқалы өзлестиреди. Бул процесте оқыўшы пассив тыңлаўшыдан актив излениўшиге, машқалалардың шешимин излеўши дөретиўшиге айланады. Концептуал өзгерис теориясы болса оқыўшылардағы бар қәте көзқарасларды анықлаў ҳәм оларды илимий тийкарланған жаңа түсиниклер менен алмастырыўға хызмет етеди.
"Жасыл" педагогиканың өзине тәнлиги сонда, ол пәнлераралық қатнасты талап етеди. Тәбияттағы процесслер ҳеш қашан бөлек-бөлек жүз бермегениндей, билимлендириўде де пәнлер арасындағы шегаралар жоғалыўы керек. Жоргенсон сөзи менен айтқанда, бул оқытыўшыларды сабақларда экологиялық билим бериўге шақыратуғын, ал оқыўшыларды күнделикли турмыста қоршаған орталықты қорғаўға тартатуғын өзгериўшең билимлендириў болып есапланады. Бунда ситуациялық билимлендириў, виртуал билимлендириў, аутентик тапсырмалар ҳәм жойбарға тийкарланган билимлендириў стратегиялары қол келеди. Оқыўшы өзиниң күнделикли таңлаўлары - үйдеги энергия жумсалыўы, транспорттан пайдаланыў ямаса шығындыларды сайлап алыў арқалы глобал процесслерге тәсир көрсететуғынын аңлап жетиўи зәрүр.
"Жасыл" педагогиканың тийкарғы мақсети жаслардың сезимлерин хошаметлеў ҳәм ана тәбиятқа болған көзқарасын кеңейтиў арқалы олардың қәдириятлар системасын өзгертиў болып есапланады. Жүзеки үйрениўден терең пикирлеўге, қысқа мүддетли мәптен узақты гөзлеп пикирлеўге өтиў усы қатнастың тийкарын қурайды. Ой-пикирди мақсетке бағдарлаў арқалы оқыўшылар өз ис-ҳәрекетлериниң тәбийий турақлылыққа тәсирин саналы түрде түсинеди. Солай етип, мектепте ямаса университетте алынған билимлер оқыўшының үйинде, жумыс орнында ҳәм жәмийеттеги искерлигинде экологиялық қәўипсиз әмелиятлар түринде сәўлеленеди. Бул болса БМШтың Европа экономикалық комиссиясы тәрепинен ислеп шығылған экологиялық қәўипсизлик компетенциялары менен үнлес.
Бул педагогикалық қатнас бир қатар принциплерге тийкарланады: ол педагогикалық мазмунға қарата пәнлераралық қатнас болып, экологиялық ҳәм экономикалық парадигмаларды бирлестиреди, келешек машқалаларына шешим табыўға багдарланган, мәдений жақтан сезгир ҳәм қәдириятларга таянып сезимлерди раўажландырады. Ең әҳмийетлиси, "жасыл" педагогика әмелият, турмыс, тәбият ҳәм мәденият үнлеслигине қаратылған бир пүтин система сыпатында көринеди. Бунда оқытыўшы ҳәм оқыўшы арасындағы мүнәсибет те өзгереди - олар бирден-бир мақсет жолында бирге ислесиўши жәмәәтке айланады.
Билимлендириў процесинде "жасыл" педагогиканың қолланылыўы ҳәр бир пәнниң мазмун-мәнисин байытыўға хызмет етеди. Мысалы, математиканы алайық: оқытыўшы әпиўайы формулаларды ядлатыўдың орнына, оқыўшыларға өз шаңарағының углерод изин есаплаўды ямаса экологиялық қәўипсиз имаратлардың жойбар сметасын дүзиўди тапсырыўы мүмкин. Бул арқалы оқыўшы тек математикалық әмеллерди орынлап ғана қоймастан, ал өз турмыс тәризинин тәбиятқа тәсирин санларда көреди ҳәм анализлейди. Тәбийий пәнлер сабақларында класстан сыртқа шығып, жергиликли бағ ямаса тоғайға шөлкемлестирилген дала сейиллери оқыўшыларға еэкосистемалар, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын тиккелей бақлаў ҳәм сезиў имканиятын береди. Китаптағы сүўреттен гөре өз көзи менен көрген ҳәм қолы менен услаған нәрсеси бала ядында мәңги мөрленеди ҳәм онда тәбиятты қәстерлеп сақлаў тилегин оятады.
Социаллық-гуманитарлық пәнлер де буннан шетте қалмайды. Тарийх яки жәмийетлик пәнлер оқытыўшысы оқыўшылар менен климат өзгериўиниң инсаният тарийхындағи орны, цивилизациялар кризиси ҳәм экологиялық факторлар арасындағы байланысты талқылаўы мүмкин. Инглис тили сабақларында глобал экологиялық машқалаларға байланыслы мақалаларды оқыў ҳәм талқылаў арқалы оқыўшылардың сын көзқарастан пикирлеў қәбилети раўажланады, дүньяқарасы кеңейеди. "Жасыл" педагогика оқыўшыларға қағаз, суў ҳәм энергия ресурсларын үнемлеў, шығындыларды қайта ислеў ҳәм компост таярлаў сыяқлы әпиўайы, бирақ турмыслық зәрүр көнликпелерди үйретеди. Бул билимлердиң барлығы жәмленип, жәмийетте экологиялық мәденияттың жоқарылаўына алып келеди.
"Жасыл" педагогиканың алты тийкарғы бағдары - бирге ислесиў арқалы жәмәәт қәлиплесиўи, рефлексия, күтилмеген жағдайларға таярлық, белсенди ҳәрекет, тынышсызланыў ҳәм сезим - тәлим-тәрбия процесин жанлы организмге айландырады. Әсиресе, "тәшиўиш" түсиниги бул жерде унамлы мәнисте, яғный қоршаған орталықтың тәғдири ушын қайғырыў ҳәм бийпәрўа болмаў мазмунында түсиниледи. Оқыўшы тәбиятқа жеткерилип атырған зыянды көрип, бийпәрўа өтип кете алмайтуғын, керисинше, жағдайды дүзетиў ушын ҳәрекет ететуғын шахсқа айланады. Бул болса "жас әўлад қәлбинде ана тәбиятқа меҳир-муҳаббат сезимин тәрбиялаў" идеясының әмелдеги орынланыўы болып есапланады.
"Жасыл" педагогика трансдиссиплинарлық, сызықлы парадигмаларды қайта қурыў, системалы пикирлеў ҳәм мета пикирлеў сыяқлы тийкарларга сүйенеди. Системалы пикирлеў оқыўшыларды дүньяны үзик-үзик бөлеклер жыйындысы сыпатында емес, ал өз ара байланыслы қурамалы система сыпатында көриўге үйретеди. Мәселен, бир жерде теректиң кесилиўи тек сол аймақтың гөззаллығын бузып қоймастан, ал топырақтың қурамына, ҳаўа сапасына, жер асты суўларына ҳәм сол жерде жасайтуғын жанзатларға қандай тәсир ететуғынын түсиниў системалы пикирлеўдиң жемиси есапланады. "Жасыл" педагогика оқыўшыларды қыйын ҳәм белгисиз келешекке таярлайды, оларда стандарт емес жағдайларда дурыс қарар қабыл етиў көнликпесин қәлиплестиреди.
Усы жерде айтып өтиў керек, мәмлекетимиздеги реформалар, атап айтқанда, жоқары билимлендириўди системалы трансформациялаўдың тийкарғы бағдарлары заманагөй билим ҳәм жоқары руўхый-әдеп-икрамлылық пазыйлетлерге ийе кадрлар таярлаўды нәзерде тутады. Үшинши Ренессанс тийкарын қурып атырған жаңа Өзбекстан ушын тек ғана жоқары технологияларды ийелеген емес, ал кеўли таза, ҳүжданы ояў ҳәм тәбият пенен дос болған әўлад суў ҳәм ҳаўадай зәрүр. "Жасыл" педагогика мине усындай әўладты тәрбиялаўда қүдиретли қурал болып хызмет ететуғыны сөзсиз.
"Жасыл" педагогика принциплериниң билимлендириў системасына кеңнен енгизилиўи мәмлекетимиздиң раўажланыўында жаңа бет ашады. Бул процесс тек ғана экономикалық өсиўди тәмийинлеп қоймастан, ал жәмийетимиздиң руўхый көринисин де түп-тийкарынан өзгертеди. Өз үйин, мәҳәллесин ҳәм журтының тәбиятын қәстерлеп сақлаған инсан ўатанды да шын жүректен сүйеди ҳәм ардақлайды. "Жасыл" педагогика ҳәр қандай пән тараўында ҳәм ҳәр қандай жаста қолланылыўы мүмкин болған универсал гилт болып есапланады. Ол оқыўшы-жасларды ҳәм пүткил жәмийетимизди экологиялық қәўипсиз, турақлы ҳәм абадан келешекке жетеклеўши жалын болып қалады. Биз бүгин егип атырған "жасыл билимлендириў" туқымлары ертең зүрәәтли мийўелерин бериўи, Өзбекстанымыздың және де гүллеп-жаснаўына ҳәм таза қоршаған орталықтың турақлылығына хызмет етиўи сөзсиз. Бул жолда барлық зыялылар, устаз-тренерлер ҳәм кең жәмийетшиликтиң аўызбиршилиги ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе.
Бекзод ХУЖАЕВ,
педагогика илимлериниң докторы, профессор