“Ўзбекнефтгаз” АЖ хабарына бола, халықтың бул өнимге болған талабын қаплаў мақсетинде АИ-92 маркалы бензинди биржа саўдаларына шығарыў көлеми арттырылды. Усы ўақытқа шекем мың тонна АИ-92 бензини саўдаларға қойылған болса, бүгин бул көрсеткиш 1720 тоннаны қурамақта. Ишки базар талабынан келип шығып, бул муғдарды арттырыў имканияты бар.
Усы жерде АИ-80 бензининен неге ўаз кешилди, деген сораў туўылыўы тәбийғый. Қәнигелер АИ-80 маркалы бензинниң сапасы халықаралық стандартларға жуўап бермейтуғынын, оннан пайдаланып атырған техника қураллары атмосфераға нормадан артық зыянлы шығындылар шығарып атырғанын атап өтпекте. Қалаберди, оның автомобиллердиң техникалық жағдайына келтирип атырған зыяны да үлкен екени атап өтиледи.
Соның ушын, раўажланған мәмлекетлер бул бензин маркасынан әллеқашан ўаз кешкен. Енди мәмлекетимизде де бул жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде ҳаўаға шығарылып атырған зыянлы газлерди белгили муғдарда азайтыўға ерисиледи.
Ҳаўаның тазалығы ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеў соңғы жылларда барған сайын көбирек тилге алынатуғын темаға айланғаны бийкарға емес. Соңғы жыллары тек ғана мәмлекетимиз ямаса регионымыз емес, ал пүткил планетамызда жүз берип атырған глобал экологиялық машқалалар турақлылыққа үлкен қәўип туўдырмақта. Тек ғана ҳаўаның патасланыўы нәтийжесинде жүзеге келетуғын ҳәр қыйлы кеселликлер ақыбетинде мыңлаған инсанлар өмирден көз жумбақта. Буның алдын алыўдың әҳмийетли жолы - экологиялық жақтан таза, тәбиятқа зыян жеткермейтуғын технологиялардан пайдаланыў, тәбийғый байлықларды түп-тийкарынан сақлаў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў болып есапланады.
Жаңа Өзбекстанның стратегиялық мақсети мине усындай әҳмийетли принцип - экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, экономикалық өсиўдиң ресурсларды үнемлеўге тийкарланған "жасыл" раўажланыў моделине өтиўге қаратылған. Мине, усы тийкарғы мақсет ҳәм режелерди әмелге асырыў ушын энергия дәреклерин диверсификациялаў, олардың балансында углеводород үлесин кескин азайтыўға байланыслы кең көлемли жумыслар исленбекте. "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл" экономика жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде бул жумыслардың көлеми және де кеңеймекте.
Тараўдағы тийкарғы бағдарлардан бири "жасыл" энергетика болып есапланады. Келеси бес жылда қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген. Бул ыссыхана газлери шығындысын дерлик 16 миллион тоннаға азайтыў имканиятын береди.
Энергетика министрлигиниң мағлыўматына бола, бүгин елимизде улыўма қуўатлылығы 4119 мегаватт болған 11 қуяш ҳәм 4 самал электр станциясы "жасыл" энергия ислеп шығармақта. Июлде бул станциялар 1 миллиард 246 миллион киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарғаны мәмлекетимиз энергетика системасы ушын жаңа рекорд көрсеткиш болып есапланады. Нәтийжеде 377,5 миллион куб метр тәбийғый газ үнемлениўине ерисилди. Атмосфераға 1 миллион 120 мың тонна зыянлы газ шығыўының алды алынды.
Бундай унамлы нәтийжелер қуўанышлы, әлбетте. Бирақ шешилиўи зәрүр болған ўазыйпалар да көп. Атап айтқанда, соңғы ўақытлары мәмлекетимиздиң түрли аймақларында тез-тезден жүз берип атырған шаң-тозаң ҳәдийселеринен халық аўыр зыян көрмекте. Табийий, бул процести тек тәбийий факторлар тәсири менен түсиндирип болмайды. Бундай жағдайлардың жүзеге келиўинде инсан факторының да орны бар.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги бул машқаланың себеплерин түсиндирип, жасыл аймақлардың азайыўы, автотранспорт қуралларының санының артып кетиўи, қурылыс жумысларының тәртипсиз орынланып атырғаны, углеводородлар, соның ишинде, көмир, ыссылық орайлары тәрепинен қосымша жанылғы сыпатында мазуттан пайдаланыў көлеминиң артыўы сыяқлы факторлар буған себеп болып атырғанын атап өткен еди. Елимизде экологиялық бағдардағы бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыўда бул машқалаларды сапластырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Президентимиздиң 2024-жыл 24-сентябрьдеги "Шаң боранларына қарсы гүресиў ҳәм атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында"ғы қарары бул бағдарда әҳмийетли қолланба болмақта. Усы ҳүжжет тийкарында 2024-2030-жылларға мөлшерленген миллий бағдарлама ислеп шығылып, избе-из ислеп шығылмақта. Бул процессте, атап айтқанда, ҳаўа тазалығына унамсыз тәсир ететуғын факторларды сапластырыў, тәбийғый турақлылықты жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң мағлыўматына бола, санаат кәрханаларынан атмосфера ҳаўасына патасландырыўшы элементлер шығарылыўын азайтыў бағдарында бир қатар жумыслар орынланбақта. Соның ишинде, усы жылдың өткен дәўиринде қоршаған орталыққа тәсири жоқары болған I ҳәм II категорияға тийисли 75 санаат кәрханасында шаң-газ тазалаў үскенелери модернизацияланды ҳәм жаңа, жоқары нәтийжели шаң-газ тазалаў үскенелери орнатылды.
Сондай-ақ, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде санаат кәрханаларының аймағы ҳәм тутас аймақларда "жасыл белбеў"лер жаратыў мақсетинде усы жылы бәҳәр мәўсиминде 6 миллион 128 мың түп терек ҳәм пута нәли егилди. Бул болса жасыллық дәрежесин арттырады, ҳаўа сапасын жақсылап, микроклиматты қәлиплестириўге үлес қосады. "Жасыл белбеў"лерди қурыў жумыслары гүз мәўсиминде де даўам еттириледи.
Усы жылы 10-апрельден 10-майға шекем "Таза ҳаўа айлығы"ның биринши басқышы болып өтти. Илаж даўамында 251 мың 858 автотранспорт қуралы шығарған газдиң патасландырыўшы элементлериниң муғдары арнаўлы үскенелер жәрдеминде экологиялық қадағалаўдан өткерилди. Нәтийжеде атмосфераға 36,3 тонна патасландырыўшы заттың тасланыўының алды алынды. Ҳәзир "Таза ҳаўа айлығы"ның екинши басқышы даўам етпекте.
- Инсанның саламат ҳәм узақ өмир сүриўи экологиялық турақлылыққа байланыслы. Сонлықтан, бүгин экологиялық теңсалмақлылықты тәмийинлеў өмир-өлим мәселесине айланды. Быйылғы жылдың мәмлекетимизде "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияланғаны келешек әўладлардың турақлы, қәўипсиз ҳәм абадан жасаўына ерисиў жолындағы ҳәрекетлеримиздиң айқын көриниси болып есапланады, - дейди Сурхандәрья ўәлаяты экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи басқармасының баслығы Баҳодир Ўринов. - Бул бағдарда Сурхандәрья ўәлаятында да кең көлемли жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, "Жасыл мәкан" жойбарының избе-из әмелге асырылыўы нәтийжесинде жасыл майданлар кеңеймекте. Өткен жылы гүзде ҳәм быйыл бәҳәрде 16 миллион түп нәл егилди. Бул нәллерди суўғарыў ушын системалар жаратылды. Егилген нәллер "Жасыл мәкан" платформасына жайластырылды. Санаат кәрханалары модернизацияланбақта. Соның ишинде, 67 кәрхананың шаң тазалаў қурылмасы жаңаланбақта.
Сурхандәрьяда тез-тез болып туратуғын аўған самалы да ҳаўаның патасланыўына себеп болады. Оған қарсы қорғаў тоғайлары қурылмақта. Қум барханларының көшиўиниң алдын алыў мақсетинде суўсызлыққа шыдамлы сексеўил туқымы ҳәм нәли егилди. Быйыл гүзде бул жумыслар даўам еттирилип, мың гектардан аслам аймақта сексеўил, черкез егиледи.
Термиз қаласында да кең көлемли экологиялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Қалада нәл егип, бағ жаратыў менен бирге ишки суў системалары да тартылмақта. Каналлар қазылып, жаўынлатып суўғарыў системасы жаратылды. Нәтийжеде алдын қаланың жасыллық дәрежеси 10 процентке де жетпеген болса, бүгинге келип 30 процентке жетти.
Бул ийгиликли жумыслар экологиялық турақлылыққа беккем тийкар болыўы менен бирге халқымыздың саламатлығын жақсылаў, адамлардың өмирден разы болыўына да әҳмийетли тийкар жаратпақта. Сол себепли халқымыздың экологиялық жойбарларды әмелге асырыўда белсендилиги артып атыр.
Оған быйыл пайтахтымызда болып өткен “Eco Expo Central Asia 2025” халықаралық көргизбесинде қатнасып айқын гүўа болдық. Қызығы сонда, бул көргизбеде көрсетилген стартап жойбарлардың басым бөлеги жаслардың қатнасыўындағы өзине тән қолланба ҳәм ойлап табыўлар болды. Олардың арасында Сурхандәрья ўәлаятынан келген 20 дан аслам жигит-қызлар да өз идеялары, жойбар ҳәм ойлап табыўлары менен қатнасты.
Шўрчи районындағы мектеп оқыўшысы Фурқат Хазратқулов солардың бири. Ол халыққа усынған жаңаша система шығындыны таңлап таслаған пуқараны анықлап хошаметлеўге бейимлестирилген. Жас ойлап табыўшы өз жойбарын "Эко бонус" электрон платформасы деп атаған. Әҳмийетлиси, Ф.Ҳазратқуловтың бул изленислериниң жемиси болған идеяға ўәлаят экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи басқармасы қәнигелери қатарында шығындыны қайта ислейтуғын кәрхана ўәкиллери де үлкен қызығыўшылық билдирип, биргеликте ислемекте.
Әлбетте, жигит-қызлардың жаслығынан илимге умтылыўы, тәбиятты қорғаўға бел байлағаны қуўанышлы. Әйне нәўқыран жасында басланған бул умтылыс ҳәм ҳәрекетлер келешекте үлкен мақсетлерге айланып, инсаниятты ойландырып атырған экологиялық машқалаларға ақылға уғрас шешим табыўға түртки болса, әжеп емес.
Баҳор ХИДИРОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы