Кәсиплеслер менен мақала темаларын талқылап атырып, ериксиз гәп рәмаўзи сәўбет-мақала усылына тартып кетти. Сонлықтан, бүгинги дөгерек сәўбетимиз бир темада емес, ал логикалық жақтан бирин-бири толықтыратуғын белгили бир бағдар, тараўлар ҳаққында болды.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ, Қарақалпақстан Республикасы:

- Енди сөз нәўбети бизлерге, жигитлер! Ҳәммеңиз үлкен өзгерислер ҳаққында айттыңыз. Быйыл елимизде "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы", деп жәрияланған еди. Соннан келип шығып, елимиздеги барлық реформаларды өзинде жәмлеген бир тәреп ҳаққында айтпақшыман.

"Янги Ўзбекистон" газетасындағы мақалаларды қарақалпақ тилине аўдарма ислеў процесинде бир нәрсени билдим, өзбек тилинде "жақсылық" ҳәм "жасыллық" сөзлери форма жағынан да, мазмун жағынан да уқсас екен. Соның ушын, жаңа Өзбекстандағы реформаларды жасыл, жақсылық сиясаты, деп атаған болар едим. Бул ҳәр тәреплеме сәйкес келеди. Усы ўақытқа шекем Арал машқаласы ҳаққында ҳәмме айтты. Усыныслар ортаға тасланды, додалаўлар өткерилди. Бирақ, тән алайық, анық жумыс орынланбаған еди. Президентимиз 2018-жыл 15-16-ноябрьде Қарақалпақстанға сапары ўақтында ҳәммеси өзгерди. Мәмлекетимиз басшысы Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында жасыл қапламалы қорғаў тоғайын жаратыў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берди. Расын айтқанда, анық нәтийже көрингенге шекем жаңа жойбардың нәтийжесине көпшилик исенимсизлик пенен қарады. Бирақ Ўатанымыздың ҳәр бир қарыс жерин билетуғын, ондағы машқалалардан хабардар болған мәмлекетимиз басшысы олардың шешимин де анық айтқан еди.

Әне усы баслама тийкарында Арал теңизиниң суўы қурыған майданы түп-тийкарынан өзгерди. Космостан қараған адам қоңыр түсли шөлистанлық орнында жасыл мәканды көретуғын болды. Тек ғана усы жылдағы жумысларды таллап көрсек. Быйылғы мәўсимде тоғайластырыў жумыслары ушын сексеўил, қарабарақ сыяқлы шөл өсимликлериниң 413 тонна туқымы терип алынды. Буннан тысқары, быйылғы мәўсимде 71,9 мың гектар майданда шөл өсимликлери егилди. Соннан 71 мың гектарға өсимлик туқымы себилди ҳәм 0,9 мың гектарға нәл егилди. Бул усы жылғы режениң 79 проценти орынланды, дегени. Қалаберди, 2025-жылы "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде терек нәллерин жеткерип бериў ушын тоғай хожалықлары тәрепинен 198,6 гектар майданда нәлханалар шөлкемлестирилди.

"Жасыл мәкан" шеңберинде 2025-жылдың бәҳәрги мәўсиминде 9 миллион 743 мың түп саяманлы ҳәм мийўели терек нәли егилип, белгиленген реже 105,3 процент орынланды.

Сондай-ақ, Экология министрлигиниң қаржылары есабынан Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги шөлкемлерине бәҳәрде 40 мың түп саяманлы, мийўели терек ҳәм пута нәли жеткерип берилди.

Өзбекстан Президентиниң "Республикада жасыллық дәрежесин және де арттырыў, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарын избе-из әмелге асырыў арқалы экологиялық турақлылықты тәмийинлеў илажлары ҳаққында"ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Аралбойы аймақларында экологиялық жағдайды жақсылаў, глобал ықлым өзгерислериниң унамсыз тәсирин және де жумсартыў ушын 200 мың гектар майданда қорғаў тоғайлықлары жаратылды.

Улыўма, бүгин Қарақалпақстан түп-тийкарынан өзгерди. Алыс районларда да өндирис кәрханалары пайда болды. Нәтийжеде жумыс орынлары жаратылды, жаңаша ҳәм жоқары дәрежедеги турмыс нәпеси кирип келди. Мине усындай әмелий жумыслар, жасыл басламалар, ҳәммеге бирдей жақсылық тилеў сиясаты менен жаңа Өзбекстанға тийкар салынбақта.

Аўа, бүгин биз жасыл арзыўларды тәрбиялап атырған жаңа Өзбекстанда жасап атырмыз!