Ҳақыйқатында да, бүгинги избе-из реформалар, жаратылған имканият ҳәм шараятлар себепли жасларымыз мине усы жолда билим, илим алмақта, ҳәр қыйлы тараўларда мийнет етип, жәмийеттиң белсенди, интакер ҳәм алдынғы адамына айланған. Олардың күш-ғайраты, ақыл-парасаты дүньяға үлги болады. Буны биз айтып атырғанымыз жоқ. Халықаралық минберлерде, халықаралық майданларда айрықша тән алынбақта.
Дүнья минберлериндеги ийгиликли басламалардың әмелге асыўы
Өзбекстан миллий, регионаллық ҳәм халықаралық шеңберде жаслар ушын қолайлы шараят жаратыў, олардың арасында өз-ара исеним орталығын қәлиплестириў, улыўма мақсетлерге умтылған жигит-қызларды бирлестириў ушын көплеген концептуаллық, шөлкемлестириўшилик, ҳуқықый әҳмийетке ийе әҳмийетли баслама ҳәм усынысларды турақлы алға қойып келмекте. БМШ Бас Ассамблеясы, ҒМДА, ШБШ, ИБШ, ТМШ ҳәм басқа да структураларда алға қойылған басламалар жаслардың глобал дүньяда белсенди, билимли ҳәм жуўапкершиликли шахс сыпатында қәлиплесиўине хызмет етпекте.
Өзбекстан 2018-жылы ШБШ Жаслар кеңесине, 2020-жылы ҒМДА Жаслар мәселелери бойынша кеңесине тең ҳуқықлы ағза сыпатында қабыл етилди. Мәмлекетимиз БМШ тәрепинен "Жаслар стратегиясы - 2030"ды үлгили әмелге асырыў бойынша таңлап алынған 10 мәмлекеттен бири. Бухара қаласы 2022-жылы Түркий дүнья жасларының пайтахты, Ташкент қаласы болса 2024-жылы ҒМДА регионында биринши жаслар пайтахты деп жәрияланды ҳәм оның шеңберинде болып өткен жарқын илажлар дүнья жәмийетшилигиниң итибарын және бир мәрте Өзбекстанға қаратты. Турақлылық, инновациялар, экология ҳәм социаллық әдилликке байланыслы көплеген әҳмийетли темалар додаланды.
Халықаралық минберлерде билдирилген усыныс ҳәм басламалардың әмелий көриниси сыпатында шөлкемлестирилип атырған форум ҳәм фестиваллар жасларды өз-ара дослық руўхында камалға келтириў, бул бағдарда стратегиялық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, мәмлекетлер арасындағы байланысларды беккемлеўге тийкар болмақта. Қалаберди, жаслардың халықаралық дәрежедеги бирге ислесиўи ҳәр қыйлы тараўларда, соның ишинде, турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўда айрықша әҳмийетке ийе.
Улыўма алғанда, жасларды бирлестиретуғын халықаралық илажлар келешек әўлад арасындағы дослық, аўызбиршилик ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларды беккемлейтуғын әҳмийетли қурал болып есапланады.
Өзбекстан - имканиятлар мәканы
Халқының 60 процентин жаслар қурайтуғын елимизде олардың потенциалын жүзеге шығарыў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелерден бири болып келмекте. Бүгин жаслардың мәплерин қорғаў, оларға зәрүр шараят жаратыў бағдарында беккем ҳуқықый база жаратылған. Өткен ўақыт даўамында басланған избе-из реформалар себепли көплеген жетискенликлерге ерисилди. Әҳмийетлиси, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта әмелий жумыслардың көлеми салмақлы дәрежеде артты. Мәмлекеттиң ғамхорлығы ҳәм итибарын күтип атырған және жәрдемге мүтәж жаслар менен ислесиў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды шет тиллер ҳәм кәсип-өнерге үйретиў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў, бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў бағдарында итибарға ылайық жумыслар исленбекте.
Кейинги жылларда жаслар менен ислесиў бойынша дүньяда уқсасы кем болған вертикал басқарыў системасы жаратылды. Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 19-январьдағы "Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық, мәҳәллелерде жаслар жетекшиси лаўазымы енгизилди. Өткен ўақыт даўамында жетекшилер жасларға жақын дос, мәсләҳәтши ҳәм жәрдемши болып келмекте. Жетекшиси мәҳәлледеги жаслар менен турақлы байланыста. Оларды социаллық белсендилик, билим алыў, спорт ҳәм мәдений илажларда қатнасыўға ийтермелейди. Теңлеслерин қыйнап атырған ҳеш бир машқала оның итибарынан шетте қалмайды. Себеби, жигит-қызлар бийтаныс емес, өз мәҳәллесиниң адамлары. Айырымлары турмыста өз орнын табыўға қыйналып атырған болыўы мүмкин. Киши бир мәсләҳәт ямаса жәрдем инсан өмирин түп-тийкарынан өзгертип жибериўи, дурыс жолда раўажланыўына түртки бериўи ҳақыйқат. Жаслар жетекшиси бул ўазыйпаны бийғәрез орынламақта.
Бул система арқалы жүзлеген, мыңлаған жаслардың билим алыўы тәмийинленбекте, көпшилиги исбилерменликти жолға қойды, бәнтлиги тәмийинленген жаслар бүгин ҳеш кимниң жәрдемине мүтәжлик сезбей атыр.
Мәҳәллелерде жаслар жетекшилери системасы жолға қойылғаннан кейин жаслар сиясаты түп-тийкарынан өзгерип, пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. Енди лаўазымға кирисип атырған жаслар жетекшилериниң кәсиплик көнликпелерин қәлиплестириў мақсетинде оларды системалы түрде оқытыў жолға қойылатуғын болды.
Жаслар бәнтлиги
Ҳәр жылы мийнет базарына 600 мыңнан аслам жас кирип келеди. 2030-жылға барып бул көрсеткиш 1 миллионға жетеди. Бул мәмлекет ҳәм жәмийетке үлкен жуўапкершилик жүклейтуғыны сөзсиз.
Мәмлекет экономикасының раўажланыўында жаслар бәнтлиги әҳмийетли орын ийелейди. Жумыс пенен тәмийинленген жигит-қызлар турмысын еркин басқара алады, шаңарақ абаданлығына ериседи, бул жәмийеттиң турақлылығына унамлы үлес қосады. Жаңа идеялар, технологиялар, инновациялық басламалар да кәсип пенен шуғылланып атырған умтылыўшаң жаслардан шығады. Жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәсип-өнерге үйретиў, жаслар исбилерменлигин раўажландырыў сыяқлы илажлар мине усы ийгиликли мақсетке қаратылған.
Президентимиздиң 2025-жыл 14-февральдағы "Жаслар исбилерменлигин ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған бизнес жойбарларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық, жумыссыз ҳәм бизнесин баслаў тилегиндеги жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған Жаслар бәнтлиги бағдарламасы қабыл етилип, усы жылдың 1-июньине шекем 161,5 мың жигит-қыздың бәнтлиги тәмийинленди. Бул бағдардағы жумыслар еле даўам етеди.
Жумыс ислейтуғын жас шаңарағына жәрдем береди, келешек ушын режелер дүзеди. Турмыслық тәжирийбе, маманлыққа ийе болады, жуўапкершилик сезими күшейеди. Өз дәраматына ийе болыў кәмбағаллық дәрежесин азайтады, бир жумыс пенен бәнт болған инсан жат идеяларға жақын жүрмейди.
Және бир ийгиликли баслама. "Алоқабанк" тәрепинен "Жаслар бизнеси" бағдарламасы әмелге асырылып, бағдарлама шеңберинде 3698 жойбарға 449,6 миллиард сум узақ мүддетли жеңиллетилген кредитлер ажыратылды ҳәм 7869 жаңа жумыс орнына жумыссыз жаслар жайластырылды. Миллий банк тәрепинен болса "Келешекке қәдем" бағдарламасы шеңберинде 22,7 мың питкериўши жумысқа жайластырылды ҳәм 1549 студенттиң 26,8 миллиард сумлық бизнес жойбарлары қаржыландырылды.
"Жаслар дәптери"не киргизилген 5,8 мың жасқа субсидия ажыратылып, өзин-өзи бәнт етиўине жәрдем берилди. Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде 47,8 мың жасқа жеңиллетилген кредит ажыратылды.
Булардың барлығының тийкарында келешек ийелери болған бүгинги жигит-қызларға ғамқорлық, потенциалын раўажландырыў, оларға исеним менен қараў, билим алыў ҳәм мийнет етиўи ушын шараят жаратыў сыяқлы ийгиликли мақсет жатыр.
Жерди бақсаң, жер сени бағады
Президентимиздиң және бир әҳмийетли басламасы менен 2024-жылы 154,8 мың жасқа 57,1 мың гектар жер ажыратылды. Нәтийжеде олар тәрепинен 156,4 мың тонна аўыл хожалығы өними жетистирилди. 2025-жылы да бул система даўам еттирилип, және 4,8 мың жасқа дийқаншылық ушын 2,5 мың гектар егислик майдан ажыратылады.
Нәтийжеде 2474 мәҳәлле "жаслар жумыссызлығынан жырақ болды". Быйыл күтилип атырған зүрәәтлилик муғдары және де жоқары. Себеби жас дийқанлар өткен ўақыт даўамында жерден үнемли пайдаланыў көнликпесин алды, белгили бир тәжирийбеге ийе болды.
Дийқан жердиң тилин түсинсе, жер де оннан берекетин аямайды. Жерге берилген меҳирди ертеңги күнниң үмитине теңеў мүмкин. Жасларға мине усы үмит, еркин мийнет етиў имканияты берилмекте. Буның менен шаңарақлардың абаданлығы, ел дастурханының молшылығы да нәзерде тутылған. Қалаберди, инновациялық идеялар, заманагөй агротехнологиялардың авторлары интеллектуаллық потенциалы менен тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўы мүмкин. Жетистирилген өним болса азық-аўқат қәўипсизлигине хызмет етеди. Бос турған жерлер өзлестириледи, инфраструктура раўажландырылады.
Тил билген ел биледи
Халқымыздың бул үгити бүгинги күнде және де кеңирек әҳмийетке ийе болмақта. Негизинде барлық дәўирде тил билиў дүнья есиклери, халықаралық имканиятларға жол ашқан. Өзбекстан бүгин дүньяға ашық мәмлекет ҳәм бул процесс жедел даўам етпекте. Шет тиллерде сөйлесе алыў сыртқы дүнья менен байланыстыратуғын көпир есапланады. Сонлықтан, инсан ушын ана тили менен бирге шет тиллерин билиў дүньяға шығыўда жүдә әҳмийетли.
Жаслардың шет тиллерин терең үйрениўге қызығыўшылығын арттырыў дыққат орайында. Бүгин нәўқыран әўлад ўәкиллери жеке, билимлендириў, кәсиплик раўажланыўда тил билиўдиң әҳмийетин түсинип жеткен. Дүньяның абырайлы университетлеринде билим алыў, шет тиллердеги илимий дәреклерден пайдаланыў, халықаралық компанияларда ислеў, туризм, IТ, исбилерменлик сыяқлы тараўларда нәтийжели жумыс алып барыўда әйне тил билиў үлкен абзаллық береди.
Жаслардың шет тиллерин үйрениўин хошаметлеў мақсетинде халықаралық сертификатты қолға киргизген 6,8 мың жасқа имтихан тапсырыўға байланыслы 15 миллиард сум қәрежети қаплап берилди. Нәтийжеде бир ғана халықаралық IELTS имтиханынан 5,5 балл алған жигит-қызлардың саны 2020-жылдағыдан 5 есеге, 7-8 балл алғанлар 7,5 есеге, 8,5-9 балл алғанлар 24 есеге артты.
Шет тилин үйретиўге қаратылған және бир әжайып жойбар - "Ибрат фарзандлари" арқалы 22 шет тили, шет еллилер ушын өзбек тили, саўатлылық сабақлары, имо-ишара тили, IELTS, TOEFL, IT-English курслары үйретилип келинбекте. Жойбар арқалы Өзбекстанда биринши болып сырт елли мийманлар ушын өзбек тили ҳәм грамматикасын үйретиў жолға қойылған.
Шет тиллерин үйрениўди және де жетилистириў мақсетинде “Ibrat Academy” мобил қосымшасы ислеп шығылған болып, онда пайдаланыўшылар усы тиллерди үйрениўи, сөзлик ядлаў ҳәм тест шешиў арқалы билимлерин беккемлеп барыўы мүмкин. “Ibrat Academy” мобил қосымшасында болса 2,4 миллион адам тил үйренбекте. Олардан 304 мыңнан асламы тил сертификатларын қолға киргизген.
Мобил қосымшаға тил үйретиўдиң ең заманагөй методикасы тийкарында жасалма интеллект қатнасыўында жаратылған Super Start, Elementary English, “Тезкор” сыяқлы рус тили курслары жайластырылған болып, оларда тил билиўдиң 6 көнликпеси - тыңлап түсиниў, оқып түсиниў, сөйлеў, оқыў, сөзлик ядлаў ҳәм грамматикалық қағыйдалар қызықлы шынығыўлар тийкарында аңсат, тез ҳәм нәтийжели үйретиледи.
Шет тиллерин үйретиў тилегиндеги исбилерменлерге жаңа жеңилликлер берилгени нур үстине нур болды. Шет тиллерден "С1" дәрежесине ийе жаслар баслама көрсетип, алыс ҳәм шетки аймақларда шет тиллерге қәнигелескен оқыў орайларын ашса, оларға 120 миллион сумға шекем процентсиз ссуда бериледи.
Сондай-ақ, мийнет базарына тил билетуғын жаслардың кирип келиўин хошаметлеў ушын жеке меншик оқыў орайларында шет тиллерин үйренетуғын жасларға қәрежетлери "2+6" түринде қаплап берилетуғыны жолға қойылған. Онда оқыў қәрежетлериниң дәслепки 2 айы оқыўшылардың өз қаржысынан, қалған 6 айы мәмлекет есабынан төлеп берилиўи жаслардың тил билиўге қызығыўшылығын арттыратуғыны, бәсекиге шыдамлы кадрлар болып қәлиплесиўине жәрдем беретуғыны сөзсиз.
Себеби жетик билим ҳәм потенциалға ийе, сырт елли бирге ислесиўшилер менен еркин пикирлесиўге кирисе алатуғын, инвестицияларды тартыўды билетуғын, дүньяда жүз берип атырған ўақыяларды шет тилинде де еркин баянлай алатуғын кадрлар таярлаў бүгинги күнниң әҳмийетли талабы болып есапланады. Исленип атырған барлық жумыслар мине усы ийгиликли мақсетке қаратылған.
Бос ўақыт - бийбаҳа ўақыт
"Бес баслама олимпиадасы," "Жас китапқумар" таңлаўы ҳәм басқа да ири жойбарлар тек ғана жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериўи емес, ал жеке раўажланыўында да үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Тек ғана усы жылдың өткен дәўиринде бундай мәдений-ағартыўшылық илажлар, таңлаў, жарыс ҳәм жойбарларға миллионлаған жаслар қамтып алынды.
Буннан тысқары, заманагөй кәсиплер ҳәм китапқумарлыққа байланыслы "Мутолаа", “Ustoz AI” ҳәм "Қызлар академиясы" сыяқлы жойбарлар жигит-қызлардың турмысына өзгеше мазмун бағышламақта.
"Китапқумар миллет" идеясы тийкарында жасларда китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириў улыўма миллий ҳәрекетке айланды. Бир топар белсенди жаслар тәрепинен жаратылған "Оқыў" жойбары арқалы 1 миллионнан аслам жас китапқумарлар қатарына кирди.
Дәстүрий тәризде өткерилип атырған "Жас китапқумар" таңлаўында қатнасыўшылардың саны 6 есеге артып, 3 миллионға жетти.
Таңлаў 3 жас категорияда (10-14 жас, 15-19 жас, 20-30 жас) мәҳәлле - сектор - район - аймақ - республика басқышларында өткериледи. Шәртлер де жетилистирилген, ең күшли, заманагөй китапқумар жасларды таңлап алыўға бағдарланған. Онда қатнасыў ушын 10-14 жастағылар арнаўлы қәлиплестирилген дизим тийкарында 40 атамадағы, 15-19, 20-30 жастағылар 50 атамадағы өзбек ҳәм жәҳән әдебияты дүрданалары, илимий-ғалабалық шығармаларды оқыўы белгиленген.
Таллаўларға бола, китап дүканлары ҳәм китапханаларда ең көп изленип атырған китаплар да "Жас китапқумар" таңлаўында жәрияланған 140 атамадағы әдебиятлар екени белгили болды. Бул китап базарында талап ҳәм усыныстың артыўына да хызмет етпекте.
Атап өтилиўинше, 2017-жылдан берли 238 жас китапқумар таңлаўдың республикалық басқышында қатнасқан болса, соннан 17 си жеңимпазлықты қолға киргизип, Президент саўғасы - автомобиль жеңимпазы болды.
Таңлаўда қатнасыў ушын 2024-жылы 915 мыңға шамалас жас арза тапсырғаны таңлаўдың көлеми ҳәм абырайы қаншелли жоқары екенин көрсетип тур.
Үшинши Ренессанс дөретиўшилери
"Келешекте Үшинши Ренессанс тийкарын жарататуғын жаңа Хорезмийлер, Берунийлер, Ибн Синалар, Мырза Улығбек ҳәм Әлийшер Наўайылар қай жерден пайда болады? Бул үлкен ўазыйпаларды ким орынлайды?
Мен қайта-қайта тәкирарлаўдан шаршамайман. Әлбетте, бул ийгиликли идеяларды сизлер - бүгинги жаңа Өзбекстан жаслары әмелге асырасызлар", деген еди мәмлекетимиз басшысы жаслар менен усы жылдың 14-февраль күни болып өткен сөйлесиўинде.
Кейинги жыллары мәмлекетимизде жоқары оқыў орынларының саны 3 есеге көбейтилип, системада қамтыў 42 процентке жетти. Ҳаял-қызлардың контракти мәмлекет тәрепинен қаплап берилип атырғаны есабынан студент қызлардың саны 11 есеге көбейди.
Жақында қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен пикирлесиў бойынша жумыс алып барып атырған "Эл-юрт умиди" қоры Өзбекстан Президенти жанындағы Перспективалы кадрларды таярлаў бойынша "Эл-юрт умиди" қоры етип қайта шөлкемлестирилди. Профессионал, терең билимге ие ўатансүйгиш, ўатанын сүйиўши жасларды тәрбиялаў ҳәм оларды сырт елде оқытыў имканиятлары кеңейтилди.
Жақында иске қосылған "Президенттиң қәбилетли перзентлери" жойбары жас әўладқа күшли исеним ҳәм стратегиялық көзқарасларды билдиретуғын, интеллектуаллық, дөретиўшилик имканиятларды жүзеге шығарыў ушын майдан ўазыйпасын атқармақта.
Нәўқыран әўлад ўәкиллериниң ҳәр тәреплеме жетик болып камалға келиўи ушын барлық имканият иске қосылмақта. Мақсет биреў - дүнья жәмийетшилигине өзгерислер, социаллық тенденцияларға ләббай деп жуўап беретуғын, ўатансүйгиш, билимли жасларды камалға келтириў. Оларды журттың ҳақыйқый перзентлери етип тәрбиялаў.
"Жаслық - бул жүректиң алтын сазы", деген еди уллы шайырымыз Еркин Ваҳидов. Солай екен, нәўқыран әўлад ўәкиллериниң ҳәр бир күни алтын сазда жырланатуғын байрам. Олардың қәлбин байрамлар шадлығы тәрк етпесин.
Рисолат МАДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы