Кейинги жылларда халықтың тыныш-татыў турмыс кешириўи ушын ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик механизмлер түп-тийкарынан қайта көрип шығылды. Ҳуқық қорғаў уйымларының жумысы қайта қәлиплестирилди, заманагөй техника ҳәм материаллық ресурслар менен тәмийинленди. Ең тийкарғысы, ҳуқықбузарлықты жазалаў емес, ал жынаятлардың алдын алыў тийкарғы нормаға айланбақта.
Президентимиздиң 2025-жыл 3-январьдағы "2025-жылда республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында"ғы қарарында барлық жуўапкер уйымлардың алдына жынаятлардың алдын алыўға бағдарланған инфраструктура жаратыў ўазыйпасы қойылды. Усы тийкарда орынланған жумыслар нәтийжесинде 2025-жылдың дәслепки 5 айында орташа дәрежедеги жынаятлар 12, аўыр жынаятлар 37,3 процентке азайды. Адам өлтириў, урлық, тонаўшылық, алдаўшылық ҳәм мәс ҳалда автоавария ислеў сыяқлы көплеген жынаят түрлери кескин азайыўына ерисилди.
Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы тийкарында усы жыл даўамында мәмлекетте криминоген жағдай аўыр болған аймақлардағы реал жағдай үйренилип, арнаўлы жумысшы топарлар тәрепинен мәҳәллелердеги "жетилик"тиң жумысы, ҳуқықбузарлықлардың себеплери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў жумыслары ҳәр тәреплеме талланды. Тилекке қарсы, үйрениўлер айырым "мәҳәлле жетилиги" ҳәм басшылар бул тараўдағы талап ҳәм ўазыйпалардан хабарсыз екенин, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға жуўапкершиликсиз қарап атырғанын көрсетти.
Жынаятлардың 36,4 проценти мәҳәллелерде исленгени жергиликли дәрежедеги профилактика жумысларының талап дәрежесинде емеслигинен дәрек береди. 813 мәҳәлле "қызыл" категорияға киргизилгени болса оларда жынаятшылық жоқарылығын аңлатады. Демек, орынлардағы "жетиликлер"диң жумысын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў, оларды қайта таярлаў ҳәм қадағалаўды күшейтиў талап етилмекте.
Қәўетерге салатуғын жағдайлардан бири - шаңарақларда жүз берген адам өлтириўлер. Усы жылы жүз берген бундай аўыр жынаятлардың 53,4 проценти шаңарақлық қатнасықлар шеңберинде исленген. Бул болса шаңарақлардағы келиспеўшиликлерди ерте анықлаў, руўхый түскинлик ҳәм зорлық жағдайларына илаж көриў бойынша жуўапкер уйымлар жетерлише жумыс ислемей атырғанының ақыбети болып есапланады. Самарқанд ҳәм Наўайыда жүз берген еки аянышлы жынаят шаңарақлық келиспеўшиликлер ҳәм қыйын жағдайлар жынаятқа шекем алып келиўи мүмкин екенлигин айқын көрсетти.
Бир қарағанда жаслар арасындағы жынаятшылық статистикасында унамлы өзгерислер жүз берип атырғандай көринеди. Бес айда 2846 жас 2919 жынаят ислеген, көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 20 процентке азайған. Бирақ жас өспиримлер тәрепинен исленген 567 жынаяттың 84,3 проценти тәрбиядан шетте қалған, ата-анасы жетерли итибар бермеген балалардың үлесине туўра келмекте. Бундай жағдайлар "шаңарақ - мектеп - мәҳәлле" системасы соңғы ўақытлары талап дәрежесинде ислемей атырғанынан дәрек береди.
Ҳаял-қызлар ислеп атырған жынаятлар да өз алдына таллаўға мүтәж. 2025-жылда 672 ҳаял 723 жынаятқа қол урған. Олардың арасында аўыр жынаятлар бар. Әсиресе, Үргенште жүз берген оғада аяўсыз жынаят социаллық машқалалар шешилмей қалғанда ҳаяллар да жынаятшыға айланыўы мүмкин екенлигин көрсетти. Ҳаял-қызлар менен ислейтуғын белсендилер ҳәм "мәҳәлле жетилиги" оларға зәрүр жәрдем көрсетпеген, профилактика жумысларын алып бармаған.
Және бир машқала - мәлимлеме технологиялары қуралында жүз берип атырған кибержынаятлар. Бес айда 18 мың 327 усындай жынаят исленген. Олардың 94,4 проценти алдаўшылық ҳәм урлық. Бул көрсеткишлер жынаячтшылықтың заманагөй түрлерге өтип атырғанын көрсетеди. Демек, ҳуқық қорғаў уйымлары да жумысын жедел санлы таллаў ҳәм электрон қадағалаў тийкарында шөлкемлестириўи зәрүр.
Жынаятшылыққа қарсы гүресиўде белгили жетискенликлерге ериспектемиз. Көрилип атырған илажлар, соның ишинде, нәтийжели профилактикалық жумыслар унамлы нәтийже бермекте. Бирақ жынаятшылықты толық сапластырыў ушын мәҳәлле системасын усы бағдар көзқарасынан қайта көрип шығыў, ҳәр бир шаңарақтағы машқалаларды ерте анықлаў, балалар, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен мәнзилли ислесиў, санлы таллаўды күшейтиў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды арттырыў талап етиледи.
Жынаят ҳәм ақыбети менен емес, ал себеплери менен гүресиў - ең нәтийжели жол. Усындай қатнас пенен ғана жәмийетте ҳақыйқый қәўипсиз орталықты жаратыў мүмкин.
Қутбиддин БУРХАНОВ,
Олий Мажлис Сенатының Қорғаныў ҳәм
қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы