"Маған унады".

"Оған да унады".

"Ох-о! Жүдә көп адамға унады!"

Бүгин социаллық тармақларда әйне усындай жуўмақларды көбейтиў ушын шын мәнисинде "жарыс" баслап жиберилгени ҳеш кимге сыр емес. Бирақ, "Хош, не унады?", "Қандай категория ҳәм көзқарастағы адамларға унады?", "лайк белгилеўшилердиң дәрежеси қандай?" сыяқлы сораўлар болса, тилекке қарсы, көзден тасаланып қалмақта.

Әййемде де мәпдар адамлар қандай да бир идея ҳәм мақсетлерин жүзеге шығарыў яки сиясий процесслердеги өзгерислерди әмелге асырыў ушын аламан кейпиятынан усталық пенен пайдаланған. Дәслеп әсте-ақырын бир-еки адамға сыбырлап, даўрық шығарыўға тырнақ тасын қойған. Өсек тасыйтуғын айрықша адамлар таңланған ҳәм оларға материаллық хошамет есабынан әне усындай тапсырма берилген. Гәп-сөзлер адамларды ҳәрекетке келтирген ҳәм искерлиги әйне гәп-сөзлердиң тийкарын салыўшы күшлердиң идеяларына қарай бағдарланған. Халықтың көтерилиси - жақсыдан жаман ҳәм жаманнан жақсы дөретиўдиң ең күшли қуралы есапланған.

Гейде бундай мыш-мышлардан бир адам, мәселен, патша яки белгили бир топар - сарай адамлары, дин адамлары пайдаланған. Бундай үгит-нәсиятлаў усыллары ҳәм идеялар жолындағы гүреслер көплеген көркем шығармалар, фильмлерде де келтирилген. Мәселен, Уйғун ҳәм Иззет Султанның "Наўайы" драмасында Хусайн Байқараға өз тәсир күшлерин арттырыў, бул мақсетлерине тосқынлық ететуғын ўәзир - Әлийшер Наўайының жолларынан алып таслаў ушын тап усындай усылдан пайдаланылғанын көриў мүмкин. Наўайы ҳәм Хусайн Байқара ортасындағы қатнасықларды бузыўдан мәпдар болған Мажидиддин ҳәм басқа шахслар қастан дәлдалшылар жәрдеминде Наўайы сүйген қызды патшаның ҳәремине киргизеди. Бул өз-өзинен әмир ҳәм оның ўәзири ортасына суўықлық түсиўине себеп болады.

Яки, Абдулла Қадирийдиң "Меҳробдан чаён" романындағы ўақыяға итибар бериң. Салих махдум қызы Рананы Анварға бериўди ықтияр еткен. Бирақ, Абдураҳман мырза да Ранаға ашық. Буннан тысқары, ол да мирзабасы лаўазымына талабан. Рананы да, лаўазымды да Анвардың ийелеп атырганы молла Абдирахманды қапа етеди ҳәм Гүлшан ҳаял арқалы Рананың гөззаллығы ҳаққындағы хабарды ханға жеткереди. Мақсет анық, Анварды мирзабасылықтан түсириўге ерисиў ҳәм өз идеяларын әмелге асырыў. Әлбетте, бул шығармаларда көркем тоқыўлардан пайдаланылған. Бирақ бул шығармалар бойынша изертлеў жумысларын алып барған илимпазлар көркем тоқымалар да турмыслық тийкарларға ийе екенлигин айтады.

Негизинде биз келтирген мысаллар ҳәзирги күнде социаллық тармақларда усынылып атырған "драма"лардың примитив варианты. Бүгинги көпшилик "драмалар"дың артында да Мажидиддин ҳәм Абдураҳман сыяқлылар яки олардың топарлары мақсетине хызмет етиўши белгили бир идеялар тур.

Мен бийкарға "көпшилик" демедим. Тилекке қарсы, медиа өним жаратып атырғанлар арасында өз өнимлериниң ҳәр қандай социаллық-руўхый зыяны, қарама-қарсы әдеп-икрамлылық ямаса қарама-қарсы тәрбиялық өзгешеликлерин аңламаған, ал аңлаўды қәлемеген ҳалда, тек кеўил ашар ҳәм “like” ықласы артынан жумыс алып барып атырғанлар да бар. Гәп түсинбеўде. Бундайларды көз-көрмей жарлық тәрепке қәдем басып баратырған, изинен басқаларды да ертип баратырған, тилекке қарсы, усы басқалардың қурамында өзиниң жақынлары ҳәм келешек әўлады да бар екенлигин аңламаған мәңгүрлерге уқсатаман.

Айтайық, қандай да бир уятсыз ямаса бузықшщылыққа тән ҳәрекетлери арқалы қаржы таўып, "мәслик"те жасап атырғанын көрсетиў арқалы вайн жаратып атырған ҳаял-қызлардың унамсыз тәсир шеңберине өз жақынлары, қызлары, ақлықлары түсиўи мүмкин екенлигин неге түсинбейди? Ямаса, турмыс тәризи, қымбат баҳалы машиналары, әпиўайы туўылған күнлерин де тойға айландырып атырғанын көз-көз етиў ушын "саҳна" жаратып атырғанлар жаслардың санасында материаллық ҳәм руўхый мүтәжлик арасында оғада үлкен жарлық пайда етиўге үлес қосып атырғанын, бул жаслар болса жат миллет емес, әйне өзлериниң келешеги екенин билмей ме?

Мейли, енди "көпшилик"ти қойып турайық, белгили бир мақсет жолында жумыс алып барып атырған "үлкен процентлилер"диң өнимлерине нәзер таслап көрейик. Жақында мине усындай медиа өнимлеринен бири - киши драмаға көзим түсти. "Келиншек" тар, көкиреги ашық көйлекте байбатша еркектиң қасына шай әкелип "чай ишиң", деди наз бенен. Оның ҳәр бир қараўында, ҳәрекетинде, сөзлеринде ҳәм сүйкелислеринде мақсети аян еди. Еркек те көше көрип қойғанлардан емес пе, келиншектеги мейилликти сезди, әлбетте. Ол хийлекерлик пенен қарап, ҳаялдың көйлеги шырайлы екенин, көйлектиң ишиндеги оннан да шырайлы екенин мойынлады ҳәм соның менен тез тил табысып кетти. Хош, не болды, бундайлар көп-ғо, демекшимисиз? Бул бүгин дүнья бойлап жүз берип атырған ҳәм тез көбейип атырған әдепсизликлер алдында "ҳеш нәрсе", солай емес пе?

Бул "ҳеш нәрсе" драмасының артында миллеттиң оғада үлкен трагедиясы көринбекте. Әдепсиз еркек - қәйин атасы, оның алдында қыйсайып турған ҳаял - оның келини етип көрсетилди.

Әййемде, анығырағы жақын өтмиште де келинлер қәйин атасы ҳәм қайнағалары алдында ҳәттеки даўыслап күлиўге де уялған, олар арасында бәрқулла ийбе ҳәм әдеп пердеси турған. Көрип турғаныңыздай, мине усы ҳеш нәрседен шаўқым дөреп атыр. Кимдур жаға услап атыр, кимдур өкиниш пенен бас шайқайды, және кимдур, бул Батыстың тәсири екенин атап өтпекте. Бирақ, гәп бул жерде ўақыяның себебинде емес, ал мине усындай жағдайлар да жүз бериўи мүмкин екенлиги санасына сиңдирилиўинде. Яғный, дәслеп адамлар жағасын услайды, кейин "бурын да усындайын еситкенмен" дейди, бара-бара, бундай ҳәдийсеге әпиўайы жағдай сыпатында қарап, қолын бир силтеп қояды.

Бул "ҳеш нәрсе" мине сонда өз күшин көрсете баслайды: бундай мүнәсибетлер көбейип барыўы мүмкин. Себеби адамлар бул жағдайға үйренип, яғный, олардың көзлери де, қулақлары да, санасы да буған бейимлесип, әпиўайы социаллық-турмыслық ҳақыйқатлық түринде оны өзлестирип алған болады. Демек, социаллық әдеп-икрамлылық нормалары бузылады ямаса жеке әдепсизлик социалласады ҳәм ол енди социаллық әдепсизликке айланады.

Миллий әдеп-икрамлылық нормалары болса ҳәрбир миллетте миллий қәдириятлар тийкарында қәлиплеседи. Бундай қәдириятларға тийкарланған социаллық әдеп-икрамлылық дийўалларын қулатыў аңсат емес. Тап қәдириятлардың өзи жыллар, әсирлер даўамында, әсте-ақырынлық пенен қәлиплескени сыяқлы, олардың жемирилиўине қаратылған мақсетлер де әсте-ақырынлық пенен әмелге асырылады.

Жоқарыда айтып өткенимиздей, тәкирарлаўлар, қайта-қайта көрсетиўлер арқалы бундай руўхый кризислерге жәмийетте көнликпе пайда етилип, ол социалласып барады. Сол арқалы бундай ўақыялар күнделикли гүрриңге айландырылады ҳәм социаллық көзқараслар манипуляциясы әмелге асырылады. Басқаша етип айтқанда, түсиник ҳәм көзқараслар манипуляциясы арқалы тек адамлардың емес, ал пүткил бир миллеттиң ҳәрекети, миллий искерлигине тәсир көрсетиледи. Демек, бул үгит-нәсиятлаўдың заманагөй усылларынан бири болып, дәслеп "ҳеш нәрседен" шаўқым жаратылады ҳәм ол шынында да ҳеш нәрсеге ямаса әпиўайы жағдайға айландырылады.

Бундай драмаларды сахналастырып атырғанлар ҳәм оны қаржыландырып атырғанлар тап усы мақсетти нәзерде тутады. Бүгинги күнде ғалаба хабар қураллары үгит-нәсиятлаўдың оғада үлкен каналына, күшине айланғаны ҳәммеге белгили. Медиаөнимлер ҳәм олардың түрлери соншелли көп, ҳәммесин қадағалаў ямаса таллаўдың имканияты жоқ. Ҳәттеки, балаларымыз телефон арқалы көрип атырған ҳәм олар ушын арнаўлы таярланған киши видеокөринислер, мультипликациялық фильмлердиң ҳәммесин де көрип, олардың балалар тәрбиясы, талғамы ҳәм көзқарасларына қаншелли тәсир ететуғынын үйрениўге үлгерип болмайды.

Айтайық, бир бастан көрип келсеңиз, туппа-туўры фильм, бирақ қайсыдур сахнасында жас қыз ҳәм балалардың сүйискен сахналары "сиңдириледи". Ямаса айырым мультфильмлерде унамлы қаҳарман сыпатында көрсетилген кишкене қызлардың ярым-жалаңаш, тар кийимлерде, тағыншақларда еринлерин шошайтып бояп, балалардың алдында денесиниң қайсы бир бөлимлерин көрсетип, назланып шығады. Хош, буны көрген перзентлеримиз өзлериниң келешектеги келбетлерин қалай қәлиплестиреди?

Мультфильмдеги ўақыялардың раўажланыўы болса шынында да қызық, гейде үлкенлерди де сыйқырлап қояды. Биз үлкенлер ўақыялардың изинен кете беремиз де, бул ўақыялардың артында жасырынып ҳәм балалардың санасына синдирилип атырған "кийиниў мәденияты"на итибар бериўди умытып қоямыз. Яғный, тийкарғы идея бәрқулла фонда, сахна артында ямаса қызықлы ўақыялар орамына оралып, "жасырын" тәризде көзге ҳәм санаға сиңдирилип кетиледи.

Бундай медиа өнимлер пүткил жәмийет ушын социаллық қәўип алып келетуғын болса, оларды қадағалаў ушын да жәмийеттиң өзи жуўапкер болыўы керек.

Бизиң халқымыз турмысында әсирлер даўамында жәмәәтлик сезими үстин болып келген. Бул - биреўдиң баласы, бул маған жат, деген көзқараслар болмаған. Ғаррылар көше-күйде бийтаныс жасларды да тергестирип кете берген. Олар жәмәәтлик әдеп-икрамлылықты, социаллық әдеп-икрамлылық нормаларын, тәрбия тийкарларын усылайынша сақлап келген. Бүгин де биз жоқарыда тән алғанымыздай медиа өнимлердиң социаллық-руўхый мәнисин бақлап барыўда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўимиз зәрүр.

Тилекке қарсы, көп жағдайда буның керисин көремиз. Яғный, гейде илим ямаса дөретиўшилик ўәкиллериниң бақлаўшылары ҳәм олардың қойған постларына "лайк" белгисин қойыўшылар биз күйип-писип сынға алып атырған, әдепсиз медиа өнимлер таярлап атырған адамлар ямаса топарлардың санынан онлаған, ҳәттеки жүзлеген есеге аз. Бул болса жәмийет ушын қәўипли болған жағдай - ғалаба талаптың өтпейтуғын болып баратырғанынан, қәўиптен дәрек береди. Сол көпшилик те - биз, бизиң жақынларымыз, балаларымыз. Егер биз бундайлардың постларын бақламасақ ҳәм итибардан шетте қалдырсақ, ең әҳмийетлиси, перзентлеримиздиң медиа талғамын, медиа мүтәжлигин дурыслап тәрбиялай алсақ, бул ғалаба талапты арттырыўдың әҳмийетли гиреўи болады.

Дурыс, бул аңсат емес. Себеби көрме деген затты көриўге, алма деген затты алыўға адамдағы қуштарлық әзелден бар ҳәм бул оның тәбиятына тән. Демек, тәрбия усылларын, социаллық тәрбия системасын усыған тийкарланып жаратыўымыз ҳәм әмелге асырыўымыз лазым. Қалаберди, онда социаллық бирге ислесиўди жолға қойыў әҳмийетли орын ийелейди.

Қулласы, жоқ жерден шаўқым шығарып атырған ҳәм миллий қәдириятларымыздың өзегине шек қойып атырған медиа өнимлерден хабардар болыў - миллет келешеги, өз келешегимиз ушын қайғырыў дегени.

Камолиддин ТУРАЕВ,

философия илимлери бойынша философия докторы, доцент