2025-жыл 1-октябрьден Өзбекстан нызамшылығында қандай өзгерислер күшке киреди?

    28 қыркүйек 2025 1034

    Өзбекстан Республикасы миллий нызамшылығында 2025-жыл 1-октябрьден күшке киретуғын тийкарғы өзгерислер ҳаққында мағлыўмат.

    Судьялар курслары

    Судья лаўазымына талабанлар академияның 6 айлық кәсиплик қайта таярлаў курсларында судьялық қәнигеликлери бойынша мәмлекетлик грант тийкарында таярланады.

    Онда кәсиплик қайта таярлаў курсларына қабыл етилген пуқаралардың тийкарғы жумыс орны бойынша ийелеп турған лаўазымы сақланып қалады ҳәм оларға судья жәрдемшисиниң айлық мийнетке ҳақы төлеў фонды муғдарында ҳәр айда стипендия төленеди.

    Инвестиция платформалары ҳәм "Тәртипке салыў қум қутысы"

    2026-жыл 1-октябрьге шекем төмендеги бағдарлар бойынша "Тәртипке салыў қум қутысы" арнаўлы ҳуқықый режиминдеги инвестициялық платформалардан пайдаланыўға рухсат бериледи:

    қымбат баҳалы қағазларды жайластырыў ҳәм реализациялаўда;

    венчур ҳәм пай қорларын қаржыландырыўда;

    коммандит ширкетлерге үлес қосыўда.

    Жер асты байлықларын өзлестириўге рухсатнамалар ушын бөлип-бөлип төлеў

    Пайдалы қазылма кәнлерин ашық усылда қайта ислеўди шөлкемлестириўши исбилерменлик субъектлерине жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын рухсатнамалар бериў бойынша аукционда төлеў усыныс етилип атырған сумманы бөлип-бөлип төлеў имканияты бериледи.

    АУКЦИОНСЫЗ УЧАСТКАЛАРДыҢ ИЖАРАСЫ

    Исбилерменлер өз имаратлары ҳәм объектлерине тутас жер участкаларын, соның ишинде, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде турақлы пайдаланыўда болған жерлерди ижараға алыўы мүмкин болады (билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери жанындағы участкалар буған кирмейди).

    Ижара төмендегише әмелге асырылады:

    аукционсыз - тиккелей, егер жер исбилерменниң объекти менен шегаралас болса;

    бир календарь жылдың мүддетине создырыў мүмкиншилиги менен;

    ижара ҳақысы жер салығының 3 есесине шекемги муғдарда;

    Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен қадағалап барылатуғын шәртнамаларды дизимге алыўдың электрон системасы бойынша.

    Хызмет сапарлары ҳаққындағы есабатлар - бирден-бир платформада

    Мәмлекетлик хызметкерлердиң сырт елге ҳәм ишки хызмет сапарларын шөлкемлестириў, олардың есабын жүргизиў ҳәм таллаў «hrm.argos.uz» электрон системасы структурасындағы «Xizmat safari» бирден-бир модули арқалы әмелге асырылады. Бунда:

    хызмет сапарларының режелери ҳәм нәтийжелери, географиясы, хызметкерлер саны ҳәм қәрежетлерин онлайн бақлап барыў имканияты жаратылады;

    хызмет сапарларының белгили бир мәмлекетлик уйымның жумыс нәтийжелилигине тиккелей, аралық ҳәм жуўмақлаўшы тәсири мониторинг етиледи;

    мәмлекетлик хызметкерлер ҳәр бир сырт елге хызмет сапарының жуўмағы бойынша есабат береди ҳәм усы есабат тийкарында хызмет сапарының нәтийжелилигине баҳа бериледи.

    Мәмлекетлик сатып алыўлар ушын сертификатланған мебель

    Мәмлекетлик сатып алыўлардың электрон системалары операторларының электрон кооперация порталы ҳәм "Миллий дүкан" бетлеринде тек ғана жергиликли ислеп шығарылған товар сертификатына ийе мебель өнимлерин жайластырыўға ҳәм усы сертификатқа ийе исбилерменлик субъектлерине саўдаларда қатнасыўға рухсат бериледи.

    Пенсияларды тайынлаў ҳәм төлеў тәртиплерин санластырыў

    Мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳәм пенсияларды нақ пулда төлеў менен байланыслы хызметлер "Халық банки" АК тәрепинен пуқараларды биометрикалық идентификациялаў (Face-ID) ҳәм электрон санлы қол қойыў арқалы көрсетиледи. Бунда:

    Әдиллик министрлиги Пуқараларды биометриялық идентификациялаў бойынша мағлыўматларды Пенсия қоры ҳәм АК "Халық банки"ниң электрон сораўына тийкарланып бийпул усынады;

    биометриялық идентификациялаў тийкарында көрсетилетуғын хызметлерди енгизиў ушын пайдаланылатуғын қурылмаларды сатып алыўға байланыслы қәрежетлер Пенсия қоры ҳәм АК "Халық банки" есабынан қаржыландырылады.

    Сондай-ақ, пуқараларға пенсия тайынлаўда әмелий жәрдем көрсетиў, соның ишинде, мийнет стажы ҳәм мийнет ҳақы бойынша электрон мағлыўматлардағы кемшиликлерди сапластырыў хызмети жолға қойылады.

    Акцизсиз ақ қумшекер

    Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилетуғын дәм бериўши ҳәм рең бериўши қосымшаларсыз ақ қумшекерге акциз салығы бийкар етиледи.

    "Жасыл сертификат" кимлерге тийисли?

    Қоршаған орталыққа тәсир көрсетиўдиң I ҳәм II категорияларына тийисли жумыс түрлериниң технологиялық процесслери әмелдеги "Жасыл сертификат"қа ийе болыўы керек.

    Өзбекстанда ислеп шығарылған, техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлердиң талапларына муўапықлығы мәжбүрий тастыйықланатуғын өнимлерге муўапықлық сертификатын бериў ушын әмелдеги "Жасыл сертификат"тың бар екенлиги мәжбүрий болып есапланады.

    Технологиялық процесслерди экологиялық сертификатластырыў бойынша 2026-жыл июльге шекем шәртнама дүзген хожалық жүргизиўши субъектлер ушын сертификатластырыў жумыслары бийпул әмелге асырылады.

    Товарларды бажыханада рәсмийлестириў - "Бир айна" арқалы

    Товарлардың алып кирилиўи, алып шығылыўы ҳәм транзитине байланыслы барлық сертификатлар, жуўмақлар ҳәм руқсат бериўши ҳүжжетлер тек ғана "Бир айна" бажыхана мәлимлеме системасы арқалы рәсмийлестириледи.

    Субсидиялар, грантлар - социаллық карта бойынша;

    Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик мақсетли қорының қаржылары есабынан пуқараларға ақшалай түрде берилетуғын субсидия, грант ҳәм кредитлер басқышпа-басқыш социаллық карта арқалы бериледи.

    «Norma» мәлимлеме-ҳуқықый порталы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates