Күшли экономиканы қәлиплестириў, әдиллик, нызам үстинлиги, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, халықтың дәраматын арттырыў және халықаралық стандартларға сәйкес келетуғын социаллық қорғаў системасын енгизиў бүгин жаңа Өзбекстандағы халықшыл реформалардың тийкарғы мақсети болып есапланады. Бул жақында парламент палаталарында болып өткен мәжилислерде айрықша атап өтилди. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлис Нызамшылық палатасында 20-ноябрь күни болып өткен мәжилисте Сайхунабад, Уйчи, Зарбдор, Ғиждувон тәжирийбелери тийкарында “Кәмбағаллықтан абаданлыққа” комплексли бағдарлама қабыл етилгенин ҳәм оның шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар унамлы нәтийже берип атырғанын атап өтти. Усындай илажлар себеп жумыслы болып атырған, шаңарағына берекет кирип атырған шаңарақлардың қатары кеңеймекте. Жумыс ҳәм турақлы дәраматқа ийе адамлар тек ғана үй-руўзыгершилигин жетилистирип қоймастан, ал жаңа жумыс түрлери менен шуғылланыўға ҳәрекет етпекте.
Кәмбағаллық тек ғана экономикалық емес, ал социаллық ақыбетлер, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаўдағы кемшиликлер, аяўсызлық ҳәм шекленген имканиятлар менен байланыслы машқала болып есапланады. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша әҳмийетли унамлы нәтийжелерге ерисилип атырғаны мине усы тәреплер менен де әҳмийетли.
Мәмлекетимизде 2024-жылдың қалған дәўиринде 500 мың, 2025-жылы болса 1 миллион адамды кәмбағаллықтан шығарыў социаллық-экономикалық сиясатымыздың ең әҳмийетли мақсети сыпатында белгиленди. Оған ерисиў ушын барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге анық ўазыйпалар жүкленди. Көрилетуғын илажлар, биринши гезекте, социаллық қорғаў, экономикалық имканиятлар жаратыў, сондай-ақ, халық ушын билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў хызметлерин жақсылаўға қаратылады.
Мәмлекетлик социал-экономикалық сиясатының тийкарғы бағдарлары арасында кәмбағал шаңарақларға жәрдем бериў, турмыс шараятларын жақсылаў, жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик жумысын раўажландырыў сыяқлы мәселелер орын ийелейди. Сондай-ақ, өзгерислер билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў тараўлары да болады.
Ҳәр бир мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкем өз тараўына қарай анық ўазыйпаларды әмелге асырыўға мәжбүр болып, бул процессти тәртипке салыў ҳәм жеделлестириў ушын қосымша ресурслар тартылады. Буннан тысқары, халықаралық бирге ислесиў, мәмлекеттиң ишки имканиятларынан пайдаланыў ҳәм мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор арасындағы байланысларды беккемлеў де үлкен әҳмийетке ийе.
Улыўма алғанда, бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде 5000 жаңа жумыс орнын жаратыў белгиленген. Жәмийетлик жумыслар қоры 3000, өнерментшилик ҳәм жумысты үйге алып ислеўди қоллап-қуўатлаў қоры 1000, халықты исбилерменликке тартыў қоры 1000 жаңа жумыс орнын шөлкемлестириўди режелестирген. Бағдарлама шеңберинде халықтың социаллық қорғалыўы күшейтиледи. Кәсип-өнер системасы жетилистириледи. Денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, социаллық хызмет ҳәм басқа да бағдарларда инфраструктура жақсыланады.
Хызметлердиң сапасы ҳәм ашық-айдынлығы артады. Халықтың социаллық жағдайын жақсылаў мақсетинде финанслық жәрдем көрсетиў, грантлар ҳәм субсидиялар бериў көлеми кеңейеди. Исбилерменлерге финанслық ҳәм консалтинг хызметлерин көрсетиў жақсыланып, адамлардың ҳуқықый саўатлылығы ҳәм экономикалық билимлери арттырылады. Исбилерменлик ҳәм инновацияларға қызығыўшылық қәлиплестириледи. Яғный, бағдарлама социаллық-экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли бөлегине айланады. Бул бойынша толық стратегияны өзинде жәмлейди. Бул бағдарда республика көлеминде комиссия шөлкемлестирилиўи ҳәм бағдарламаның орынланыўы барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымлардың биринши дәрежели ўазыйпасы етип белгиленгени оның шеңбериндеги жумыслар қаншелли әҳмийетли ҳәм кешиктирип болмайтуғынын билдиреди.
Өзбекстан тоқымашылық санааты жақсы раўажланған мәмлекет. Оның ушын бизде база жетерли. Оның экспорт ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдеги орны да жоқары. Демек, кәмбағаллықты азайтыўда тараў өзине тән тәжирийбе ҳәм потенциалға ийе болыўы керек. Президентимиздиң 2024-жыл 1-майдағы "Тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы бул бағдардағы имканиятты және де арттырыўға хызмет етеди. Себеби, ҳүжжетте бул санаатты сапа басқышына алып шығыўдың тийкарғы бағдарлары көрсетип өтилди. Жип ийириўди қайта ислеў дәрежесин 2027-жылдың ақырына шекем басқышпа-басқыш 100 процентке алып шығыў, дәслепки басқышта Әндижан ҳәм Наманган ўәлаятларындағы тоқымашылыққа қәнигелескен киши санаат зоналары және Ташкент ўәлаятындағы индустриал технопаркти толық инфраструктура менен тәмийинлеў, зәрүр имарат ҳәм обектлерди исбилерменлердиң талабы ҳәм жойбарлары тийкарында қурып, таяр жағдайда бөлип-бөлип төлеў шәрти менен ямаса ижара тийкарында бериў имканиятын жаратыў солардың қатарына киреди.
Сондай-ақ, республикамызды "тоқымашылық хабы"на айландырыў ҳәм кеминде халықаралық дәрежеде тән алынған 10 жергиликли бренд жаратыў үстинде жумысларды мәнзилли шөлкемлестириў, кәрханаларға ишки ҳәм сыртқы базарларда өз өнимлерин сатыўға жәрдемлесиў бойынша нәтийжели илажларды көриў ўазыйпасы қойылған. Бул орынларда онлаған жаңа исбилерменлик субъектлери пайда болады, мыңлаған адамлар жумысқа жайласады, дегени. Ең әҳмийетлиси, ҳәрекетлер әмелде нәтийжесин көрсетпекте. Мысал ушын, Жәмийетлик жумыслар қоры ҳәм "Marmara Group" стратегиялық ҳәм социаллық изертлеўлер қорының жәрдеминде Қуйичирчиқ районында Түркияның "Tesmak Textile Makina" кәрханасы негизинде жоқары сапалы тоқыў үскенелерин Өзбекстандағы исбилерменлик субъектлерине ижара тийкарында жеткерип бериў ҳәм тоқыў үскенелерин ислеп шығарыўды локализациялаў мақсетинде "Talos" жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестирилди. Оның ушын 10 миллион доллар тиккелей инвестиция киргизилди. Ислеп шығарылған тоқыў үскенелери "Showroom" презентациялары арқалы сатылады. Презентациялар қарыйдарларға өнимлерди жақыннан көриў, өзгешеликлери ҳәм пайдаланыў имканиятлары менен танысыў имканиятын береди.
Кәрхана қаржылары есабынан түркиялы маман қәнигелер жергиликли кадрларды оқытыў арқалы тоқымашылық институтлары ҳәм кәрханаларының раўажланыўына үлес қосады. Исбилерменлер сатып алған тоқымашылық үскенелери бойынша хызмет сервиси көрсетилиўи жолға қойылады.
Өзбекстан бренди астында тоқыў үскенелери кәрхананың өзинде ислеп шығарылып, ишки ҳәм сыртқы базарға жеткерип бериледи.
Буннан тысқары, бул жойбарды әмелге асырыўда Жәмийетлик жумыслар қорының қаржылары есабынан 5 миллиард сумлық зәрүр үскенелер алып берилди. Кәрхана заманагөй технологиялар тийкарында гезлеме ислеп шығарыўды жолға қойған болып, бүгинги күнде бул өнимлер экспортқа бағдарланбақта.
Ҳәзирги ўақытта кәрханада 30 ҳаял-қыз мийнет етпекте. Кәрхана толық иске қосылғаннан кейин жумысшылардың саны 200 ге жетеди. Бунда, тийкарынан, жергиликли халық тартылады.
Жәмийеттиң раўажланыўы ҳәм раўажланыўы экономикалық, мәдений, социаллық тараўлардағы жетискенликлер, инсанның қәдир-қымбатына байланыслы. Егер мәмлекет инсанды қәдирлесе, ол өзин еркин сезеди, жәмийетте орнын табыўы аңсат болады. Бул экономикалық раўажланыўға да унамлы тәсир көрсетеди.
Мәмлекеттиң инсан қәдирине мүнәсибети нызам ҳәм сиясатта өз көринисин табыўы керек. Кәмбағаллық, жумыссызлық ҳәм денсаўлық машқалаларына қарсы гүресиў адамлар ушын тең имканиятлар жаратыў, олардың қәдир-қымбатын тән алыўды тәмийинлейди.
Салоҳиддин САМАДОВ,
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жанындағы
Жәмийетлик жумыслар қорының атқарыўшы директоры.