Реже көше аты ҳәм көшпес мүлк объекти номери көрсеткишлериниң формасы, өлшемлери және оларды таярлаў ҳәм орнатыў тәртибин белгилейди.
Көрсеткиштиң үлги формалары төмендеги категорияларға ажыратылады:
1-категория - полиэтилентерефталат, полиэтилинтерефталатгликол, полистирол ямаса поликарбонат материалдан таярланған, жақтыландырыў үскенеси бар көрсеткиш;
2-категория - композит алюминий материалынан таярланған, нур қайтарыўшы қапламалы көрсеткиш;
3-категория - композит алюминий материалынан таярланған көрсеткиш.
Онда, қағыйда түринде, 1-категория көрсеткишлери қалалық әҳмийеттеги магистраль көшелер, 2-категория көрсеткишлери районлық әҳмийеттеги магистраль көшелер ҳәм 3-категория көрсеткишлери болса жергиликли әҳмийеттеги көшелерде орнатылады.
Көрсеткиште көшениң аты қысқартылыўына жол қойылмайды.