Мәжилисте Конституциялық судтың 2024-жылы мәмлекеттеги конституциялық нызамшылық жағдайы ҳаққындағы мәлимлемеси көрип шығылды.
Соның менен бирге, Конституциялық суд мәлимлемесинде Тийкарғы Нызамымызды әмелге асырыў бойынша бир қатар усыныслар да алға қойылды:
биринши гезекте мәмлекетлик хызметкерлер арасында Конституцияны үгит-нәсиятлаўды күшейтиў, ҳуқықтаныў бағдарындағы сабақлық ҳәм қолланбаларды Конституция тийкарында жаңалаў бойынша жумысларды жуўмақлаў;
екиншиден, "Жаңа Өзбекстан - ағартыўшы жәмийет" концепциясы тийкарында конституциялық билимлендириў мәселесине айрықша итибар қаратыў, атап айтқанда, парламент тәрепинен Конституцияны оқып үйрениў бойынша Миллий хызмет бағдарламасын қабыл етиў, Тийкарғы нызамымызды үйрениўди балалар бақшасынан баслаў, барлық дәрежедеги билимлендириў мәкемелери, халықтың ҳәр қыйлы қатламларын, әсиресе, мәмлекетлик хызметкерлерди усы процесске толық тартып, мәмлекетлик хызметке жумысқа кириўде Конституция тийкарлары бойынша имтиханлар өткериў системасын әмелге енгизиў бойынша жумысларды жеделлестириў;
үшиншиден, ўәлаят ҳәм Ташкент қаласында Кеңес баслықлары ҳәм ҳәкимлер басшылық ететуғын ўәкиллик ҳәм атқарыўшы ҳәкимият тармақлары бөлек ажыратылғанлығын есапқа алып, нызамлардағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликлерине байланыслы улыўма нормаларды ҳәкимлик ҳәм жергиликли Кеңеслер арасында ажыратқан ҳалда анық редакцияда баян етиў;
төртиншиден, Конституцияның шахстың жазысыўлар, телефон арқалы сөйлесиўлер, почта, электрон ҳәм басқа да хабарларды сыр сақлаўға болған ҳуқықын шеклеўди, турақ жайда тинтиўди тек ғана судтың қарарына тийкарланып әмелге асырыўға байланыслы қағыйдалары тийкарында Жынаят-процессуал кодексиниң тийисли нормаларын қайта көрип шығыў ҳәм тийисли нызам жойбарын қысқа мүддетлерде Нызамшылық палатасына киргизиў;
бесиншиден, шахстың үндемеўге байланыслы конституциялық ҳуқықларын жынаят процесинде ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар бойынша ис жүргизиў процесинде толық тәмийинлеў мақсетинде усы институтты жынаят-процессуал, ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы нызамшылықта толық сәўлелендириў;
алтыншыдан, министрликлер ҳәм уйымлардың режелерин қайта көрип шығып, оларда Конституцияны әмелге асырыў бойынша усы шөлкем жуўапкер болған ўазыйпа ҳәм функцияларын анық белгилеп бериўге қаратылған айрықша нормаларды белгилеў;
жетиншиден, "Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында"ғы Нызамда кем тәмийинленген шахслардың нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң конституциялылығын тексериў бойынша мүрәжатларын Конституциялық суд мәжилисинде көрип шығыўда да мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиўди белгилеў;
сегизиншиден, мәмлекеттеги конституциялық нызамшылық жағдайы ҳаққындағы мәлимлемесинде министрликлер ҳәм уйымлардың жумысына байланыслы усыныслардың усы министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен көрип шығылыўын мәжбүрий етип белгилеў;
тоғызыншыдан, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин шеклеўши илажларды енгизиўге қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыўда конституциялық талапларға (муўапықлық, жетерлилик конституциялық принциплери, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин шеклеў мүмкин болған конституциялық шеңбер) әмел етиў;
оныншыдан, Олий Мажлис палаталары ҳәм барлық министрликлер ҳәм уйымлардың юридикалық хызметлери тәрепинен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ҳуқықый экспертизадан өткериўде олардың Конституцияға муўапықлығын баҳалаўды айрықша норма сыпатында белгилеў, министрликлер ҳәм уйымлар юридикалық кадрларының маманлығын арттырыў процесинде де олардың бул мәселе бойынша көнликпелерин қәлиплестириўге айрықша итибар қаратыў;
он бириншиден, тәртипсиз қурылыслар, қурылыс жумысларында қәўипсизлик илажларының көрилмегенлиги халықтың турмыс сапасы дәрежесине унамсыз тәсир көрсететуғынын, соның ишинде, жас балалар өлимине себеп болғанын есапқа алып, барлық ири қурылыс жумысларында қәўипсизлик кепилликлерин және бул мәселеде қурылысшы шөлкемлердиң жумысы үстинен қадағалаўды күшейтиў, реновацияға байланыслы қатнасықларды нызам дәрежесинде тәртипке салыў;
он екинши, тергеў ҳәм суд процесинде ўақтынша тергеў қамақханаларында сақланып атырған шахсларға байрам күнлеринде азық-аўқат, кийим-кеншек бериў, таза ҳаўада сейил етиў, жақын туўысқанлары ҳәм адвокатлары менен ушырасыўға руқсат беретуғын системаны енгизиў мәселесине итибар қаратыў;
он үшиншиден, айырым аймақларда фермерлер өзлери жетистирген өнимди еркин қолланыўда тосқынлықларға ушыраған жағдайларын есапқа алып, барлық жуўапкерлерден товарлар ҳәм хызметлердиң еркин ҳәрекети бойынша конституциялық кепилликлерге сөзсиз әмел етиў;
он төртиншиден, Конституциядан келип шығып, арнаўлы нызамларда халықаралық шәртнамалардың юридикалық күш мәселесин анық тәртипке салыў, халықаралық шәртнамалар нормаларының Конституцияға муўапықлығын анықлаў механизмлерин ашып бериў, халықаралық шәртнамаларды судлар тәрепинен тиккелей қолланыў ушын ҳуқықый ҳәм процессуал тийкарларды жетилистириў;
он бесиншиден, тергеў судьясының ўәкилликлериниң нызамлы тийкарларын жаратыў илажларын жеделлестириў;
он алтыншыдан, "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Нызамында басқа шахслардың мәплерин гөзлеп етилген даўалар бойынша мәмлекетлик бажыны төлеў мәселеси бойынша ҳуқықый бослықты сапластырыў.
Конституциялық суд додаланған мәселени ҳәр тәреплеме үйренип шығып, қәнигелер ҳәм экспертлердиң пикир-усынысларын есапқа алып, мәмлекеттеги конституциялық нызамшылықтың жағдайы ҳаққындағы мәлимлемени тастыйықлаў ҳәм оны Олий Мажлис палаталарына ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентине жибериў ҳаққында қарар қабыл етти.
Конституциялық судтың қарары Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында ҳәм Конституциялық судтың рәсмий веб-сайтында жәрияланады.