Илажда шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ) директоры Элдор Арипов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде өткерилип атырған әнжуманның әҳмийетин айрықша атап өтти.
"Ташкент форумы регионлар арасындағы илимий-экспертлик сөйлесиўди беккемлеўде бурылыс ноқаты болып, бирге ислесиўдиң улыўма күн тәртибин жаңа стратегиялық мазмун менен байытыўға қаратылған идеялар алмасыў ҳәм басламаларды ислеп шығыў ушын нәтийжели майдан жаратады", - деп атап өтти Э.Арипов.
Буннан соң ол Орайлық Азия ҳәм БАМБК арасындағы жедел пәтлер менен раўажланып атырған қатнасықлардың ҳәр тәреплеме таллаўын усынды.
Институттың басшысының атап өтиўинше, регионларды тек ғана улыўмалық өтмиш емес, ал келешек режелериндеги уқсаслық та бирлестирип турады. Әсирлер даўамында Орайлық Азиядан Арабстан ярым атаўы жағаларына шекемги болған базарлар, мәдениятлар ҳәм идеяларды байланыстырған Уллы Жипек жолы экономикалық ҳәм цивилизациялық өз-ара байланыслылықтың тийкары болып хызмет еткен. Бул процесте Багдадтағы "Данышпанлық үйи" айрықша орын тутқан, онда Орайлық Азия ҳәм араб дүньясы алымлары биргеликте жәҳән тарийхы бағдарын өзгертип жиберген илимий шығармалар жаратқан.
"Бүгинги күнде "усы тарийхый байланысларды қайта тиклеў арқалы биз энергетика, логистика, илимий-техникалық ҳәм инвестиция тараўларында бирге ислесиўдиң жаңа көпирлерин қурмақтамыз", -деп атап өтти Э.Арипов.
Оның атап өтиўинше, бул жолдағы ең әҳмийетли қәдем 2023-жыл июльде Жиддада өткерилген тарийхтағы биринши "Орайлық Азия - Буғаз араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси" саммити болды. Бул илаж регионлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўда жаңа басқышты баслап берди ҳәм турақлы сиясий қарым-қатнас ушын институционаллық тийкар жаратты. Оның шеңберинде сыртқы ислер министрлериниң ушырасыўлары, инвестициялық форумлар өткерилиўи жолға қойылды, 2023-2027-жылларға мөлшерленген Биргеликтеги ҳәрекетлер режеси қабыл етилди.
СРИИ директоры бул бирге ислесиў әллеқашан әмелий нәтийжелер берип атырғанын атап өтти. Атап айтқанда, соңғы үш жыл ишинде Өзбекстанның БАМБК мәмлекетлери менен саўда айланысы үш есеге (257 миллион доллардан 812 миллион долларға шекем) артты, қоспа кәрханалардың саны болса еки есеге көбейип, дерлик 400 ге жетти.
Буғаз мәмлекетлериниң Өзбекстан экономикасына киргизген инвестицияларының улыўма көлеми 3 миллиард доллардан артты.
- БАӘ - 1,5 млрд;
- Оман - 250 млн;
- Кувейт - 220 млн).
Буннан тысқары, улыўма баҳасы 30 миллиард доллардан аслам болған 100 ге шамалас жойбар ислеп шығылмақта. Туристлик алмасыўларда да унамлы өзгерислер жүз бермекте. 2024-жылға келип, Буғаз мәмлекетлеринен республикаға туристлер ағымы 12 мың адамнан асты, бул 2021-жылға салыстырғанда еки есеге көп дегени.
Соның менен бирге, ол атап өткениндей, кейинги жылларда ерисилген үлкен жетискенликлерге қарамастан, бирге ислесиў көлеми елеге шекем регионлар арасындағы өз-ара байланыслардың бар потенциалын толық көрсетпей атыр.
Бирге ислесиўди раўажландырыў перспективаларына тоқтап өтип, Э.Арипов жақын жылларда бирге ислесиўди сапа жағынан тереңлестириўге үлес қосатуғын бир қатар әҳмийетли тәреплерге толық тоқтап өтти.
Бириншиден, ол регионлар арасында аўыр келиспеўшиликлердиң жоқ екенлигин ҳәм олардың глобаллық турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўға улыўмалық умтылысын атап өтти. Еки регион мәмлекетлери Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Қосылмаў ҳәрекети сыяқлы абырайлы халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттирмекте.
Екиншиден, инвестициялық төменлеў, протексионизмниң күшейиўи, саўда урыслары ҳәм глобал логистика шынжырларындағы турақсызлық сыяқлы жаңа глобал қәўип-қәтерлерге биргеликте жуўап бериў әҳмийетли, деп есаплайды эксперт. "Тек ҳәрекетлерди бирлестириў арқалы жоқарыдағы шақырықларға жуўап бериўдиң нәтийжели ҳәм турақлы моделлерин ислеп шығыўымыз мүмкин", - деп анықлық киритти ол.
Үшиншиден, еки регион да жедел өзгерислердиң тарийхый әҳмийетли басқышын басынан өткермекте. Соның менен бирге, тек ғана заманагөй экономикалық процесслер емес, ал Буғаз ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң раўажланыў стратегиялары да жүдә уқсас. "Сауди Висион 2030", "Қатар Натионал Висион 2030", "Оман Висион 2040" - бул стратегиялық ҳүжжетлер "Қазақстан-2050", "Узбекистан Висион-2030", Қырғызстан ҳәм Тәжикстанның 2030-жылға шекем раўажланыў стратегиясы ҳәм Орайлық Азиядағы басқа да модернизация бағдарламалары менен көп тәреплеме уқсас болып есапланады.
Төртиншиден, қәнигениң атап өткениндей, ҳәр еки регионда да жедел регионализация процесслери бақланбақта: Буғаз мәмлекетлери бул бағдарда көп жыллық тәжирийбеге ие болса, Орайлық Азия бирге ислесиў ҳәм бирлесиў тийкарларын қурыўға енди ғана киристи. Қәнигениң пикиринше, бундай шараятта БАМБКның Орайлық Азиядағы регионның турақлы раўажланыўына қаратылған улыўма регионаллық баслама ҳәм жойбарларды қоллап-қуўатлаўы айрықша әҳмийетке ийе.
СРИИ ўәкилиниң пикиринше, қарым-қатнасты қоллап-қуўатлаўда таллаў орайлары әҳмиетли роль атқарыўы керек.
"Бүгинги ҳәм келешектеги бирге ислесиўимиз жоқары дәрежедеги ушырасыўларды мәлимлеме-таллаў жағынан тәмийинлеўге ҳәм регионлар арасындағы сөйлесиўди беккемлеўге жаңа түртки беретуғынына исенемен", - деп жуўмақлады Элдор Арипов.
СРИИ ҳәм Саудия Арабстанының "Гулф Ресеарч Центер" изертлеў орайы тәрепинен шөлкемлестирилген илажда Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм БАМБК мәмлекетлеринен 70 тен аслам абырайлы экспертлер, сондай-ақ, БАМБК Секретариаты, дипломатиялық корпус ҳәм исбилермен топар ўәкиллери қатнаспақта.
Форум қатнасыўшылары Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Буғаз араб мәмлекетлери арасындағы ҳәзирги ҳәм келешектеги бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплерин додалайды. Регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша сиясий сөйлесиўди ҳәм өз-ара келисилген көзқарасларды беккемлеў, саўда ҳәм инвестициялық байланысларды тереңлестириў, "жасыл" энергетика ҳәм транспорт коридорларын раўажландырыў тараўларында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери экспертлердиң дыққат орайында болады.