Хош, бул кеселликтиң келип шығыўының ең тийкарғы факторлары нелерден ибарат? Оның қандай белгилери бар?
Бул сораўларға жоқары категориялы шыпакер Равшанбек Умаров толық жуўап берди.
- Бронхлардың исиниўи (бронхит) жоқары дем алыў жолларының ең көп ушырасатуғын кеселлиги, - дейди қәниге. Оның өткир ҳәм созылмалы түрлери бар.
Көбинесе ҳаўа-райының өзгериўи, иммун системасының төменлеўи, жаман әдетлерге берилиў (ишиўшилик, шегиў) ҳәм ҳәр қыйлы зыянлы затлар (газ, шаң, күшли эфир майлары) ды дем алыў арқалы ишке жутыў сыяқлы жағдайлар жутқыншақ, кегирдек ямаса трахеяны зыянлап, өкпеге тарқалады. Соның ақыбетинде бронхит ҳәм пневмония келип шығады.
Кеселликтиң өткир түринде наўқас ҳәлсизленеди, булшық етлери қақсайды. Жөтел пайда болады. Көкирек аймағы қысылып, аўырады. Бираздан соң оған тумаў да қосылады, айырым жағдайларда болса дене температурасы көтерилиўи мүмкин.
Қалаберди, наўқасты турақлы түрде жөтел тутып, ириң аралас қақырық бөлинеди. Бронхит толық емленбесе, кеселлик созылып, созылмалы түрге өтеди ҳәм өзинен аўыр асқыныўлар қалдырады.
Гайморит, отит ҳәм пневмония кеселликлери көпшилик жағдайларда бронхит қайталаныўы нәтийжесинде келип шығады. Жүрек-қан тамыр системасында аўыр машқала болған ҳәм күшсизленген наўқасларда бронхит себепли майда бронхлар да зыянланады.
Кеселлик раўажланыўында наўқас температурасы жоқары болады, ҳаўа жетиспейди, ентигеди. Сондай-ақ, ерни көгереди, тез-тез жөтелип, диңкеси қурыйды. Ириңли қақырық шығып, көкирегинде аўырыў пайда болады. Ҳәтте, өкпеде майда көбикли ығаллы, қурғақ сырылдылар еситиледи.
Қалаберди, дем алыў пәсейеди, тамыр урыўы тезлеседи, жүрек сести буўық еситиледи. Ҳәтте, бронхлар дийўалы ҳәм әтирапындағы тоқымалар зыянланады. Бундай ўақытта наўқасларды тезлик пенен емлеўханаға жатқарыў керек.