Лазиз Кудратов Венесуеланың Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы Елшиси менен ушырасты

    2024-жыл 10-декабрде Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Кудратов Венесуела Боливар Республикасының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы Елшиси Росалба Ло Буйе Антико менен ушырасты.

    Сөйлесиўлер ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары додаланды. Тәреплердиң пикиринше, усы жылдың 10 айында өз-ара товар алмасыў көлеми 4 есеге артқан болса да, бул бағдарда еки тәреп те бар ресурс ҳәм потенциалдан пайдаланыўы зәрүр.

    Усы көзқарастан, саўда байланысларын раўажландырыў, ишки ҳәм сыртқы базарларға бағдарланған биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша бар имканиятлар ҳәр тәреплеме талланды. Усы жерде, еки мәмлекеттиң өз-ара пайдалы басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таярлық билдирилди.

    Тоқымашылық санааты, транспорт ҳәм логистика, талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыў бойынша санаат кооперациясы, саўда қатнасықлары биргеликте жумыс алып барыў ушын ең тийкарғы бағдарлар сыпатында белгиленди.

    Елши Росалба Ло Буйе Антико Өзбекстанда жаратылған инвестициялық орталық ҳәттеки ең абайлы инвесторлар исенимин қолға киргизиўге уқыплы екенин жоқары баҳалады ҳәм Венесуела исбилермен топарларын ашылып атырған жаңа имканиятлар менен таныстырыўға исендирди.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди жедел түрде тереңлестириўге келисип алды ҳәм додаланған жойбар ҳәм басламаларды әмелге асырыў бойынша қоспа илажлар режеси ҳәм оператив бирге ислесиў механизмлерин ислеп шықты, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates