Олар арасында Оманның Саўда, санаат ҳәм инвестицияларды хошаметлеў министри Қайс Ал Юсуф, Инвестициялар агентлиги президенти Абдуссалом Ал Муршидий, Аўыл хожалығы, балықшылық ҳәм суў ресурслары министриниң орынбасары Али Ал Абрий, сондай-ақ, Suhail Bahwan Group, Sohar International Bank, Oman Cables, Asyad Group, MB Holding ҳәм мәмлекеттиң басқа да жетекши компанияларының басшылары бар еди.
Өзбекстан тәрепи нефть-газ химиясы, энергетика, таў-кән санааты, машина қурылысы, аўыл хожалығы, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санааты, логистика ҳәм туризм тараўларындағы таяр жойбар басламаларын усынды. Өзбекстанның инвестициялық орталығына байланыслы әмелий тәреплери - инвесторларды қорғаў кепилликлери, салық ҳәм бажыхана жеңилликлери, санаат зоналарындағы преференциялар ҳәм стратегиялық жойбарлар ушын арнаўлы тәртиплер толық түсиндирилди.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында тийкарғы тармақларда жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша келисимлерге ерисилди. Тәреплер Өзбекстан ҳәм Оман арасындағы узақ мүддетли байланысларды беккемлеўге таяр екенин билдирди. Онда тийкарғы итибар биргеликтеги инвестициялар, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм саўданы диверсификациялаўға қаратылады, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.








