Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Товар алмасыўдың турақлы пәти қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Санаат кооперациясы жойбарлары әмелге асырылмақта, ири инфраструктуралық жойбарлар, соның ишинде, "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолы ҳәм Қамбарата ГЭСин қурыў бойынша биргеликтеги жумыслар даўам еттирилмекте.

Президентлер регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери бойынша да пикир алысты, болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин додалады.