Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы жылдың басынан товар алмасыў көлеми 12 процентке артты.

Санаат, энергетика, металлургия, транспорт ҳәм экономиканың басқа да тийкарғы тармақларында ири жойбарлар әмелге асырылмақта.

Өз-ара товар алмасыўдағы унамлы пәтти сақлап қалыў, санаат кооперациясы жойбарларын әмелге асырыўды жеделлестириў, сондай-ақ, жедел аймақлараралық байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Еки мәмлекет арасындағы жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды буннан былай да тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.

Жетекшилер болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин де додалады.