АТЭХАГ: Өзбекстан атом энергетикасы тараўындағы жойбарларды жедел алға қоймақта

    22 қыркүйек 2025 1365

    Атом энергиясы бойынша халықаралық агентлик (АТЭХАГ) рәсмий веб-сайтында Өзбекстан ҳәм және еки мәмлекеттиң ядро қәўипсизлиги тараўындағы халықаралық конвенцияларға қосылғаны ҳаққындағы мақала жайластырылды.

    Басылым авторлары Австрия пайтахтында болып өтип атырған АТЭХАГ Бас конференциясының 69-сессиясы шеңберинде Өзбекстан ҳәм халықаралық агентлик бирге ислесиў бойынша "Жол картасы"на қол қойғанын еслетип өтеди, деп хабар береди "Дунё" МА.

    Усы ўақыя мүнәсибети менен жәрияланған мақалада Өзбекстан бир ўақыттың өзинде үш тийкарғы шәртнамаға - Ядро авариясы ҳаққында оператив ескертиў ҳаққындағы, Ядро авариясы ямаса радиациялық авариялық жағдайда жәрдем ҳаққындағы ҳәм Ядро қәўипсизлиги ҳаққындағы конвенцияларға қосылып, әҳмийетли қәдем таслағаны атап өтилген.

    АТЭХАГ бас директоры Рафаэл Гроссидиң атап өтиўинше, бул қарар мәмлекетимиз басшысының итибары ҳәм қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде қабыл етилген болып, агентликтиң усынысына жедел түрде жуўап берди.

    Сондай-ақ, ол Өзбекстан атом энергетикасы тараўындағы жойбарларды, соның ишинде, ири атом электр станциясы ҳәм киши модулли реакторлар қурыўды жедел алға қойып атырғанын атап өтти. Улыўма, мәмлекетимиз энергетика тараўындағы үлкен режелерди табыслы әмелге асырмақта.

    Агентликтиң мәлим етиўинше, қосылыў ҳаққындағы ҳүжжетлерди Өзбекстаннан тысқары Қырғызстан ҳәм Бангладеш берген. Қырғызстан Ядро авариясы ҳаққында оператив ескертиў ҳаққындағы конвенция ҳәм Ядро авариясы ямаса радиациялық авариялық жағдайда жәрдем ҳаққындағы конвенцияға, Бангладеш болса Пайдаланылған ядро жанылғысы ҳәм радиоактив шығындылар менен байланыслы жумыслардың қәўипсизлиги ҳаққындағы бирлескен конвенцияға қосылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates