Өзбекстан ҳәм АТЭХАГ топырақтың шорланыўына қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги жойбарды басламақта

    24 қыркүйек 2025 787

    Атом энергиясы бойынша халықаралық агентлик (АТЭХАГ) Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Топырақтың қурамы, репозиториясы ҳәм сапасын таллаў орайы менен биргеликте аўыл хожалығын жүргизиўдиң турақлы усылларын ислеп шығыў ҳәм топырақтың шорланыў дәрежесин азайтыўға қаратылған биргеликтеги изертлеў жойбарын әмелге асырыўға кириспекте.

    Бағдарлама шеңберинде Өзбекстанда бес жыл даўамында кальий, кальций, магний ҳәм күкиртке бай болған инновациялық тәбийғый минерал төгин - полигалиттен пайдаланған ҳалда пахта - бийдай - мәкке айланысы системасында дала тәжирийбеси өткериледи, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Заманагөй технологияларды қолланыў арқалы топырақтың өнимдарлығын арттырыў, аўыл хожалығы егинлериниң зүрәәтин көбейтиў, фермерлер ушын әмелий усыныслар таярлаў нәзерде тутылмақта.

    Жойбардың әмелге асырылыўы Өзбекстан ҳәм АТЭХАГ арасындағы илимий ҳәм әмелий бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли қәдем болады, сондай-ақ, мәмлекеттиң тийкарғы экологиялық машқалаларынан бири - жерлердиң шорланыўын шешиўге үлкен үлес қосады.

    Бул бағдардағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2024-жыл декабрь айында Ташкент қаласында болып өткен АТЭХАГ бас директоры Рафаэл Гросси менен ушырасыўында додаланғанын атап өтиў керек.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates