МАГАТЭ басшысы бул қарарға Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң жеке итибары ҳәм қоллап-қуўатлаўы себепли ерисилгенин атап өтти. Өзбекстан қысқа ўақыт ишинде ядро тараўындағы 4 әҳмийетли халықаралық конвенцияға қосылғаны оның қатаң позициясы ҳәм жуўапкершилигинен дәрек беретуғынын атап өтти, деп хабар береди "Дунё" МА.
МАГАТЭ бас директорының атап өтиўинше, Өзбекстан атом энергетикасын раўажландырыў, соның ишинде, атом электр станциясы ҳәм киши модулли реакторлар қурыў бойынша басламаларды жедел алға қойып, жедел стратегиялық қарарлар қабыл етиўге қатаң ҳәм уқыплы екенин көрсетпекте.
Ушырасыў жуўмағында Рафаэл Гросси Өзбекстан менен жедел ҳәм нәтийжели бирге ислесиў ушын миннетдаршылық билдирип, халықаралық ядролық қәўипсизликти тәмийинлеўде биргеликтеги ҳәрекетлердиң әҳмийетин атап өтти.





