Малайзияның ири саўда орайларынан биринде Регистан майданы көринисинде павильон шөлкемлестириледи

    Өзбекстан елшиханасы дипломатлары Малайзияның Селангор штатындағы "1 Utama" саўда орайының реклама ҳәм үгит-нәсиятлаў мәселелери бойынша менеджери Яп Йи Ленг пенен сөйлесиў өткерди.

    Онда мәмлекетимиздиң бай мәденияты, туризм потенциалы ҳәм елимизде ислеп шығарылған азық-аўқат және миллий өнерментшилик өнимлерин Малайзияда кеңнен үгит-нәсиятлаў мәселелери додаланды.

    Яп Йи Ленгтиң айтыўынша, Рамазан айы мүнәсибети менен 2025-жыл 7-марттан 6-апрельге шекем "Hari Raya" үгит-нәсиятлаў айлығы шеңберинде жергиликли ҳәм сырт елде ислеп шығарылған өнимлер саўда-ярмаркасын өткериў режелестирилмекте.

    Тәреплер "1 Utama" саўда орайында болып өтетуғын бул саўда-ярмаркасын өткериўде бирге ислесиў, соның ишинде, бул саўда-орайында ажыратылған майданда Самарқанд қаласындағы Регистан майданы көринисинде павильон шөлкемлестириў бойынша пикир алысылды.

    Сөйлесиўлер нәтийжесинде бул илажда Өзбекстан азық-аўқат кәрханалары, өнерментлери ҳәм туроператорлары өз өнимлери менен қатнасыўы ушын арнаўлы стендлер ажыратыўға келисип алынды.

    Малайзия тәрепиниң пикиринше, илаж даўамында өзбек миллий қосықлары ҳәм аяқ ойынларының көрсетилиўи малайзиялылардың Өзбекстан көркем өнерине болған қызығыўшылығын және де арттырыўға хызмет етеди.

    "1 Utama" саўда-кеўилашар комплекси 1995-жылы "Bandar Utama City Centre" компаниясы тәрепинен қурылған. Комплекс Малайзияның ең ири саўда орайларынан бири болып есапланады. Бүгинги күнде бул комплексте 700 ден аслам саўда орынлары жумыс алып бармақта. Саўда орайы ҳәкимшилиги ҳәр жылы Рамазан айына бағышлап комплекстиң тийкарғы майданында ҳадал азық-аўқатлар ҳәм басқа да өнимлер саўда-ярмаркасын өткерип келеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates