баннер
24 Apr 2025
07:14

    Бир қатар Малайзия компаниялары Өзбекстанда қоспа жойбарларды әмелге асырмақшы

    Өзбекстан елшиси Каромиддин Гадоев Малайзияның «MK Tron Group» компаниялар топарының тийкарын салыўшы ҳәм атқарыўшы баслығы Мутхукумар Аярпадде менен ушырасыў өткерди.

    Ушырасыўда компания Өзбекстанда тоқымашылық, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, мийманхана басқарыўы, халықаралық билимлендириў, киши ҳәм орта бизнес ушын фонд биржасы тараўларында бирге ислесиў мәселелери додаланды.

    Ҳүкимет ағзасы Аярпадде жергиликли бирге ислесиўшилер менен биргеликте Өзбекстанда бир қатар жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

    Ташкент қаласында реабилитация орайын шөлкемлестириў ҳәм халықаралық стандартлар бойынша басқарыўды жолға қойыў, республика аймақларында бүйрек кеселликлерин емлеўге қәнигелескен диализ орайын ҳәм көп функциялы клиникаларды шөлкемлестириў, фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, халықаралық саламатландырыў ҳәм эстетикалық медицина институтының тамыр клеткаларын емлеў тараўында бирге ислесиў ҳәм Ташкент қаласында арнаўлы лаборатория шөлкемлестириў сыяқлы жойбарлар усылардың қатарына киреди.

    «Kapital DX» компаниясы Өзбекстанда киши ҳәм орта бизнеске сырт ел және жергиликли инвестицияларды тартыў имканиятын беретуғын арнаўлы онлайн платформаны жаратыў ҳәм басқарыў бойынша бирге ислесиўди усыныс етти.

    «Indah Atelier» компаниясы болса Малайзияның батик көркем өнерин Өзбекстанның белгили икат ҳәм созана кестелери менен үйлестирген ҳалда қоспа модалар коллекциясын биргеликте ислеп шығыўға қызығыўшылық билдирди, деп хабар береди "Дунё" МА.

    «MK Tron Group» компаниясына 1992-жылы исбилермен Мутхукумар Аярпадде тәрепинен тийкар салынған. Компания автомобиль аўысық бөлеклери, санаат ҳәм турмыслық газ баллонлары, алюминий еритпелеринен қуймалар ислеп шығарыў, денсаўлықты сақлаў, IТ технологиялар тараўларында Малайзия, Ҳиндстан, Мексика ҳәм Қубла Корея ҳәм Уллы Британия мәмлекетлеринде жумыс алып барады.

    «Kapital DX» ҳәм «Indah Atelier» компаниялары «MK Tron Group» топарының қурамына киреди.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech