Оны Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева алып барды.
Атап өтилгениндей, Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы 2025-жыл 5-9-апрель күнлери Өзбекстанда болып өтеди.
Бизге белгили, 190 ға шамалас мәмлекетлердиң парламентлерин бирлестирип киятырған Парламентлераралық аўқам Ассамблеясы жылына 2 мәрте өткериледи. Бул илаж тек ғана парламентаризм ҳәм турақлы раўажланыўдың унамлы тәжирийбеси жоқары болған мәмлекетлерде ғана өткериледи.
Мәжилисте Өзбекстанның Парламентлераралық аўқамға ағзалығы 2017-жылы қайта тикленгени атап өтилди. Өткен қысқа дәўир ишинде мәмлекетимиз парламентаризм ҳәм турақлы раўажланыў тараўында оғада үлкен тәжирийбеге ерискен. Республикамыз жетискенликлери ири халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлер тәрепинен айрықша тән алынбақта.
Парламентлераралық аўқамның 150-ассамблеясының Өзбекстанда болып өтиўи тарийхый ўақыя болып табылады, себеби бундай илаж Орайлық Азия регионында биринши мәрте өткерилип атыр.
Мәжилисте Өзбекстанда болып өтетуғын бул Ассамблеяның тийкарғы темасы "Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети" деп аталғаны, оның шеңберинде пүткил дүнья парламентлери халықты социаллық қорғаў, кәмбағаллықты қысқартыў, ҳуқық үстинлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм өз тәжирийбелери менен бөлисиўи атап өтилди.
Сондай-ақ, бир ҳәпте даўамында Парламентлераралық аўқамның комитетлери тәрепинен инсан ҳуқықларын қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў, илим ҳәм технология, жаслар мәселелерине бағышланған ҳәр қыйлы илажлар шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.
Өз гезегинде, Сенат Баслығы бул тарийхый ҳәм абырайлы әнжуманда ҳәмме теңдей белсенди болыўы керек екенлигине ҳәм оны жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бағдарында бир қатар ўазыйпаларға тоқтап өтти, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.