Сондай-ақ, академиялық ҳәм финанслық еркинлик берилген жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириўдиң сапасы ҳәм бәсекиге шыдамлылығы сезилерли артқаны, илимий-изертлеў жумысына инвестиция тартыў имканияты кеңейгенлиги атап өтилди.

Ҳуқықый тийкар сыпатында 35 жоқары билимлендириў мәкемесине финанслық ҳәм академиялық еркинлик берилгени системада баслама ҳәм еркинлик орталығын жаратты. Базар экономикасының талапларына сай кадрлар таярлаў, инновациялық билимлендириў технологияларын кеңнен енгизиў ҳәм миллий билимлендириў системасын халықаралық стандартларға интеграциялаў процеси жеделлести. Нәтийжеде жоқары оқыў орынлары өз раўажланыў стратегияларын еркин белгилеў, қаржы ресурсларын нәтийжели басқарыў ҳәм мийнет базарында талап жоқары болған бағдарларда қәнигелер таярлаў имканиятына ийе болды.

Мәжилисте топланған тәжирийбе тийкарында питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеўде жаңа қағыйдаларды енгизиў усынысы алға қойылды. Атап айтқанда, енди "өзин-өзи бәнт еткен" сыпатында дизимге алынған шахслар жумысқа жайласқанлар қатарында есапқа алынбайды. Бул арқалы бәнтлик статистикасы реал мийнет базарының талапларына жақынласады, питкериўшилердиң билим ҳәм көнликпелери болса тиккелей жумыс орнында қолланылыўын тәмийинлейди.

Жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының ўәкиллиги кеңейтилди. Енди ректорлар өз орынбасарларын еркин тайынлайды, талабанлар болса жоқары оқыў орны кеңесинде жыллық бағдарламаларын қорғайды. Соның менен бирге, ректорлар белгиленген қаржыландырыў ҳәм штат бирликлери шеңберинде профессор-оқытыўшылар ҳәм басқарыў хызметкерлериниң қурамын қәлиплестириў, бағдар ҳәм қәнигеликтен келип шығып "супер" контракт муғдарын дифференцияласқан тәризде белгилеў ҳуқықына ийе болады.

Жоқары билимлендириў бойынша өткерилген барлық мәжилисте жасларымыздың турмысы, билим алыўы, академиялық жумысы бәрқулла Президентимиздиң дыққат орайында турады. Бул рет те сондай болды: абитуриентлер ушын жаңа имканият жаратылғаны мәлим етилди. Гәп сонда, енди абитуриент өзи таңлаған бес жоқары оқыў орнына кириў ушын жетерли балл топлай алмаса, бирақ оның нәтийжелери басқа жоқары оқыў орнындағы бос орынға сәйкес келсе, сол жоқары оқыў орнының ректоры оны контракт тийкарында оқыўға қабыл етиўи мүмкин. Бул система, әсиресе, медицина тараўында талап жоқары болған қәнигелерди таярлаў процесинде үлкен әҳмийетке ийе. Себеби медицинада ҳәр бир жыллық қабыллаў процесиниң артында мәмлекеттиң денсаўлықты сақлаў системасының стратегиялық талаплары жатады. Қалаберди, шетки районлар, аўылларға өз орнынан шыққан маман кадрлар таярлап бериў имканияты туўылады.

Жаңа оқыў жылынан жоқары билимлендириў системасындағы бул реформалар тек ғана экономиканың түрли тармақлары ушын бәсекиге шыдамлы кадрлар жетистириўге емес, ал медицина, фармацевтика ҳәм медициналық инженерлик тараўларында халықаралық стандартларға сәйкес, алдынғы билим ҳәм көнликпеге ийе қәнигелер таярлаўға хызмет етеди. Бул болса мәмлекетте денсаўлықты сақлаўдың сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў менен бирге, миллий медицина санаатының инновациялық раўажланыў басқышына өтиўи ушын беккем тийкар жаратады.

"Жаңа Өзбекстан" университетинде нәтийжели қолланылып атырған заманагөй баҳалаў системасы барлық жоқары билимлендириў мәкемелеринде енгизиледи. Бул система қаржыландырыў процесин нәтийжелиликке байланыстырады ҳәм университетлердиң тийкарғы көрсеткишлерин анық өлшемлер тийкарында баҳалаўды нәзерде тутады. Соның ушын питкериўшилердиң бәнтлик дәрежесине 40 балл, илимий изертлеўлер бойынша тармақ буйыртпалары ҳәм қолланбаларды коммерцияластырыўға 30 балл, илимий потенциал ҳәм халықаралық абырайлы журналларда мақалалар басып шығарылған жағдайға 20 балл, жергиликли ҳәм сырт ел грантларын тартыўға болса 10 баллға шекем бериледи. Усы тәризде улыўма 100 баллық баҳалаў системасы арқалы университетлердиң жумысы комплексли талланады.

Бул система жоқары билимлендириў мәкемелериндеги оқыў процесиниң сапасын тәмийинлеў менен бирге әмелий изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў, инновациялық шешимлерди турмысқа енгизиў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етеди. Университетлер енди қаржыландырыўда көбирек балл топлаў ушын мийнет базары талапларына сәйкес кадрлар таярлаў, илимий қолланбаларды әмелиятқа енгизиў ҳәм халықаралық жойбарларда белсене қатнасыўға умтылады.

Мәжилисте, сондай-ақ, жақын жылларда Өзбекстанда баҳасы 83 миллиард долларға тең ири санаат ҳәм инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў режелестирилгени мәлим етилди. Бул жойбарлардың нәтийжесинде тек ғана санаат тараўының өзинде 500 мыңға шамалас жоқары маман қәнигелерге талап пайда болыўы прогноз етилмекте. Салмақлы көрсеткишлер медицина тараўының потенциалы сезилерли дәрежеде өсиўин аңлатады. Соның менен бирге, мийнет базарында жаңа әўлад кадрларына талап кескин артқаны, жоқары билимлендириў мәкемелериниң алдында базар талапларына толық жуўап беретуғын, әмелий көнликпелерге ийе қәнигелер таярлаў ўазыйпасы турғаны айқын көринеди.

Усы жерде медициналық билимлендириўдеги жедел реформаларға бираз тоқтап өтсек. 2024/2025-оқыў жылында Ташкент мәмлекетлик медицина университети питкериўшилериниң мийнет базарындағы қатнасыўы артпақта. Атап айтқанда, жуўмақланған оқыў жылында университетимизди 3504 студент табыслы тамамлады. Олардың 3188 и, соның ишинде, 162 магистр жумыс пенен тәмийинленген. Улыўма бәнтлик дәрежеси 90,9 процентти қураған. Олардың 58 проценти мәмлекетлик медицина мәкемелеринде, 32,9 проценти болса жеке меншик медицина шөлкемлеринде жумыс баслағаны денсаўлықты сақлаўдың барлық сегментин маман кадрлар менен тәмийинлеўде универсал таярлық ҳәм базарға бейимлесиўшеңлик тәмийинленип атырғанынан дәрек береди. Мәмлекетлик грант бойынша оқығанлар менен төрт тәреплеме, төлемли-шәртнама тийкарында оқығанлар менен болса үш тәреплеме шәртнамалар тийкарында мийнет қатнасықлары рәсмийлестирилгени кадрлар жетиспеўшилигин системалы сапластырыўға үлес қоспақта.

Системада 316 ямаса 9,1 процент питкериўши ҳәзир рәсмий бәнт емес. Олардың қурамы талланғанда 6,9 проценти (241 питкериўши) декретлик дем алыста екени, 0,8 проценти (28 адам) магистратура ямаса ординатураға ҳүжжет тапсырғаны ушын жумыс басламағаны, 1,3 проценти (47 адам) болса сырт елге стажировка, билимлендириў ямаса жумыс мақсетинде шыққаны анықланған.

Улыўма питкериўшилердиң 1259 ы (36,8 проценти) магистратура ҳәм клиникалық ординатураға ҳүжжет тапсырған, олардың көпшилиги жумыс пенен бир ўақытта оқыў нийетинде. Бул жағдай медицина кадрларының үзликсиз қәнигелигин арттырыў ҳәм илимий-әмелий таярлығын тереңлестириў тенденциясын айқын көрсетеди.

Президентимиздиң алға қойған илимий-инновациялық идеяларынан келип шығып, Ташкент медицина университети өз қурамында Жасалма интеллект лабораториясы орайын шөлкемлестириў бойынша анық ҳәм әмелий илажлар режесин ислеп шықты. Бул орайдың тийкарғы мақсети - заманагөй медицинаны алдынғы санлы технологиялар менен үйлестирген ҳалда инновацияларды әмелиятқа енгизиў ушын әмелий изертлеў ҳәм тәжирийбе майданын жаратыўдан ибарат. Лабораторияда магистрлер, докторантлар ҳәм илимий излениўшилер устаз-шәкирт дәстүрине сүйенген ҳалда медицина тараўында қолланылыўы мақсет етилген, сондай-ақ, өз бетинше жаратылған медициналық қурылмаларды ислеп шығыў ҳәм сынақтан өткериў имканиятына ийе болады. Усы мақсетте жасларды қоллап-қуўатлаў, оларға кең имканиятлар жаратыў, жасалма интеллект тараўында стартаплар ҳәм илимий жойбарларды қаржыландырыў және келешекте әмелиятқа енгизиў Ташкент медицина университетиниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

Сынаў процеси табыслы жуўмақланғаннан соң, патент алыў арқалы қолланбалар ҳуқықый жақтан қорғалады ҳәм системалы өндириске бағдарланады. Бундай медициналық-техникалық өнимлер тек ғана жергиликли денсаўлықты сақлаў системасының үскене ҳәм технологияларға болған талабын қаплаў емес, ал халықаралық базарға экспорт етиў имканиятын да кеңейтеди.

Ташкент медицина университетинде де медицина инженерлигине қәнигелескен илимий-техникалық технопарк қәлиплеседи. Дәстүрий инженерликтен өзгеше түрде онда тараўға тән инновациялық шешимлерге ийе медициналық үскенелер, жоқары анықлықтағы медициналық үскенелер ҳәм санлы диагностика қураллары ислеп шығылады. Сол арқалы медициналық билимлендириўдиң теориялық ҳәм әмелий қурамы алдынғы инженерлик қолланбалар менен байыйды. Студентлер болса билимлендириў процесинде ҳақыйқый өндирислик ҳәм изертлеў орталығында тәжирийбе арттырады. Нәтийжеде мәмлекетимизде медицина, инженерлик ҳәм жасалма интеллект тараўлары үнлес раўажланады. Инновациялық потенциалға ие жаңа әўлад қәнигелерин таярлаў ушын беккем академиялық ҳәм технологиялық платформа жаратылады. Бул болса Өзбекстанның глобал илимий-техникалық раўажланыўдағы абырайын беккемлейди, медицина тараўында жоқары технологиялы өнимлер экспортында жаңа базар есиклерин ашады.

Мәжилисте студентлердиң билим ҳәм әмелий көнликпелери екинши курстан соң, оларды жумысқа тартыў тилегинде болған инвесторлардың қатнасыўында жыллық баҳаланатуғыны атап өтилди. Жаңаша баҳалаў процесиниң нәтийжелери питкериўшилердиң диплом жумысына да тиккелей тәсир көрсетеди. Себеби олар жойбарда белгиленген анық машқалаларды шешиў тийкарында илимий жумыс жақлайды. Нәтийжеде питкериўшилердиң маманлығы жумыс бериўшиниң талабына толық сәйкес келеди ҳәм олар кепилликли түрде жумысқа жайластырылады. Жаңа система мийнет қатнасықларында да жеке меншик сектор ушын хошаметлеўши механизм сыпатында хызмет етеди. Атап айтқанда, питкериўшини жумысқа алған кәрханалар исбилерменлик жумысының миллий рейтингинде қосымша балл алады. Бундай процесс, әлбетте, жеке меншик сектордағы емлеўханалар ҳәм басқа да субъектлерге де енгизиледи. Мәжилисте белгилеп берилген илажлар, әсиресе, медициналық билимлендириўдиң келешектеги раўажланыў перспективалары ушын үлкен әҳмийетке ийе. Себеби медициналық бағдарларда кадрлар таярлаў процесинде теориялық билим ҳәм әмелий шынығыўлар өз-ара байланыслы болып, студентлердиң академиялық потенциалын реал медициналық әмелият пенен үйлестириў нәтийжелилигин кескин арттырады. Жаңа системада ири медицина кластерлери ҳәм заманагөй клиникалар ушын арнаўлы модуллер енгизилиўи, медициналық инженерлик, биомедицина үскенелерин жойбарлаў, санлы диагностика, клиникалық изертлеўлер методологиясы сыяқлы бағдарлар заманагөй денсаўлықты сақлаў тараўының стратегиялық талапларына тиккелей жуўап береди.

Студентлер бул модуллерди пуқта өзлестирген ҳалда екинши курстан соң клиникалық базаларда әмелий таярлықтан өтеди. Олардың билим ҳәм көнликпелери инвесторлардың қатнасыўында баҳаланады. Диплом жумысларының темасы болса реал медицина жойбарларындағы анық машқалаларды шешиўге бағдарланады. Бул арқалы питкериўшилердиң кәсиплик таярлығы базар талапларына толық сәйкес келеди, олардың жумысқа жайласыўы болса кепилленеди.

Соның менен бирге, миллий денсаўлықты сақлаў системасы алдынғы технология ҳәм инновациялық шешимлер тийкарында жаңа басқышқа көтериледи. Келешекте бул реформалар нәтийжесинде медициналық билимлендириў ҳәм өндирис арасындағы бирге ислесиў және де беккемленип, "университет - илимий инновациялық жумыс - коммерцияластырыў - әмелият" байланыслылығы тийкарында жаңа кадрлар таярлаў экосистемасы қәлиплеседи. Бул экосистема медицина тараўында жоқары технологиялы өнимлер жаратыў, оларды жергиликли ҳәм халықаралық базарға алып шығыў, медицина инженерлиги технопарклериниң жумысын кеңейтиў ҳәм бәсекиге шыдамлы қәнигелерди таярлаўға хызмет етеди.

Мәжилисте белгиленген илажлар медициналық билимлендириўди инновациялық раўажланыўдың жаңа басқышына алып шығады. Жас әўладтың интеллектуаллық потенциалын толық жүзеге шығарыў, медициналық билимлендириўди нәтийжели ҳәм заманагөй модель тийкарында жетилистириў, Өзбекстанның халықаралық медицина майданындағы абырайын буннан былай да арттырыўға жол ашады.

Шухрат БАЙМУРАТОВ,

Ташкент мәмлекетлик медицина университети ректоры.