Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ) тәрепинен шөлкемлестирилип, Европа Аўқамы делегациясы (ЕА), Глобал бирге ислесиў ҳәм турақлылық қоры (GCERF), Әдил судлаў ҳәм ҳуқық үстинлиги халықаралық институты (IIJ), сондай-ақ, Зорлықлы екстремизмге қарсы гүресиў бойынша халықаралық алдыңғы тәжирийбе орайы (Hedayah) менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Мәжилисте тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, халықаралық шөлкемлер, экспертлер жәмийети ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўдан гөзленген мақсет Европа Аўқамы тәрепинен қаржыландырылатуғын үш жыллық PRR бағдарламасы шеңберинде ҳәрекетлерди муўапықластырыў ҳәм келисилген көзқарасларды ислеп шығыўдан ибарат. Жойбар репатриантлар менен ислесиў миллий системасын буннан былай да жетилистириў, оларды реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаўдың турақлы механизмлерин беккемлеўге қаратылған.

Глобал антитеррор форумы қәўендерлигинде шөлкемлестирилген үш халықаралық институттың экспертизасын бирлестириў басламаның әҳмийетли өзгешелиги болып есапланады. GCERF жергиликли МКШларды грант жәрдеминде қоллап-қуўатлаў арқалы пуқаралық жәмийетин тартыўды тәмийинлейди, Hedayah стратегиялық байланыслар ҳәм билимлендириў бағдарламаларына басшылық етеди, IIJ болса қайтарылғанлар менен ислесиўдиң ҳуқықый механизмлери ҳәм институционаллық әмелиятларын жетилистириўге жәрдемлеседи. Бирге ислесиўдиң бундай форматы Өзбекстанның өзине тән методологиясын кеңейтиў, халықаралық ҳуқықый, социаллық ҳәм коммуникациялық стандартларды интеграциялаў имканиятын береди.

Мәжилисте СРИИ директорының орынбасары Бахтиёр Мустафоев шығып сөйлеп, халықаралық қоллап-қуўатлаў Өзбекстанның ерискен нәтийжелери дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынып атырғанынан дәрек екенин атап өтти. "Елимиз репатриация қәўип емес, ал турақлылыққа инвестиция екенин әмелиятта дәлилледи", - деди эксперт. Оның атап өтиўинше, қурылған модель гуманитарлық қатнас ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша узақ мүддетли ўазыйпаларды өзинде жәмлеген.

ЕА делегациясының Өзбекстандағы бағдарламалық менеджери Яна Курпицаның атап өтиўинше, жойбар репатриантларды реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў бойынша миллий бағдарламаларды күшейтиў ҳәм мәмлекеттиң институционаллық потенциалын беккемлеўге қаратылған.

БМШ Антитеррор басқармасының Орайлық Азия бойынша регионаллық координаторы Карина Тимшина Реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў мәселелери бойынша регионаллық эксперт кеңесиниң жумысын айрықша атап өтти. Оның атап өтиўинше, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен шөлкемлестирилген Кеңес бул бағдардағы регионаллық ҳәрекетлерди сезилерли дәрежеде жеделлестиреди.

PRR жойбарын әмелге асырыўдың жедел басқышы АҚШтың Өзбекстандағы елшиханасы, ЕҚБШның жойбарлар координаторы офиси, ЮНИСЕФ ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) тәрепинен де қоллап-қуўатланды.

Ушырасыў соңында GCERF, Hedayah ҳәм IIJ ўәкиллери 2026-жылға мөлшерленген жойбарды әмелге асырыўдың толық режесин жәриялады. Мәжилис қатнасыўшылары белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм муўапықластырылған ҳалда орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған әмелий усыныслар топламын қәлиплестирди.

Улыўма етип айтқанда, Кеңестиң биринши мәжилисиниң Өзбекстанда өткерилиўи шериклик қатнасықларын институционалластырыўда әҳмийетли қәдем болып, елимиздиң реаблитация ҳәм реинтеграция тараўындағы системалы ҳәм комплексли қатнасқа садықлығын тастыйықлады.