Илажда Россия Федерациясы сыртқы ислер министриниң орынбасары Михаил Галузин, "Валдай" клубы қоры Кеңесиниң баслығы Андрей Бистрицкий, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры Элдор Арипов, Россия ҳәм Өзбекстан дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары - Алексей Ерхов ҳәм Батыр Асадов, Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкими Улуғбек Қосимов, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң эксперт-таллаў топарларының ўәкиллери қатнасты.
Термиз: цивилизациялар тарийхый кесилиспесинен заманагөй логистика хабына шекем
Сөйлесиў майданы ретинде Термиз қаласының таңланғаны терең рәмзий мәниге ийе. Еки мың жылдан аслам тарийхқа ийе қала әсирлер даўамында Орайлық ҳәм Қубла Азия арасында тәбийғый көпир ўазыйпасын атқарған. Евразия регионларын байланыстырып турған ең әҳмийетли саўда ҳәм мәдений жоллар әйне усы аймақ арқалы өткен.
Бүгинги күнде бул тарийхый роль жаңа мазмун менен байып бармақта. Бул жерде гәп тек ғана географиялық жайласыў ҳаққында емес, ал транспорт коридорлары, логистика шынжырлары, энергетика ҳәм саўда жолларын өз ишине алған жаңа байланыс архитектурасын қәлиплестириў ҳаққында бармақта. Олар биргеликте Россия, ҒМДА ҳәм Орайлық Азия базарларын жедел раўажланып атырған Қубла Азия мәканы менен байланыстырыўға қаратылған.
Заманагөй Термиз бул өзгерислердиң тийкарғы элементине айланбақта. Қалада жаңа түрдеги инфраструктура - визасыз халықаралық саўда орайы, раўажланған хызмет көрсетиў ҳәм билимлендириў екосистемасы, транспорт-логистика хабы қәлиплеспекте. БМШтың Жәҳән азық-аўқат бағдарламасы тәрепинен Аўғанстанға 150 мың тоннаға шамалас гуманитарлық жәрдем жеткерип берилген "Термиз карго орайы" айрықша әҳмийетке ийе.
Россия Федерациясы сыртқы ислер министриниң орынбасары Михаил Галузин Термиз регионаллық бирге ислесиўдиң жаңа түрлерин раўажландырыўда стратегиялық әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти. Ол Сурхандәрья ўәлаятын "өзбек жериниң бай әййемги тарийхын, оның жедел раўажланыўы ҳәм жарқын перспективаларын сәўлелендиретуғын оазис" деп атады. Оның пикиринше, Өзбекстанның Термиз қаласында Халықаралық саўда орайын шөлкемлестириў бойынша тәжирийбеси Өзбекстан ҳәм Россия исбилерменлериниң өз-ара пайдалы шериклиги ушын жоқары әмелий әҳмийетке ийе.
Өзбекстан-Россия шериклиги жаңа Евроазия архитектурасының факторы сыпатында
Ушырасыў шеңберинде быйыл дипломатиялық байланыслар орнатылғанының 34 жыллығы белгиленип атырған Өзбекстан - Россия қатнасықларының жағдайы ҳәм перспективаларына айрықша итибар қаратылды.
СРИИ директоры Элдор Арипов бүгинги күнде Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиў турақлы раўажланып атырғанын атап өтти.
Буны анық көрсеткишлер тастыйықлайды:
товар алмасыў көлеми 3 еседен аслам - 4,2 миллиард доллардан 13 миллиард долларға шекем артты;
өзлестирилген Россия инвестицияларының көлеми 5 миллиард долларға шамаласқан;
жүзлеген биргеликтеги жойбарлар, соның ишинде, регионаллық дәрежеде улыўма баҳасы 4 миллиард доллардан аслам болған 200 ден аслам баслама әмелге асырылмақта.
Буннан тысқары, Э.Ариповтың атап өтиўинше, тийкарынан саўда моделинен комплексли санаат кооперациясына, қосымша қун шынжырлары ҳәм технологиялық альянсларды қәлиплестириўге өтиў бақланбақта.
Усы мәниде, СРИИ директоры заманагөй Өзбекстан-Россия қатнасықларының үш таянышын атап өтти:
турақлылық - глобаллық турбулентлик шараятында да еки тәреплеме байланыслар турақлы өсиў ҳәм бейимлесиўшеңликти көрсетеди;
структуралық жетиклик - кооперацияның қурамалы түрлерине, соның ишинде, биргеликтеги инвестициялық платформалар ҳәм технологиялық шынжырларға өтиў;
күтилгенлик - исенимли сиясий сөйлесиўдиң жоқары дәрежеси менен тәмийинленеди. Атап айтқанда, тек ғана кейинги бир жылда 5 жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм 12 телефон арқалы сөйлесиў, 2017-жылдан берли түрли дәрежедеги 1000 нан аслам өз-ара сапар етиўлер өткерилгени исеним ҳәм узақ мүддетли режелестириў ушын беккем тийкар жаратпақта.
Аймақлар кооперация драйвери сыпатында: Татарстанның роли
Экспертлер ушырасыўы шеңберинде бирге ислесиўдиң регионаллық өлшемине айрықша итибар қаратылды. Санаат, аўыл хожалығы ҳәм инновациялар тараўында әмелий жойбарлар қәлиплесетуғын аймақлар арасындағы тиккелей байланыслар барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Усы мәниде, Россияның жетекши индустриаллық ҳәм инновациялық орайларынан бири болған Татарстан Республикасы делегациясының қатнасыўына итибар қаратылды. Татарстанның нефть-химия, машина қурылысы, IТ ҳәм билимлендириў тараўларындағы тәжирийбеси аймақлараралық кооперацияны тереңлестириў ушын қосымша имканиятлар ашады.
Әмелге асырылып атырған жумыслар, соның ишинде, Шыршық ҳәм Жиззақта "Химград"тың қатнасыўында технопарклерди шөлкемлестириў, Қазан федерал университети филиалының жумысы бирге ислесиўдиң турақлы өндирислик-технологиялық ҳәм билимлендириў тийкарын жаратпақта.
Қубла вектор: экономикалық интеграцияның жаңа көлеми
Транспорт-логистика бағдарларын раўажландырыў келешектеги бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары етип белгиленди. Дәстүрий арқа бағдарларды модернизациялаў менен бирге Аўғанстан арқалы Ҳинд океаны портларына шекемги қубла вектор қәлиплеспекте.
Бул жол логистиканы диверсификациялаў, транспорт қәрежетлерин азайтыў ҳәм Қубла Азияның көп миллиард долларлық базарларына шығыў ушын стратегиялық имканият сыпатында көрилмекте.
Эксперт дипломатиясы күн тәртибин қәлиплестириў қуралы сыпатында
Еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўда экспертлер қарым-қатнасының орны айрықша екени атап өтилди.
"Валдай" халықаралық дискуссия клубын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў қоры Кеңесиниң баслығы Андрей Бистрицкий еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар бир-бири менен тығыз байланыслы, тарийхый қәлиплескен ҳәм бүгинги тез өзгерип атырған дүньяда айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Оның атап өтиўинше, оларды сақлап қалыў ҳәм беккемлеў ушын глобаллық ҳәм регионаллық процесслерди биргеликте таллаў, келисилген көзқарасларды ислеп шығыў, интеллектуаллық қарым-қатнасты күшейтиў зәрүр.
Усы мәниде, СРИИ ҳәм "Валдай" клубының бирге ислесиўи жаңа идеяларды ислеп шығыў, пикир алысыў ҳәм талап жоқары болған әмелиятқа бағдарланған шешимлерди ислеп шығыў ушын нәтийжели майданға айланды.
Жуўмақ: Термиз жаңа Евросияның өсиў ноқаты сыпатында.
Қатнасыўшылар мәжилис жуўмақлары тек ғана Өзбекстан-Россия шериклигин буннан былай да беккемлеўге емес, ал Евроазия регионының және де кең, өз-ара байланыслы ҳәм турақлы архитектурасын қәлиплестириўге үлес қосатуғынына исеним билдирди.
Усы мәниде, Термиз өзиниң бийтәкирар тарийхый мийрасы ҳәм заманагөй инфраструктуралық потенциалына сүйенип, Орайлық ҳәм Қубла Азияны байланыстыратуғын жаңа регионаллық байланыстың әҳмийетли орайларынан бири сыпатында беккемленбекте.