Осло қаласына сапары шеңберинде Сыртқы ислер министрлиги, Норвегия парламенти, Арқа мәмлекетлердиң инновациялар ҳәм транспорт бойынша кеңеси, Норвегия келиспеўшиликлерди шешиў орайы, Осло тынышлықты изертлеў институты, Норвегия халықаралық қатнасықлар институтында бир қатар ушырасыўлар болып өтти.
Сөйлесиўлерде Орайлық Азияның жетекши таллаў орайлары, соның ишинде, Қазақстан Республикасы Президенти жанындағы Қазақстан стратегиялық изертлеўлер институты ҳәм Қырғызстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық басламалар миллий институтының ўәкиллери де қатнасты.
Тәреплер глобал қәўипсизликтиң заманагөй қәўип-қәтерлери, турақлы раўажланыў ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиўге итибар қаратқан ҳалда халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша мазмунлы пикир алысты. Регионаллық ҳәм халықаралық дәрежеде тынышлық, турақлылық ҳәм өз-ара исеним орталығын беккемлеўге қаратылған басламаларды алға қойыўда Өзбекстанның орны артып атырғаны айрықша атап өтилди.
Қатнасыўшылар Орайлық Азияда ашық-айдынлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм тең ҳуқықлылық принциплерине тийкарланған жақсы қоңсышылық қатнасықлары избе-из раўажланып атырғанын атап өтти. Регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў қәўипсизликтиң және де турақлы архитектурасын қәлиплестириў ҳәм экономикалық өсиў ушын имканиятларды кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Додалаўлар ўақтында Орайлық Азия ҳәм Арқа Европа мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларына айрықша итибар қаратылды. Әмелий бирге ислесиў ушын жоқары потенциалға ийе болған "жасыл" энергетика, санлы трансформация, инновациялық технологиялар, билимлендириўди модернизациялаў ҳәм климат мәселелери тийкарғы бағдарлар сыпатында атап өтилди.
Ушырасыўлар жуўмағында тәреплер Орайлық Азия ҳәм Арқа Европа мәмлекетлериниң аналитикалық орайлары, илимий-билимлендириў мәкемелери ҳәм тийисли шөлкемлери арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиўден еки тәреп те мәпдар екенин тастыйықлады. Экспертлер сөйлесиўи ҳәм билим алмасыўы аймақлар арасындағы узақ мүддетли ҳәм турақлы шерикликтиң тийкары сыпатында әҳмийетли екени атап өтилди.