Форум "Бөлинген дүньяда көпирлер қурыў" сүрени астында өтип, халықаралық система трансформациясының әҳмийетли тенденциялары, көп тәреплемелик кризиси, глобал қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыў мәселелерин додалаўға бағышланды.

Илаждың тийкарғы қатнасыўшылары арасында Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев, Албания Президенти Б.Бегай, Черногория Президенти Я.Милатович, Тимор-Лешти Демократиялық Республикасы Президенти Ж.Р.Орта, сондай-ақ, БМШ Бас хаткериниң орынбасарлары М.А.Моратинос ҳәм А.Россбах, ЮНКТАД Бас хаткери Р.Гринспан, ЖДСШ Бас директоры Т.А.Гебрейесус ҳәм басқалар бар.

Форумның жалпы сессиясында шығып сөйлеген сөзинде, сондай-ақ, Әзербайжан ғалаба хабар қураллары ушын билдирген пикирлери шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры Элдор Арипов Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы қатнасықлар тарийхый раўажланыўда екенин атап өтти. Оларды сиясий исеним, экономикалық прагматизм ҳәм узақ мүддетли мәплердиң сәйкес келиўине тийкарланған системалы шериклик сыпатында характерледи.

Э.Арипов еки мәмлекет жетекшилери арасындағы исенимли жеке қатнасықлар жоқары дәрежеде екенин, бул өз-ара бирге ислесиўди және де тереңлестириў ушын беккем сиясий тийкар жаратып атырғанын айрықша атап өтти.

"Еки тәреплеме күн тәртиби избе-из ҳәм комплексли раўажланбақта. Өзбекстан - Әзербайжан бирге ислесиўи тек ғана саўда, санаат, энергетика сыяқлы дәстүрий бағдарларды емес, ал санлы технологиялар, инновациялар, санаат кооперациясының заманагөй түрлери сыяқлы жаңа тараўларды да қамтып алады", - деп атап өткен СРИИ директоры.

"Қытай ҳәм глобал басқарыў басламасы" сессиясында шығып сөйлеген сөзинде Элдор Арипов глобал басқарыў системасының кризиси тереңлесип атырғанына итибар қаратты. Оның сөзлерине бола, ҳәзирги халықаралық механизмлер барған сайын дүньяның жетекши мәмлекетлери арасында келисилген қарарларды ислеп шығыўды тәмийинлей алмай атыр.

Бундай шараятта, халықаралық жәмийетшилик дүнья жүзилик системаның раўажланыўын буннан былай да раўажландырыў бағдарын анық таңлаў алдында турыпты, деп атап өтти СРИИ басшысы.

"Я көп тәреплеме бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлерин тиклеўге ерисиледи, яки күшлер балансы ҳәм стратегиялық тыйып турыў логикасы тийкарында дүнья тәртиби қәлиплеседи, биз буны дүньяның көплеген регионлары мысалында бақлап атырмыз", - деп атап өтти ол.

Усы орында конструктивлик сөйлесиў ҳәм келисим табыў имканиятларын қолдан жибермеў айрықша әҳмийетке ийе, деди Элдор Арипов.

Өзбекстанлы эксперттиң пикиринше, Пекин усыныс етип атырған басламалар дүнья системасының келешеги ҳаққындағы халықаралық додалаўдың раўажланыўына салмақлы үлес қоспақта. Оларды мазмунлы додалаў көп тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў бойынша жаңа көзқарасларды ислеп шығыўға, сондай-ақ, бүгинги күнниң тийкарғы глобаллық қәўип-қәтерлери бойынша тең салмақлы шешимлер табыўға хызмет етиўи мүмкин.

Институт директорының түсиндириўинше, Қытай дүнья тәртибине тек ғана альтернатив көзқарас емес, ал басқарыўдың басқаша философиясын усынады.

"Пекин киши мәмлекетлердиң даўысы ири мәмлекетлердиң даўысы сыяқлы әҳмийетке ийе болыўы, халықаралық ҳуқық болса еки тәреплеме стандартларсыз қолланылыўы керек, деген универсал принциплер ҳаққында айтып атыр", - деп атап өтти ол.

Элдор Арипов бул пикирди раўажландырып, Қытайдың Орайлық Азиядағы орны өзгерип атырғанына баҳа берди. Ол соңғы жыллары ҚХР регион мәмлекетлериниң тийкарғы экономикалық шериги болып атырғанын атап өтти.

Мәселен, 2025-жылдың жуўмақларына бола, Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы саўда көлеми 100 миллиард доллардан артты. Онда экономикалық бирге ислесиўди жеделлестириў инвестициялық бирге ислесиўдиң турақлы өсиўи менен бирге алып барылмақта. Кейинги он жылда Қытайдың регион мәмлекетлерине тиккелей инвестицияларының көлеми еки еседен зыят көбейди ҳәм дерлик 40 миллиард долларға жетти, деди ол.

Э.Арипов өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа институционаллық архитектурасын қәлиплестириўге де итибар қаратты. Бурын Қытай менен бирге ислесиў тийкарынан Шанхай бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде әмелге асырылған болса, бүгинги күнде турақлы секретариат шөлкемлестирилген ҳалда Орайлық Азия - Қытай" айрықша форматы қәлиплестирилди.

Орайлық Азияның Қытай менен бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдары, институт директорының пикиринше, инфраструктура ҳәм транспорт байланыслылығын раўажландырыў болып есапланады. Оған мысал сыпатында Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолының қурылысын атап өтти. Оның сөзлерине бола, бул жойбар Орайлық Азияны Каспий теңизи арқалы Әзербайжан, Грузия, Түркия ҳәм оннан кейин Европа базарлары менен байланыстыратуғын Орта коридор менен байланыстырыў ушын үлкен потенциалға ийе.

Элдор Ариповтың атап өтиўинше, "Қытай қатнасыўында жаратылып атырған инфраструктура регионның кеңирек трансконтиненталлық тармақларға интеграцияланыўына хызмет етеди ҳәм оны көплеген шериклер, соның ишинде, халықаралық инвесторлар, логистика операторлары ҳәм финанс институтлары ушын ашып береди".

Бундай байланыслылық жаңа имканиятларды жаратады, имканиятлар болса, өз гезегинде, стратегиялық автономияны беккемлейди, -деди институт директоры.

Соның менен бирге, бул моделдиң узақ мүддетли нәтийжеси көп жағынан жойбарлардың ашық-айдынлығы, олардың басқа халықаралық институтлар менен сәйкеслиги ҳәм миллий раўажланыў стратегияларының ҳүрмет етилиўине байланыслы, деп атап өтти Э.Арипов.

СРИИ директоры, бирге ислесиўдиң өзгешелиги ҳәм Қытайдың Орайлық Азиядағы орны артып атырғаны глобаллық басқарыў системасының және де көп тәреплеме ҳәм өз-ара байланыслы болып атырғанын сәўлелендиретуғынын атап өтти.

Э.Арипов бүгинги күнде Орайлық Азия Россия, Қытай, Европа, Түркия, Персия қолтығы мәмлекетлери ҳәм халықаралық институтлар менен жедел бирге ислесип атырғанын еслетип өтти. Онда қәлиплесип атырған бирге ислесиў механизмлериниң бәсекиге кирисиў емес, ал бир-бирин толықтырып турыўы, шерикликтиң раўажланыўы болса суверенитетти беккемлеўге хызмет етиўи әҳмийетли шәрт болып қалмақта.

Орайлық Азия тәжирийбеси бундай теңсалмақлылық мүмкин екенин көрсетпекте", - деп жуўмақлады ол.

Мағлыўмат ушын: Низамий Ганжавий атындағы халықаралық орай - халықаралық қатнасықлар, регионаллық қәўипсизлик ҳәм цивилизациялараралық қарым-қатнас мәселелерине қәнигелескен жетекши Әзербайжан аналитикалық орайы.

Бул платформаның өзине тән өзгешелиги - әмелдеги ҳәм бурынғы мәмлекет басшылары, халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлер жәмийетшилигиниң ўәкиллерин бирлестирген көп дәрежели форматы болып есапланады.