Пикирлесиўлер орайында заманның ең өткир қәўип-қәтерлери, соның ишинде, халықаралық қәўипсизлик архитектурасының трансформациясы, көп тәреплеме дипломатияның кризиси ҳәм глобал анықсызлық шараятында турақлы раўажланыў жолларын излеў мәселелери турды.

Ашылыў мәресими ҳәм панель сессияларында мәмлекет жетекшилери ҳәм ең ири халықаралық институтлардың басшылары қатнасты. Олардың арасында Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев, Албания, Черногория ҳәм Тимор-Лешти мәмлекетлериниң басшылары, БМШтың жоқары дәрежедеги басшылары, соның ишинде, Бас хаткердиң орынбасарлары М.А.Моратинос ҳәм А.Россбах, жетекши халықаралық шөлкемлердиң басшылары Р.Гринспан (ЮНКТАД), Т.А.Гебрейесус (ЖДСШ) ҳәм басқалар бар.

А.Камилов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан ҳәм Әзербайжан қатнасықлары мисли көрилмеген раўажланыў дәўирин басынан өткерип атырғаны, ҳақыйқый стратегиялық шериклик руўхында раўажланып атырғанын атап өтти. Бул жақынласыўға қол қойылған Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнама ҳәм мәмлекет басшылары - Шавкат Мирзиёев ҳәм Илҳам Алиевтиң жеке исенимли сөйлесиўи тийкар болды.

Өзбекстан Президентиниң кеңесгөйи Орайлық Азияны трансформациялаў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Оның атап өтиўинше, "Президент Шавкат Мирзиёевтиң тынышлық орнатыў бағдарындағы ҳәрекетлери ҳәм оның сиясатының регион мәмлекетлери тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланыўы себепли Орайлық Азия келиспеўшиликлер аймағынан биргеликте раўажланыў мәканына айланды".

"Дүнья бизиң узақ мүддетли улыўма инвестициямызға айланды, ол ҳәзирден-ақ дивидентлер алып келмекте. Кейинги жыллары Орайлық Азияда регион ишиндеги саўда еки есеге, өз-ара инвестициялар болса бес есеге артты, - деди Абдулазиз Комилов.

Соның менен бирге, Өзбекстан Президентиниң кеңесгөйи атап өткениндей, турақлылықты беккемлеў ҳәм экономикалық раўажланыўға хызмет ететуғын бундай унамлы процесслер бүгин Қубла Кавказда да анық қәлиплеспекте.

Усы мүнәсибет пенен ол Өзбекстан Әзербайжанның аймақлық пүтинлиги тиклениўин, Әзербайжан ҳәм Армения арасында тынышлық келисимине қол қойылыўын қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди. Оның қосымша етиўинше, "турақлы Қубла Кавказ - пүткил Евроазия ушын стратегиялық жеңис болып, регионларымыздың экономикалық, инфраструктуралық ҳәм транзит потенциалын байланыстырыў ушын принципиаллық жақтан жаңа шараятларды ашып береди".

Абдулазиз Камилов Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев бундай жақынласыўдың үлкен потенциалын бириншилерден болып көргенин еске алды. Оның Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевти Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары форматында қатнасыўға мирәт етиў басламасы регионлараралық өз-ара байланыслылықтың жаңа басқышына алып шығыў жолындағы тарийхый қәдем болды.

А.Комиловтың атап өтиўинше, Өзбекстан Әзербайжанға регионның органикалық ҳәм ажыралмас бөлеги сыпатында қарайды. Бул қатнастың тийкарында тек ғана терең тарийхый мийрас ҳәм мәдений кодлардың уқсаслығы емес, ал биргеликтеги келешекти беккемлеў, узақ мүддетли көзқарас да турады.

Усы мүнәсибет пенен "Әзербайжанның Орайлық Азия жәмийетшилигине қосылыўы Орайлық Азиядан Қубла Кавказға шекем улыўма геосиясий ҳәм экономикалық мәканды қәлиплестириў ушын кең имканиятлар ашады", деп есаплайды ол.

Жаңа транспорт коридорларын раўажландырыў ҳәм бирге ислесиўдиң исенимли инфраструктурасын жаратыў бул стратегияның әмелий көриниси болып есапланады.

Усы мәнисте, А.Камилов Орта коридорды Қытай ҳәм Орайлық Азияны Кавказ ҳәм Европа менен байланыстыратуғын ең қысқа жол сыпатында көрсетип өткен.

- Регион мәмлекетлери ушын Орта коридор экономикалық турақлылықтың әҳмийетли факторы ҳәм глобал қосымша қун шынжырларына толық интеграцияласыўдың гилти болып есапланады, - деп атап өтти Өзбекстан Президентиниң сыртқы сиясат мәселелери бойынша кеңесгөйи.

Соның менен бирге, Орта коридорды "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолы жойбары ҳәм Трансаўған маршруты менен байланыстырыў ушын үлкен потенциал бар екенин, Зангезур коридорын раўажландырыў стратегиялық әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

"Биз Зангезур коридорын Европа, Қубла Кавказ ҳәм Орайлық Азияны бирден-бир түйин етип байланыстыратуғын логистика тармақларының ең әҳмийетли сегменти сыпатында қараймыз", - деди ол.

Өзбекстан Президентиниң сыртқы сиясат мәселелери бойынша кеңесгөйи бул бағдарлардың өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў арқалы Шығыс Азиядан Жақын Шығыс ҳәм Европаға шекемги кеңисликти қамтып алатуғын көп басқышлы диверсификацияланған магистраль транспорт жөнелислери системасын қәлиплестириў мүмкин екенине исеним билдирди.

"Биргеликте бул дүнья экономикасына тең салмақлы интеграцияласыў, жаңа базарларға шығыў ушын шараят жаратады ҳәм Евразия турақлылығының факторына айланады", - деп жуўмақлады А.Камилов.

Мағлыўмат ушын: Низамий Ганжавий атындағы халықаралық орай - халықаралық қатнасықлар, регионаллық қәўипсизлик ҳәм цивилизациялараралық қарым-қатнас мәселелерине қәнигелескен жетекши Әзербайжан аналитикалық орайы.

Бул платформаның өзине тән өзгешелиги - әмелдеги ҳәм бурынғы мәмлекет басшылары, халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлер жәмийетшилигиниң ўәкиллерин бирлестирген көп дәрежели форматы болып есапланады.