Африка турмысын сәўлелендиретуғын бир фильмде көрген едим. Еркек узақ ҳәм машақатлы мийнет пенен қатты бир мийўени орақ жәрдеминде қайта-қайта ислеў береди. Узақ урыныўлардан кейин ақырында оннан бир кесе суўды сығып алады. Бул сол еркек ҳәм шаңарағының шөлин қандыратуғын бирден-бир дәрек еди.
Фильм қурғақшылықтың аўыр ақыбетлерин суўға мүтәж инсанлардың көзлеринде, балалардың қуўраған еринлеринде көрсеткен еди. Мен болса шөллеўди денесинде, руўхый дүньясында сезип атырған сол балалардың нәзерлеринен кеткен аўырыўды кранды бир бурап-ақ умытып жиберген едим.
Солай. Биз узақ жыллар "суў ресурслары таўсылмайды, суў тәбияттағы айланба ҳәрекети процесинде тикленип, жаңаланып турады, суўдың муғдары да, сапасы да өзгермейди", деген теорияны санамызға беккем орнатып алған едик. Бул надурыс иллюзия қабығында суўға "суўық" мүнәсибетте болыўды даўам ете бердик. Тамшы суўдың қәдирине жетпей, "суў ешейин" деп алдымыздан ағып кеткенди қәдирлемедик. Ақыбетинде қәўетерли санлар қағазлардан турмысқа көшип бармақта. Тәбиятты инсан бийлигине бойсындырыў процесинде жол қойылған қәтелер ақыбетинде планетамызда бүгинги күнге келип тынышлық ҳәм қәўипсизлик машқалаларын тығыз байланыстыратуғын суў машқаласы күшеймекте.
Бүгин жер жүзиндеги 2 миллиардтан аслам халық таза ишимлик суўға мүтәж, 2 миллиард 300 миллионнан аслам адам болса санитариялық талапларға жуўап бермейтуғын турмыслық суўдан пайдаланыўға мәжбүр. Қәнигелердиң пикиринше, 2050-жылға шекем суўға талап және 50 процентке артады. Усы санлардың өзи де тәбияттың бийбаҳа байлығынан үнемли, ақылға уғрас пайдаланыўға шақырады.
Кейинги жылларда суўдан пайдаланыў сондай жедел пәтлер менен өспекте, инсаният бүгинги суў ресурсларының жетиспеўшилиги ҳәм сапасының төменлеп барыўы шараятында оған болатуғын талапты қалай тәмийинлеў ҳаққында терең ойланбақта. Бүгинги күнге келип суў ресурсларын турақлы басқарыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў дүньяда пүткил регион ҳәм мәмлекетлердиң турақлы экономикалық раўажланыўында шешиўши әҳмийетке ийе мәселелерден бирине айланды. Бул мәселе суў ресурслары шекленген, экономикасы ҳәм халқы тез өсип атырған, климат өзгериўи тәсирлери барған сайын көбирек сезилип атырған Орайлық Азия регионындағы жаңа экономикалық, социаллық, сиясий ҳәм экологиялық реаллықлар шараятында оғада әҳмийетли ҳәм және де үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Орайлық Азия мәмлекетлери ишинде Өзбекстан аграр потенциалы жоқары, бирақ тәбийий ресурсларына орташа мүнәсибет талап етилетуғын мәмлекет. БМШ ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң мағлыўматларына бола, Өзбекстан "суў жетиспеўшилиги жоқары" болған мәмлекетлер қатарында тур. Мәмлекеттиң тийкарғы суў дәреклери - Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья мәмлекет аймағынан тысқарыда қәлиплеседи. Сонлықтан, соңғы жыллары Өзбекстанда суў менен байланыслы машқалалардың алдын алыў, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, суў ресурсларын басқарыў системасын жетилистириў, суў хожалығы объектлерин модернизациялаў ҳәм раўажландырыў бойынша избе-из реформалар болып өтпекте. Узақ жыллар тараўда нәтийжели пайдаланыў, есап жүргизиў, ирригация тармақларында үнемлеўши жаңа технологияларды қолланыў сыяқлы илажларды әмелге асырыў зәрүрлиги бар еди.
Суўдың 90 проценти аўыл хожалығында пайдаланылады. Усы ўақытқа шекем ирригация системаларының ескиргени ҳәм жоғалтыў дәрежесиниң жоқарылығы (40-50 процентке шекем) бул тараўдағы машқалаларды күшейтетуғын, аймақларда суўды басқарыў усылы ескише болып, заманагөй инновациялық системаларды енгизиўди талап ететуғын еди. Сол себепли кейинги жылларда суўдан пайдаланыў коэффициентин және де арттырыў ушын ирригация тармақларында жоғалтылатуғын суў муғдарын басқышпа-басқыш азайтыў, суўғарылатуғын жердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, ирригация-мелиорация объектлерин реконструкциялаў ҳәм оңлаў-тиклеў жумыслары орынланбақта.
- Бурын республикамыздың суўғарыў тармақларының тек ғана 23 проценти бетонланғаны себепли ишки тармақларда суў көп жоғалтылатуғын еди. Президентимиздиң басшылығында 2024-жыл 7-ноябрь күни аўыл хожалығында суў ҳәм энергия дәреклеринен ақылға уғрас пайдаланыў және шығынларды азайтыў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, канал ҳәм салмаларды бетонлаў, суў басқарыўын реформалаў мәселесине айрықша итибар қаратылған еди, -дейди ирригатор Актам Усмонов. - Ҳақыйқатында да, суўдан пайдаланыў коэффициентин және де арттырыў ушын ирригация тармақларындағы шығынлар муғдарын азайтыў керек. Буның ушын суўғарылатуғын жердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, ирригация-мелиорация объектлерин реконструкциялаў ҳәм оңлаў-тиклеў зәрүр. Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған әҳмийетли ўазыйпа - канал ҳәм салмаларды бетонлаў нәтийжесинде болса суўдан пайдаланыў коэффициенти 90-95 процентке шекем артып, шығынлардың алды алынады. Сондай-ақ, бул илажлар дийқан атызына суў жетип барыў ўақтын үнемлейди, суўшы-мураплардың мийнети жеңиллеседи.
Елимизде аўыл хожалығы өнимлерин ең көп жеткерип бериўши Самарқанд ўәлаятында 2024-2025-жылларда белгиленген 5 әҳмийетли районлараралық каналдың 15 километринде реконструкция әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, "Суў жеткерип бериў хызмети" мәмлекетлик мәкемелери есабындағы 364 километр суўғарыў, кластер ҳәм фермер хожалықлары есабындағы ишки суўғарыў тармақларынан 1 мың 345 километри де бетонластырылды.
Суўды үнемлеўде алдынғы тәжирийбелер ҳәм жаңа суўғарыў технологияларын қолланыў айрықша әҳмийетке ийе. Президентимиздиң 2024-жыл 5-январьдағы "Төменги буўында суў ресурсларын басқарыў системасын жетилистириў ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары тийкарында суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленди. Қарарға тийкарланып, суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша ашық-айдын онлайн кредит ажыратыў имканиятын беретуғын “Suvkredit.uz” электрон системасы ислеп шығылып, иске қосылды. Бул платформа арқалы 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 5 жыл мүддетке 14 процент муғдарында онлайн кредитлер ажыратылмақта. Сондай-ақ, фермер хожалықлары ҳәм агрокластерлер алдында турған бир қатар машқалаларға шешим табылды. Соның ишинде, коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылып атырған кредит процентиниң муғдары 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 14 процентке түсирилди.
Буннан тысқары, фермер хожалықлары тәрепинен кредит алыў процесинде гиреў тәмийнаты миннетлемеси бийкар етилди. Бурын банктен кредит алыў, субсидия рәсмийлестириў, ҳүжжет жыйнаў, гиреў тәмийнаты мәселеси менен байланыслы жуўырыслар ҳәм фермерлерди бездиретуғын басқа да кеўилсиз жумыслар әпиўайыластырылды. Бундай имканиятлар қысқа мүддетте өз нәтийжесин көрсетпекте. Соның ишинде, ўәлаятта 2025-жылы 13 мың 500 гектар майданда тамшылатып, 3 мың 200 гектар майданда жаўынлатып, 2 мың 600 гектар майданда дискрет, 5 мың 600 гектар майданда ийилиўшең қубырлар арқалы суўғарыў системасы енгизилмекте. Бул арқалы орташа 61 миллион метр куб суўды үнемлеў ҳәм 18 мың гектар майдандағы тәкирарый егинлерди суў менен тәмийинлеў имканияты жаратылыўы нәзерде тутылған.
Саўға емес, аманат
Суў машқаласы ҳаққында сөз болғанда, және бир аўыр мәселе - жоқары зүрәәт алыўға болған умтылыў тийкарында суўғарылмайтуғын жерлерге артезиан "урыў" дәстүрге айланғанын атап өтиў керек. Бүгинги күнде мыңлаған гектар ғәлле майданлары, пахта атызлары жер асты суўы менен суўғарылмақта. Мәмлекеттеги суў ресурслары жылдан-жылға азайып баратырғаны, жер асты суўына артқан байланыслылық ҳәм артезиан қудықлары арқалы суў алыў әмелиятының кескин көбейиўи бул машқаланы және де аўырластырыўы мүмкин. Артезианларды қадағалаўсыз қазыў ҳәм артықша пайдаланыў жер асты суўы қәддиниң кескин төменлеўине, тәбийғый экосистеманың бузылыўына ҳәм келешекте қурғақшылық қәўпиниң артыўына алып келиў итималы жоқары. Демек, орынларда елеге шекем даўам етип атырған таза артезиан суўына болған "басқыншылықларды" тоқтатыўымыз керек. Бул бағдарда айрықша илажлар да ислеп шығылмақта.
Мағлыўматларға бола, артезиан суўынан 20 минут аққан суўдың жумсалыўы есабынан тамшылатып суўғарыўды енгизиў менен 8,4 тонна бийдай ямаса 15 тонна картошка алыў мүмкин. Солай екен, таза ишимлик суўын бүгиннен қәдирлеп, нәтийжели илажлар белгилеп алыўымыз керек. Бул бағдарда районлардағы артезианлардан суў алатуғын ҳәммеге мәжбүрий тамшылатып суўғарыў системасын қатаң енгизиў, тармақларды толық санластырыў, жуўапкерлердиң ўәкиллигин кеңейтиў сыяқлылар арқалы турақлы машқаланың алдын алыўға ерисиўимиз мүмкин.
Усы жерде және бир мағлыўмат. Дүньяда ҳәр жылы 5 жастан киши болған орташа 297 мың бала тазаланбаған ишимлик суўын ишкени ямаса мине усындай суў менен қол жуўғаны нәтийжесинде кеселленип қайтыс болмақта. Усы қорқынышлы санлардың өзи де тамшы суўдың қәдирин бүгиннен түсиниўимиз ушын тийкар болады, болмаса ертең келешек әўлад алдында айыпкер болып қалыўымыз анық.
Тынышлықтағы нала
Суў - тиришилик дереги, деген сөз белгили. Бирақ соңғы жыллардағы ўақыялар тек ғана сүренлер менен жумыс ислеп болмайтуғынын айқын көрсетпекте. Суўдың ысырап болыўы тек ғана тәбийғый факторлар себепли емес, ал инсан факторы - итибарсызлық, нәтийжесиз басқарыў ақыбетинде де жүз бермекте. Суўды үнемлеў тек ғана фермерлер ямаса мәмлекетлик мәкемелерге тийисли емес. Ҳәр бир пуқара, ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир шөлкем бул мәселеде жуўапкершиликти сезиўи керек. Аўыр ақыбетлердиң алдын алыў ушын ҳәзирден ҳәрекет зәрүр. Суўды үнемлеў тек ғана нызам менен емес, ал руўхый тәрбия менен де әмелге асырылыўы керек. Бул бағдарда болса суўды үнемлеў мәдениятын қәлиплестириў, арнаўлы бағдарламалар арқалы пуқараларға суўдың қәдири, оннан ақылға уғрас пайдаланыўдың әҳмийети бақшадан баслап түсиндирилиўи, мәлимлеме мәканында, әсиресе, телевидение, интернет әлеминде суў мәденияты ҳаққында избе-из, системалы билимлендириў ҳәм үгит-нәсиятлаў процесин жолға қойыў керек. Себеби инсан санасы өзгермесе, ең жақсы технология да күтилген нәтийжени бермейди.
Тийкарғы байлығымыз суў. Суў әпиўайы суйықлық емес, елдиң деми. Оны қорғамасақ, суўсызлықтан тек топырақ емес, үмитлер де қурыйды. Суўдың тынышлықтағы сыңсығанын тыңлайық. Бул тәбияттың ақырғы ескертиўи болыўы мүмкин!
Шухрат НОРМУРОДОВ,
журналист