Мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте өткерилип атырған халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажы күтилгенинен де көбирек қызығыўшылық оятып, жоқары белсендилик көрсетпекте. Ўатанласларымыз 15-31-январь күнлери даўамында census.stat.uz арнаўлы мәлимлеме системасы арқалы онлайн дизимнен өтти. Усы жылдың 4-февральынан баслап болса дизимге алыў илажының екинши басқышына старт берилди. Енди 28-февральға шекем "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери үйме-үй жүрип, дизимнен өтпеген ямаса мағлыўматларында кемшиликлери болған пуқараларды дизимге алады ҳәм планшетлер арқалы арнаўлы платформаға киргизеди.

Сайлаў илажының қаншелли әҳмийетли екенин, бул арқалы мәмлекеттиң демографиялық, социаллық ҳәм экономикалық жағдайын ҳәр тәреплеме сәўлелендиретуғын исенимли статистикалық мағлыўматлар базасы қәлиплестирилип атырғаны ҳәм ҳеш бир пуқара оннан шетте қалмайтуғынын ўатанласларымыз жақсы аңламақта. Бул онлайн дизимге алыў басланған 15-январь сәнесиниң дәслепки минутларында-ақ жоқары белсендилик бақланғаны ҳәм бир ўақыттың өзинде мыңлаған адамлар сораўнаманы толтырыўға кирискенинде де айқын көринди. Қәнигелер бул жағдайды көбинесе бақланатуғын "биринши күн ямаса ҳәпте эффекти" деп баҳалады. Бирақ белсендилик кейин де пәсеймеди ҳәм онлайн дизимнен өтиўдиң соңғы минутларына шекем сақланып турды.

Нәтийжеде тек ғана 17 күн ишинде мәмлекетимиздеги жәми хожалықлардың 82,3 процентинде жасайтуғын 30 миллионнан аслам халық сораўнаманы онлайн толтырып, дизимнен өткени жәрияланды. Бул ҒМДА мәмлекетлери арасында өзине тән рекорд нәтийже екени айтылмақта.

- Елимизде қысқа ўақытта жоқары нәтийже атап өтилди. Бул ўатанласларымыздың санлы саўатлылығы барған сайын артып атырғанын, санлы хызметлерге исеним ҳәм әмелий көнликпелер қәлиплескенин айқын көрсетеди. Қалаберди, онлайн дизимге алыўдың қолайлығы ҳәм тезлиги, сондай-ақ, халықтың улыўмамиллий илажға болған жоқары қызығыўшылығы себепли дәслепки басқышта-ақ үлкен қамтып алыўға ерисилди, - дейди Миллий статистика комитети Мәлимлеме, коммуникациялар ҳәм медиа орайының басшысы Усмон Абдурасулов.

Ҳәр бир дизимге алыўшы онлайн бақлаўда

Нәўбет дизимге алыўдың екинши басқышына жетти. Февральдың 1-3 күнлери онлайн дизимнен өтпегенлердиң үй мәнзиллериниң дизими дүзилип, статистика уйымлары ҳәм мағлыўматларды үйме-үй жүрип есапқа киргизетуғын участкаларға жеткерилгеннен соң, 4-февральдан "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери шаңарақларға шыққан ҳалда дизимди қәлиплестириў ямаса анық емес мағлыўматларды анықластырыўға киристи.

Бул қайта дизимге алыў емес, ал илаждың әмелий даўамы болып есапланады. Онда, тийкарынан, онлайн дизимнен өтпеген пуқаралар қамтып алынады. Айырым жағдайларда биринши басқышта онлайн дизимнен өтип, сертификат алған пуқаралардың шаңарағына да дизимшилер келиўи мүмкин. Бул әдетте онлайн сораўнамада мағлыўматлар қәте ямаса кемшиликлер менен киргизилгенине байланыслы болады. Бул жағдай халықаралық шөлкемлердиң усынысларында да нәзерде тутылған. Яғный көп жағдайларда тийкарғы дизимге алыў илажынан соң мағлыўматлардың анықлығы ҳәм сапасын баҳалаў мақсетинде қайта тексериў өткериледи. Бунда тосаттан таңлап алынған шаңарақларға қәнигелер қайта-қайта барады. Қайта тексериўлер әдетте жәми дизимнен өткенлердиң 10-15 процентин қамтып алады ҳәм бул халықаралық әмелиятта кеңнен қолланылатуғын тәжирийбе есапланады.

Қәнигелердиң түсиндириўинше, дизимге алыў мағлыўматларын жыйнаў процесслери толық санластырылған болып, ҳәр бир физикалық шахстың жеке идентификация номери тийкарында исленеди ҳәм қайта киргизилген мағлыўматларды автоматикалық түрде анықлаў имканиятын береди. Қәте ҳәм кемшиликлер толтырылған сораўнамалар да автоматикалық түрде ажыратып алынады. Сонлықтан, дизимге алыўдың екинши басқышында онлайн процессте қатнаспағанлар менен бирге, сораўнаманы қәтеликлер менен толтырған пуқаралардың мағлыўматлары да мәлимлеме системасына киргизиледи.

Екинши басқыш тиккелей халық пенен ислесиўди нәзерде тутады. Сонлықтан, процесске әдеўир алдыннан таярлық көрилген. Дизимге алыўшылардың маманлығы, объектлерди анықластырыў, мағлыўматлардың анықлығын тәмийинлеў сыяқлы ҳәр бир тәрепи қатаң қадағалаўда.

- Таярлық шеңберинде 2025-жылдың декабрь айында республика бойынша 7,6 миллионнан аслам турақ жай объектиниң GPS координаталары анықластырылды, - дейди Миллий статистика комитетиниң жуўапкер хызметкери Умиджон Сайфуллаев. - Бул дизимге алыў процесслерин реал ўақыт режиминде бақлаў, дизимге алыўшылардың анық мәнзилде жумыс алып барып атырғанын тексериў ҳәм мағлыўматлардың сапасын қадағалаў имканиятын береди. Бул басқышта дизимге алыў "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери тәрепинен әмелге асырылады. Процессте системадағы 55 мыңнан аслам хызметкер үш басқышлы тренинглер арқалы таярланды. Республика бойынша бар болған мәҳәллелерде мәҳәлле кесиминде халықтың саны, үй хожалықлары ҳәм дизимге алыўшы хызметкерлердиң саны көрсетилген шөлкемлестириў режелери тастыйықланған. Бул режелер дизимге алыўшылардың жүклемесин әдил белгилеў, қамтып алыўды толық тәмийинлеў ҳәм қадағалаў механизмин күшейтиў ушын тийкар болып хызмет етеди.

Ҳәзирги ўақытта дизимге алыўшылар өз мәҳәллесиндеги шаңарақларға кирип, мағлыўматларды планшет қурылмалары арқалы электрон системаға киргизбекте. Процесстиң ашық-айдын ҳәм тәртипли өтиўи ушын дизимге алыўшылардың ҳәрекетлери GPS арқалы бақлап барылады. Егер мағлыўматлар қәте ямаса кемшиликлер менен киргизилсе ямаса регистратор белгиленген қағыйдаларға әмел етпей, шаңараққа бармастан сораўнаманы толтырса, бундай мағлыўматлар система тәрепинен қабыл етилмейди ҳәм регистратор планшетине автоматикалық ескертиў жибериледи. Себеби, ҳәр бир мағлыўмат дурыс ҳәм толық жыйналыўы, исенимли ҳәм сапалы қәлиплестирилиўи зәрүр.

Дизимге алыў тек ғана "мәҳәлле жетилиги" ағзалары тәрепинен өткерилмекте. Процессте пуқаралардан ҳеш қандай СМС код ямаса пул қаржылары соралмайды. Жеке мағлыўматлар телефон ямаса социаллық тармақлар арқалы да соралмайды. Барлығы хызметкер тәрепинен сораўнама тийкарында планшет арқалы системаға киргизиледи. Ўатанласларымыз қәўипсизлик көзқарасынан усы тәреплерге сергек ҳәм итибарлы болыўы керек. Пуқара өз үйине келген регистраторды танымаса ямаса оған гүман туўылса, оннан хызмет белгисин көрсетиўди талап етиўи керек. Ҳәр бир хызметкерге берилген бейжиктеги QR код арқалы регистратор ҳаққындағы мағлыўматларды тексериў мүмкин, бул мағлыўматлар бирден-бир базаға киргизилген. Сондай-ақ, 1851 қысқа номери арқалы жумыс алып барып атырған колл-орайға қоңыраў етип, регистратор ҳаққында қосымша мағлыўмат алыў имканияты да бар.

Барлық мағлыўматлар қәўипсиз сақланбақта

Ҳақыйқатында да, жеке мағлыўматлардың қәўипсизлиги бүгинги күнде ең әҳмийетли мәселелерден бирине айланған. Адамлар үйине келген ҳәр қандай бийтаныс адамнан гүманланыўы тәбийғый, әсиресе, жеке мағлыўматларын бериўге туўра келсе. Бул күнделикли турмысымызда киберҳүжимлердиң түри ҳәм саны барған сайын артып баратырғаны менен де байланыслы. Соның ушын ба, халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажлары басланған дәслепки күнлерден-ақ ўатанласларымызды жеке мағлыўматлардың қол қатылмаслығы менен байланыслы сораўлар қызықтырды. Әҳмийетли киберҳүжимлер ҳаққында соңғы ўақытларда тарқалған хабарлар болса халықтың қәўетерин және де арттырды.

Жуўапкерлер бул бағдарда ҳеш қандай қәўетерлениўге орын жоқ екенлигин, пуқаралардың дизимге алыўға байланыслы жеке мағлыўматлары толық қорғалғанын атап өтпекте. Қалаберди, дизимге алыў процесинде ҳеш бир пуқараға тийисли фотосүўрет ҳәм паспорт сүўретлери алынбаған ҳәм мағлыўматлар базасына сүўрет жүкленбеген.

- 2026-жылдың 15-31-январь күнлери онлайн тәризде өткерилген халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўда топланған барлық мағлыўматлар өз алдына серверде шифрланған ҳалда қәўипсиз сақланбақта, - деп түсиндиреди Миллий статистика комитети басқарма баслығы Шоҳруҳ Одилов. - Мағлыўматлар миллий мәлимлеме қәўипсизлиги талапларына муўапық қатаң қорғаў астында ҳәм сыртқы дәреклер арқалы шығып кетиў итималы жоқ. Ең басынан қәўипсизлик мәселесине қатаң итибар қаратылған ҳалда мәлимлеме системасының турақлы ислеўи ушын зәрүр сервер қуўатлықлары ажыратылып, мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў бойынша тийисли илажлар көрилген. Елимиздиң 38 миллионнан аслам халқына тийисли мағлыўматлар оғада үлкен база болып, ҳәр бир пуқараның жеке мағлыўматларының сырлылығы, қәўипсизлиги ҳәм қол қатылмаслығы нызам менен толық кепилленеди. Барлық жеке мағлыўматлар тийкарғы базаға шифрланған ҳалда түседи ҳәм сыр сақланады. Олар тек ғана статистикалық мақсетлерде қолланылады, салық, ҳуқық қорғаў ямаса басқа қадағалаўшы органларына усынылмайды.

Яғный өткерилип атырған тарийхый процесс - халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажы елимизге байланыслы анық статистиканы қәлиплестириўге хызмет етеди. Бул мәмлекеттиң улыўма картасын қәлиплестиретуғын оғада үлкен процесс болып, келешектеги режелерин белгилеў, халықтың жасаў шараятын және де жақсылаў, зәрүр шараятлар жаратыўда әҳмийетли болып есапланады.

Онда түрли бағдарлар, соның ишинде, демографиялық көрсеткишлер, халықтың социаллық жағдайы, турақ жай шараятлары, аўыл хожалығы жумысы, аймақлық раўажланыў дәрежеси бойынша мағлыўматлар топланып атырғанының себеби сонда. Бул мағлыўматлар улыўмаластырылған статистикалық көринисте талланады ҳәм мектеп, бақша, емлеўхана, жол сыяқлы социаллық объектлерди қай жерде ҳәм қандай қуўатлықларда қурыў зәрүр екенлигин белгилеў, сондай-ақ, келешектеги раўажланыў стратегияларын ислеп шығыўда беккем тийкар болып хызмет етеди.

Дизимнен өтиўдиң дәслепки нәтийжелери усы жылдың 1-июльине шекем, жуўмақлаўшы мағлыўматлар болса 2027-жылдың 1-июльине шекем жәрияланыўы режелестирилген.

Ирода ТАШМАТОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы