Ол халықтың күнделикли турмысын тәртипке салыў, жәмийетте адамгершилик, жақсылық, мийрим-шәпәәт сыяқлы жоқары қәдириятларды беккемлеўде де әҳмийетли орын ийелейди. Соның ушын да кейинги жыллары мәмлекетимизде мәҳәлле институтының орны ҳәм абырайын және де арттырыў, жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Президентимиздиң басламасы менен 2020-жылдан баслап 22-март сәнеси Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни сыпатында белгиленип киятырғаны болса бул тараўға жоқары итибардың айқын көриниси болып есапланады. Бул сәнениң әйне Наўрыз әййямы менен үнлес ҳалда байрамланыўында да терең рәмзий мәни бар. Наўрыз жаңаланыў, жақсылық ҳәм аўызбиршилик байрамы болса, мәҳәлле мине усы қәдириятларды турмысқа енгизиўши, адамларды бирлестиретуғын әҳмийетли орын болып есапланады.

Халқымыз мәпи жолындағы жуўапкершилик

Ҳәзир ерисилген нәтийжелерди таллаў ҳәм келешектеги ўазыйпаларды белгилеп алыў ушын да әҳмийетли пурсат. Усы мәнисте, бүгин мәҳәлле системасы жумысының нәтийжелилиги анық санлар ҳәм әмелий нәтийжелерде өз көринисин таппақта.

Төменде келтирилетуғин санлар тек гана статистика емес. Олардың тийкарында мәҳәлле системасын раўажландырыў жолында жаратылып атырған кең имканиятлар менен шараятлар, "жетилик"тиң 8992 мәҳәлледе ислеп атырған 55 мыңнан аслам хызметкери және дерлик 1 миллион жәмийетлик белсендиниң жуўапкершилиги, бирден-бир мақсет, яғный халқымыздың мәпи жолындағы ҳәрекети жәмленген.

Кейинги жыллары баянатларымызда "жумыссызлықтан (кәмбағаллықтан) жырақ аймақ" деген сөз барған сайын көбирек қолланыла баслады. Расын айтқанда, көпшилигимиз алдын бундай мақсетлерге ерисиў қыйын ямаса дерлик имкансыз деп ойлағанбыз. Бирақ "жетилик", мәҳәлле кесиминде ислесиў системасы жолға қойылғаннан соң, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы избе-из илажлар бул көзқарасларды әмелде бийкарлады. Нәтийжеде өткен жылдың жуўмақларына бола, 2090 мәҳәлле жумыссызлықтан, 1435 мәҳәлле болса кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айланды.

Расын айтқанда, бул санларды айтыў ғана аңсат. Бундай ойлап қарасақ, олардың мәнисинде мыңлаған шаңарақлардың турмысындағы унамлы өзгерислер, турақлы дәрамат дәрегине ийе инсанлар, жаңа жумыс орынлары ҳәм исбилерменлик имканиятлары жәмленген. Биз ушын қуўанышлы тәрепи сонда, бул нәтийжелер мәҳәлле институтының халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм адамлардың ертеңги күнге исенимин беккемлеўде әҳмийетли орын ийелеп атырғанын айқын көрсетпекте.

Усы жылы бул бағдардағы жумысларымызды жаңа, сапа жағынан жоқары басқышқа көтериў бойынша зәрүр илажларды ислеп шықпақтамыз. Президентимиз кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан жырақ мәҳәллелердиң санын 3500 ге жеткериў ўазыйпасын қатаң белгилеп қойған. Егер биз бул ўазыйпаны орынлай алсақ, "Өзбекстан - 2030" стратегиясының ең әҳмийетли мақсетлеринен бирине мүнәсип үлес қосқан боламыз.

Тынышлық ҳәм қәўипсизлик ҳәр қандай жәмийеттиң раўажланыўының ең әҳмийетли шәртлеринен бири. Усы көзқарастан қарағанда, жынаятшылықтың алдын алыўда да мәҳәлле системасының орны шексиз. Өткен жылы 4388 мәҳәллениң жынаятшылықтан жырақ аймаққа айландырылғаны тыныш-татыў орталықты тәмийинлеўде мәҳәлле белсендилери, профилактика инспекторлары ҳәм жәмийетшиликтиң бирге ислесиўи қаншелли әҳмийетли екенлигин көрсетеди. Бул болса жынаяттың алдын алыў тек ғана ҳуқық қорғаў уйымлары емес, ал пүткил жәмийетшиликтиң аўызбиршиликли ҳәрекети арқалы нәтийжели тәмийинлениўин көрсетеди.

Бүгин шаңарақ институтын беккемлеў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли ҳәм тийкарғы ўазыйпа болып қалмақта. Шаңарақлық машқалаларды өз ўақтында терең үйрениў, оларға мақсетли ҳәм нәтийжели жәрдем көрсетиў, психологиялық ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў бағдарындағы жумыслар дурыс шөлкемлестирилсе, мәҳәлледе ажырасыўлар сезилерли дәрежеде азаяды, жаслар арасында саламат шаңарақлық қатнасықлар қәлиплеседи ҳәм турақлы, беккем шаңарақлардың саны кескин артады.

Бул процессте жәмийетшиликтиң қатнасыўы ҳәм жуўапкершилиги кескин күшейеди, мәҳәлледе өз-ара исеним ҳәм аўызбиршилик орталығы қәлиплеседи. Бул бағдарда исленген системалы жумыслардың нәтийжеси өткен жылы да айқын көринди: 1670 мәҳәлледе ажырасыў жағдайларының алдын алынғаны шаңарақларды сақлаў, жасларды дурыс тәрбиялаў бағдарында мәҳәллениң әҳмийетин және бир мәрте тастыйықлады.

Және бир тәрепи. Мәҳәлле, бәринен бурын, адамлардың машқаласын жақыннан билетуғын система. Өткен жылы мәҳәллеге келип түскен 4,8 миллионнан аслам мүрәжаттың 89 проценти мине усы мәҳәллениң өзинде шешилди. Бул, өз гезегинде, нәтийжели механизм жолға қойылғанын аңлатады. Усы жылы мәҳәллелердеги машқалаларды бир ўақыттың өзинде жедел шешиўде барлық мәмлекетлик уйымға жуўапкершилик жүклеп, орынлаўды 24/7 режиминде онлайн қадағалаў әмелиятын жолға қойыў режелестирилген. Ҳәзир мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бул тәртипти енгизиў имканиятлары көрип шығылмақта.

Мәҳәлле тек ғана ҳәкимшилик структура емес, ал шаңарақларды сақлаў, жасларды миллий қәдириятлар руўхында тәрбиялаўға хызмет ететуғын әҳмийетли социаллық-руўхый орын болып есапланады. Сол себепли, бундай нәтийжелер жәмийетимизде саламат ҳәм турақлы орталықты қәлиплестириўде мәҳәллениң орны ҳәм жуўапкершилиги қаншелли үлкен екенин айқын көрсетпекте. Бул ўазыйпаларды әмелге асырыў мәҳәллениң тәрбиялық ҳәм социаллық потенциалын буннан былай да күшейтиўди талап етеди.

Қытайлы профессор ҳәм экспертлердиң тән алыўы

Реформалар орайында, әлбетте, инсан қәдири, мүнәсип турмыс кешириў мәселеси тур. Жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда сырт мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесин үйрениў ҳәм әмелиятқа енгизиў де әҳмийетли.

Қытай кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жетекши мәмлекетлерден. Оның тәжирийбесин Өзбекстан шараятына бейимлестириў ушын Фудан университетиниң профессоры Ван Сяолин ҳәм Пекин педагогикалық университетиниң профессоры Чжан Си менен бирге ислесиў жолға қойылды. Дәслепки басқышта усы жылдың февраль айында олардың қатнасыўында республика бойлап "мәҳәлле жетилиги"ниң аўыр категориядағы 903 мәҳәлледе жумыс алып барып атырған 6000 ағзасы ушын онлайн оқыў семинары шөлкемлестирилди. Бул семинар тек ғана теориялық билим бериў емес, ал әмелиятта сынақтан өткен нәтийжели шешимлерди ғалаба ен жайдырыўға хызмет етти.

Арадан көп өтпей, март айында қытайлы профессорлар Өзбекстанға келип, орынлардағы жағдай менен жақыннан танысты. Атап айтқанда, олар Сырдәрья районындағы "Қуёш", Зарбдор районындағы "Лалмикор" ҳәм "Оқбулоқ", сондай-ақ, Жамбай районындағы "Найман" ҳәм "Сарой" мәкан пуқаралар жыйынларында болып, халықтың турмыс тәризи, бәнтлигин тәмийинлеў, дәрамат дәреклерин кеңейтиўге қаратылған әмелий жумыслар менен танысты.

Соның менен бирге, "мәҳәлле жетилиги" белсендилериниң қатнасыўында "Мәҳәлледе кәмбағаллықты қысқартыўда Қытай тәжирийбеси" атамасында оқыў семинары өткерилди. Онда алдынғы көзқараслар, анық механизмлер ҳәм нәтийжеге бағдарланған жумыс усыллары додаланды. Әсиресе, Жамбай районының Сарай мәҳәллесинде жасайтуғын А.Қурбоновтың үйинде Қытай ҳәм Қубла Корея технологиялары тийкарында шөлкемлестирилген заманагөй ыссыхана қытайлы қәнигелерде үлкен қызығыўшылық оятты. Бундай әмелий басламалар халықты турақлы дәрамат дәрегине ийе етиўде әҳмийетли фактор болып атырғаны атап өтилди.

Әҳмийетлиси, үйрениў ҳәм таллаўлар нәтийжесинде бир әҳмийетли ҳақыйқат және бир мәрте өз тастыйығын тапты: профессорлар Ван Сяолин ҳәм Чжан Си атап өткениндей, Өзбекстан қысқа ўақытта кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың дәраматын арттырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша салмақлы нәтийжелерге еристи. Атап айтқанда, Қытай 40 жылда басып өткен жолдың белгили нәтийжелерине Өзбекстан кейинги 9 жылда ерискени тән алынды.

Бул болса мәмлекетимиз бул бағдарда өз жолын, моделин ҳәм нәтийжели қатнасын қәлиплестирип үлгергенинен дәрек береди. Қәнигелердиң пикиринше, жақын еки жылда кәмбағал шаңарақлардың санын кескин қысқартыў, ҳәттеки бул машқаланы толық сапластырыў имканияты бар.

Аўызбиршилик ҳәм миннетдаршылық тымсалы

Быйылғы Рамазан айы ҳәр қашанғыдан да сақаўатқа бай болды, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз. Президентимиздиң басламасы менен "Рамазан - мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм шүкиршилик айы" сүрени астында комплексли илажлар әмелге асырылды. Буның ушын "Вақф" қайырқомлық жәмийетлик фондына 750 миллиард сум ҳәм Социаллық қорғаў миллий агентлиги арқалы 300 миллиард сум ажыратылды. Бул қаржылар есабынан мүтәж шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетилди, майыплығы болған шахслардың емлениўи ҳәм хирургиялық әмелият қәрежети қаплап берилди.

Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Социаллық қорғаў миллий агентлиги жәрдеминде майыплығы болған, жалғыз баслы, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм социаллық реестрге киргизилген 100 мың пуқараның мәнзилли дизимин қәлиплестирди. Оларға мәмлекетлик жәрдем сыпатында 10 миллиард сумлық 10 түрдеги азық-аўқат өнимлери жәмленген саўғалар таярланып, басқышпа-басқыш жеткерип берилди. Буннан тысқары, барлық мәҳәллелердеги жәрдемге мүтәж шаңарақлардың үйлеринде мәҳәлле баслықлары тәрепинен ифтарлық дастурханлары жайылды. Оларға жәми 629 мыңнан аслам нураный, көше (үй) бийлери, социаллық дәптерлер ҳәм социаллық реестрдеги пуқаралар мирәт етилди.

Ҳәр бир мәҳәлледен бесеўден - жәми 45 мыңнан аслам кәмбағал шаңарақтың турақ жайы көмек жолы менен оңланды. Ҳәр бир мәҳәлледен 10 нан - жәми 100 мыңға шамалас кәмбағал шаңарақтың қыйтақ жерине овош, палыз, картошка ҳәм басқа да түрдеги егинлер егилди. Жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы 20 мың адамның муқаддес зыярат орынларына саяхаты шөлкемлестирилди. Барлық мәҳәллелерде кейўаны ҳәм ҳажы аналардың қатнасыўында сүмелек сейиллери өткерилмекте.

Әлбетте, бундай ийгиликли ислер мәҳәллениң тийкарғы мәнисин және бир мәрте көрсетеди. Себеби мәҳәлле әзелден адамлардың ыссы-суўығынан хабар алатуғын, мүтәжлерге ийинлес болатуғын ең жақын социаллық орын болып есапланады.

Абатлық кеўилден басланады

"Абат" сөзи раўажланған, жақсы тәртипке салынған, тыныш-абадан, жақсы ҳалындағы орын деген мәнилерди аңлатады. Ол тилимизге таза ҳәм сулыў орын, инфраструктурасы жақсы, адамлар жасаўы ушын қолайлы, раўажланған ҳәм абадан аймақ сыпатында кирген.

Мине соның ушын да Президентимиз "Мәҳәлле абат болса - журт абат болады" деген сөзди көп атап өтеди. Себеби, мине, усы әҳмийетли пикирдиң негизинде халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў, тыныш ҳәм мүнәсип жасаўы ушын қолайлы шараят жаратыўдай ийгиликли мақсет жәмленген. Мәҳәлледеги ҳәр бир шаңарақ тыныш-татыў, ҳәр бир көше абат болса, пүткил мәмлекеттиң раўажланыў пәти де, жәмийеттиң кейпияты да соған жараса болады.

Мине, усы ийгиликли дәстүрлердиң даўамы сыпатында усы жылы 13-14-март күнлери мәмлекетимиз бойлап "Журт абаданлығы, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады!" сүрени астында улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги өткерилди. Шембилик күнлери 160 мыңға шамалас көше ҳәм 57 мың гектардан аслам аймақ абаданластырылды. 21 миллионнан аслам терекке форма берилди. 665 зыярат етиў орны ҳәм 25 мыңнан аслам балалар ҳәм спорт майданшалары тәртипке келтирилди. Тазалаў жумыслары да кең көлемде орынланып, 20 мың тоннадан аслам шығынды шығарып тасланды.

Шембилик шеңберинде қыйтақ жерлер ҳәм суўғарыў системаларын жақсылаўға да айрықша итибар қаратылды. 18 мың километрден аслам салма ҳәм лотоклар тазаланып, жаңа суў жоллары ашылды. Нәтийжеде 345 мыңнан аслам шаңарақтың қыйтақ жеринде суўғарыў имканиятлары жақсыланды. Сондай-ақ, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде мәмлекет бойлап 6,8 миллион түптен аслам терек нәли егилди. Итибарлы тәрепи, олардың 1,4 миллионнан асламы кәмбағал шаңарақлардың үйине егилип, келешекте олар ушын қосымша дәрамат дәрегине айланады. Соның менен бирге, 850 ден аслам жаңа "жасыл" бағ жаратылды.

Шембилик шеңберинде мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў жумыслары да орынланды. 199 километр жол асфальтланды, 690 километр жолға шебен төселди. Электр тәмийнатын жақсылаў ушын 590 трансформатор оңланды, мыңлаған бағаналар жаңаланды ҳәм 7000 нан аслам түнги жақтыландырғыш орнатылды. Сондай-ақ, шембилик күнлери 568 социаллық-турмыслық объект пайдаланыўға тапсырылып, 1387 жаңа жумыс орны ашылды. Әҳмийетлиси, бул илажларда 17 миллионнан аслам пуқара, соның ишинде, 9 миллионнан аслам жаслар белсене қатнасты. Бул болса жас әўладтың журт тәғдирине бийпәрўа емес екенлигин, олар абат Ўатан қурыў идеясына шын кеўилден үлес қосып атырғанын көрсетеди.

Абаданлық тек ғана көшелерди тазалаў ямаса инфраструктураны жақсылаўдан емес, бәринен бурын, инсанның кеўли, нийети ҳәм жәмийетшилик жуўапкершилигинен басланады. Усы мәнисте, ҳәр бир мәҳәлле абат болса, елимиздиң раўажланыўы ҳәм абаданлығы және де беккемленеди.

Бүгинги жуўапкершилик ҳәр қашанғыдан да аўыр

Ҳәзир мәҳәлле системасының мойнына жүкленген ўазыйпалар ҳәр қашанғыдан да үлкен ҳәм жуўапкершиликли. 2026-жылдың мәмлекетимизде Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы деп жәрияланғаны да жоқарыдағы пикиримизди тастыйықлайды.

Бул бағдарда, бәринен бурын, мәҳәллелерде халықты бәнт етиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў жумысларын және де системалы шөлкемлестириў, ҳәр бир шаңарақтың дәрамат дәрегине ийе болыўына әмелий жәрдем бериў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады. Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке тартыў ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерге оқытыў арқалы мәҳәллелерде турақлы экономикалық орталықты қәлиплестириў де әҳмийетли.

Сондай-ақ, "жетилик" ағзалары менен биргеликте мәҳәллелерде жынаятшылықтың алдын алыў, шаңарақ институтын беккемлеў, жасларды миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў бойынша тәрбиялық ҳәм профилактикалық жумысларды және де күшейтемиз. Әсиресе, ажырасыўлардың алдын алыў, беккем ҳәм турақлы шаңарақларды қәлиплестириў мәҳәлле жумысының әҳмийетли бағдарларынан бири болып қалады. Буннан тысқары, халықтың мүрәжатларын шешиўде мәҳәллелердиң имканиятын және де кеңейтиў, үйме-үй ислесиў принципин терең енгизиў ҳәм машқалаларды жедел шешиў бойынша санлы механизмлерди әмелиятқа енгизиў әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып қалады.

Ең әҳмийетлиси, мәҳәлле жумысында жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў, белсенди пуқаралар, нураныйлар ҳәм жасларды мәҳәлле турмысына және де жедел тартыў арқалы жәмийетте аўызбиршилик ҳәм тилеклеслик орталығын беккемлеўге айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр. Мәҳәлле раўажланса, жәмийет беккемленеди, мәҳәлле абат болса, журт абат болады. Усы мәниде, 22-мартты тек ғана Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни емес, ал ийгиликли қәдириятлардың салтанаты сыпатында белгилеў ҳәр биримиз ушын жоқары мәртебе болып есапланады.

Қаҳрамон ҚУРОНБОЕВ,

Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы баслығы,

сиясий илимлер докторы, профессор